Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:06:37, 26.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САНААТ КООПЕРАЦИЯСЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ҲӘМ ТАЛАП ЖОҚАРЫ БОЛҒАН ӨНИМЛЕР ИСЛЕП ШЫҒАРЫЎДЫ КЕҢЕЙТИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жергиликли ҳәм сырт ел базарларында талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыў ушын са­наатта кооперациялық байланысларды раўажландырыў, хожалық жүргизиўши субъектлер арасында өз-ара бирге ислесиўге қолайлы шараятлар жаратыў елимиз экономикасын жедел раўажландырыўдың ең әҳмийетли шәртлери болып табылады.

Ишки базардағы зәрүрликлердиң көлемлерин таллаў мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели механизм­лерин әмелге асырыў ар­қалы санаат кооперациясын ҳәм талап жоқары бол­ған товарлардың айырым түрлерин ислеп шығарыўды кеңейтиўде пайдаланылмай атырған имканиятлар бар екенин көрсетпекте.

Санаат өнимлерин ислеп шығарыўды буннан былай да кеңейтиў, киши бизнес субъектлерин санаат жумысына кеңнен тартыў, санаат кооперациясын беккемлеў ҳәм раўажландырыў, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң өзине түсер баҳасын азайтыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер республикалық санаат кооперациясын раўажландырыўдың узақ мүддетке мөлшерленген тийкарғы бағдарлары деп есап­лансынF

санаат өнимлери базарының барлық қатламларындағы хожалық жүргизиўши субъектлерди мақсетли тартыў, барлық мәпдар топарларға республикада ислеп шығарылып атырған санаат өнимлериниң түрлери, техникалық cыпатламалары ҳәм сапа көрсеткишлери ҳаққында толық мағлыўмат бериў арқалы программалық илажларды әмелге асырыў және турақлы түрде санаат ярмаркаларын өткериў;

шериклер табыў, хожалық, соның ишинде, узақ мүддетли бирге ислесиў байланысларын жолға қойыўдың әҳмийетли қуралы сыпатында электрон кооперация порталының жумысын шөлкемлестириў, онда санаат өнимлерин жеткерип бериў бойынша хожалық шәртнамаларын (контрактларды) оперативлилик пенен аралықтан турып дүзиў имканиятын усыныў;

технопарклер ҳәм киши санаат зоналарын шөлкемлестириў, мәмлекетлик сатып алыўлар системасы арқалы жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын турақлы талапты қәлиплестириўди нәзерде тутатуғын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў.

  1. 2019-жылы исбилерменлик субъектлери тәрепинен өзлестирилиўи усыныс етилетуғын таяр өнимлер, комплектлеўши буйымлар, шийки зат ҳәм мате­риаллардың жаңа түрлериниң дизими (кейинги орынларда — Дизим) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Дизим Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң қарары бойынша ҳәр ярым жылда кеминде бир мәрте төмендеги усыныслар тийкарында жаңаланатуғыны белгилеп қойылсын:

республика регионларының тәбийғый, минерал-шийки зат, өндирис ҳәм мийнет потенциалы, тийисли инфраструктурасы, импорт етилип атыр­ған өнимлердиң көлемлери, қурамы ҳәм номен­клатурасы, сондай-ақ, иске қосылып атырған ири өндирислик қуўатлықларының келешектеги зәрүрликлеринен келип шыққан ҳалда, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигиниң усыныслары;

сыртқы базарлардың конъюнктурасына муўапық түрде Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң усыныслары;

инновациялық идеялар, исленбелер ҳәм техноло­гиялар, соның ишинде, ҳәр жылы өткерилетуғын Халықаралық инновациялық ярмарка даўамында усынылған инновациялық идеялар  тийкарында Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң усыныслары;

монополияласыў ҳәм бәсеки орталығын раўажландырыў, өз-ара бири-бириниң орнын толықтыратуғын товарлар ҳәм баҳа факторын есапқа алған ҳалда ишки базардың товарлар менен байытылыў дәрежесин баҳалаў тийкарында Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетиниң усыныслары.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Дизимге киргизилген жойбарларды әмелге асырыў ушын, соның ишинде, Тиккелей инвести­циялар қорының қатнасыўында инвестицияларды тартыў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Қаржы министрлигиниң төмендегилерди нәзерде тутатуғын экономикада талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў системасын эксперимент тәризинде енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:

а) пайдаланылмай атыр­ған имарат ҳәм объект­лер тийкарында жаңа жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, техно­парклерди қурыў;

б) дәслеп, Дизим бо­йынша жаңа өним түрлерин таярлайтуғын өндирислерди жайластырған ҳалда «Ташкент механика заводы» АЖның пайдаланылмай атырған өндирислик майданлары ҳәм аймағы тийкарында технопарк шөл­кемлестириў;

в) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен жойбарды әмелге асырыўға алынған кредиттиң 50 проценттен көп болмаған муғдарына кепиллик бериў ҳәм Дизим бойынша өним ислеп шығарыўды әмелге асырыў ушын коммерциялық банклердиң кредитлериниң процент ставкаларын 5 процентке шекем қаплаў тәризинде мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин әмелге асырыў.

  1. «Ташкент механика заводы» АЖның пайдаланылмай атырған өндирислик майданлары ҳәм аймағы тийкарында технопарк шөл­кемлестириўдиң қаржыландырыў дәреклери етип 2019-жылға мөлшерленген инвести­циялық бағдарламада еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарында зәрүр инфраструктураны қурыў ушын нәзерде тутылған 50 миллиард сум муғдарындағы орайласқан қаржылар белгиленсин.
  2. Әмелдеги өндирислерди кеңейтиў ҳәм санаат өнимлериниң жаңа түрлерин ислеп шығарыўды өзлестириў бойынша комиссияның (кейинги орынларда — Комиссия) қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Комиссияның жумысшы уйымы етип Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат минис­трлиги белгиленсин.

  1. Комиссияға (Б.А.Ходжаев):

талап жоқары болған өнимлер, соның ишинде, тутыныў товарларының дизимин, әмелдеги өндирислерди кеңейтиў ҳәм өнимлердиң жаңа түрлерин ислеп шығарыўды өзлестириў механизмлерин белгилеў, олар тийкарында ислеп шығарылған инвестициялық жойбарларды ҳәр жылы тастыйықланатуғын мәнзилли дизимлерге киргизиў;

Дизимде көрсетилген өнимлерди ислеп шығарыўды өзлестириўди өз ўақтында әмелге асырыў бойынша тәсиршең илажлар көрген ҳалда, бул процесслерди мониторинг етиў ҳәм қадағалаў, сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды тоқтатыў ҳаққында қарар қабыл етиў ҳуқықы берилсин.

  1. 2019-жыл 1-июльден сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) жергиликли жеткерип бериўшилердиң қатнасыўын ҳәм баҳаның қәлиплесиўинде ашық-айдынлықты тәмийинлеў ушын мәмлекетлик бу­йыртпашылар тәрепинен импорт товарларын сатып алыў ҳаққындағы мақсетлер мәмлекетлик сатып алыўлардың арнаўлы мәлимлеме порталына да жайластырылады;

б) үш ямаса оннан артық қатнасыўшылар — жергиликли ислеп шығарыўшылар болған жағдайда мәмлекетлик сатып алыўлар буйыртпашының таңлаўы бойынша жергиликли ислеп шығарыўшылар арасында әмелге асырылыўы мүмкин;

в) буйыртпашыларға Дизимдеги өнимлерди сатып алыўда инвес­торға, сапа бойынша, келисилген техникалық ҳәм баҳа көрсеткишлерине әмел етиў шәрти менен, жеткерип бериў ўақтынан баслап еки жыл даўамында өнимниң мәмлекетлик сатып алыўлар сис­темасы арқалы сатып алыныўына кепиллик беретуғын арнаўлы контрактларды таңлаўдың тәртип-қағыйдалары арқалы дүзиў ҳуқықы бериледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Қаржы министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Мәмлекетлик статистика комитети, Монополияға қарсы гүресиў комитети, «Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасы» АЖ менен биргеликте алты ай мүддетте мәмлекетлик сатып алыўлардың арнаўлы мәлимлеме порталы менен инте­грацияласқан электрон кооперация порталын ислеп шықсын ҳәм оны қоллап-қуўатлаўды тәми­йинлесин. Онда төмендеги имканиятлар нәзерде тутылсын:

а) бир неше критериялар ҳәм көрсеткишлер бойынша излеў имканиятына ийе болған, турақлы жаңалап барылатуғын және төмендегилер ҳақ­қындағы мағлыўматларды қамтып алатуғын мағлыўматлар базасын қәлиплестириў ҳәм жайластырыў:

10 белгиден ибарат СЭЖ ТН кодлары менен өз-ара байланыслы ҳәр өним түри бойынша товар базарының көлеми (өндирис, импорт, экспорт көлеми) ҳаққында;

жергиликли кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимниң номенклатурасы, оның техникалық ҳәм баҳа көрсеткишлери, сондай-ақ, санаат кооперациясын орнатыў бойынша усынысларды сәўлелендирген ҳалда, бул кәрханалар ҳаққында;

мәмлекетлик ҳәм кооперативлик буйыртпашылар, сондай-ақ, страте­гиялық қарыйдарлардың талапларын қанаатландырыў мақсетинде келеси дәўир ушын сатып алыў режелери ҳәм реже-графиклер ҳаққында;

жергиликли кәрханалар тийкарында өндирис усынылып атырған өзлестирилиўи перспективалы өнимлердиң түрлери ҳаққында;

б) кәрханалар тәрепинен керекли формалар онлайн режиминде еркин толтырылыўы арқалы жергиликли кәрханалар ушын мәлимлемени мағлыўматлар базасына бийпул киргизиў имканияты;

в) кәрханалар, жеткерип бериўшилер ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында интерактив бирге ислесиўдиң имканияты;

г) порталдың статистика, бажыхана, салық ҳәм қаржы уйымларының мағлыўматлар базалары менен интеграцияласқанлығы.

Дизим электрон кооперация порталында, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигиниң рәсмий веб-сайтында бийпул тийкарда мәжбүрий түрде жәрияланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер электрон кооперация порталына тийисли мәлимлемелер дурыс ҳәм анық киргизилиўи ҳәм оны өз ўақтында жаңалап барыўы ушын жуўапкер етип бел­ги­ленсин:

республикада ислеп шығарылып атырған санаат өнимлериниң көлеми ҳәм техникалық параметр­лери бойынша — Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат минис­трлиги, Мәмлекетлик статистика комитети, Саўда-санаат палатасы, «Өзстандарт» агентлигиниң аймақлық бөлимлери;

санаат өнимлериниң импорты бойынша — Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети;

келеси дәўир ушын мәмлекетлик сатып алыўлардың жоба-графиклери ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлардың өткен жылғы әмелдеги көлеми бойынша — Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, устав фонды (капиталы)ндағы мәм­лекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан зыят болған юридикалық шахслар;

жергиликли кәрханалар тийкарында ислеп шығарыў усыныс етилип атырған өзлестирилиўи перспективалы өним түрлери бойынша — Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги:

усы қарардың 10-бәнтинде көрсетилген мағлыўматлардың электрон кооперация порталына өз ўақтында ҳәм толық киргизилиўи үстинен қадағалаўды тәмийинлесин;

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисе отырып Санаат ярмаркалары ҳәм электрон кооперация порталының жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын;

еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Мәмлекетлик статистика комитети, «Өзстандарт» агентлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте электрон кооперация порталына киргизилетуғын, соның ишинде, республикада ислеп шығарылатуғын санаат өнимлериниң, сондай-ақ, хожалық жүргизиўши субъектлердиң зәрүрликлери ушын импорт етилетуғын (СЭЖ ТН коды 10 белгиден ибарат) өнимлердиң көлеми ҳәм техникалық пара­метрлери ҳаққындағы мағлыўматларға қойылатуғын талапларды ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. Төмендегилерге:

экономика ҳәм санаат министри Б.А.Ходжаевқа — санаат тараўындағы хожалық жүргизиўши субъектлер арасында кооперациялық байланысларды кеңейтиў, Дизимге киргизилген таяр өнимлер, комплектлеўши буйымлар, шийки зат ҳәм материаллар ислеп шығарыўды раўажландырыў процесин муўапықластырыў, сондай-ақ, электрон кооперация порталының жумыс ислеўи, экономикада талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў системасын енгизиў бо­йынша экспериментти нәтийжели әмелге асырыў бойынша;

инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.У.Умурзоқовқа — инвес­торларды излеў ҳәм оларды еркин экономикалық зоналарға жайластырыў, биринши гезекте, Дизимге киргизилген өнимлерди өзлестириў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, экономикада талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўды өзлестириў бойынша;

«Өзбекстан Республикасы Товар-шийки зат биржасы» АЖ баслығы Ф.Ф.Ибрагимовқа — электрон кооперация порталын жаратыў ҳәм оның мәмлекетлик сатып алыўлардың арнаўлы мәлимлеме порталы менен интеграцияласыўын тәмийинлеў бойынша;

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының баслығы А.И.Икромовқа — республикада ислеп шығарылып атырған товарлар, жумыслар ҳәм хызметлердиң санаат ярмаркасын шөлкемлестириў, хожалық жүргизиўши субъектлерди сатып алыў жумысына тартыў, сатып алыў операцияларының турақлы түрде жаңадан шөлкемлестирилип атырған электрон кооперация порталы арқалы өткерилиўи бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы усы қарардың мазмуны ҳәм қағыйдалары ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги:

бир ай мүддетте «Ташкент механика заводы» АЖның пайдаланылмай атырған өндирислик майданлары ҳәм аймағы тийкарында технопарк жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы ҳүкимет қарарының жойбарын Минис­трлер Кабинетине киргизсин;

бир ай мүддетте Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, сондай-ақ, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар, хожалық жүргизиўши субъектлер менен биргеликте әмелдеги өндирислерди кеңейтиў ҳәм талап жоқары болған санаат өнимлерин ислеп шығарыўды өзлестириў бойынша «жол карта»ларын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;

үш ай мүддетте «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы нызамға сатып алыўдың тәртип-қағыйдаларын буннан былай да жетилистириў, олардың ашық-айдынлығын арттырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизиў бойынша усынысларды киргизсин;

еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

бир ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.К.Саидоваға жүкленсин.

 

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2019-жыл 1-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF