УРЫС ҚАТНАСЫЎШЫЛАРЫ ҲӘМИЙШЕ ИТИБАРДА
Усы жыл 6-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан пайтахтымызда жасайтуғын Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына байрам саўғаларын тапсырды.
Республикамыз басшысы дәслеп «Халықлар дослығы» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, урыс ҳәм мийнет ветераны Нурылла Абдуллаевтың шаңарағында болып, 9-май — «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни», сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 74 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Усы мүнәсибет пенен Президентимиздиң байрам қутлықлаўын, Өзбекстан Республикасы Президенти атынан 7 500 000 (жети миллион бес жүз мың) сум муғдарында ақшалай сыйлықты салтанатлы жағдайда тапсырды. Сондай-ақ, Нөкис қаласы ҳәкимлиги, ҳуқық қорғаў уйымлары, жәмийетлик шөлкемлердиң атынан да саўғалар тапсырылды.
— Бүгин урыс жылларының қосық ҳәм намаларына ойынға түсип бир жасарып қалдым,-дейди нураный атамыз Нурылла Абдуллаев. — Елимизде биз урыс ҳәм мийнет ветеранлары ҳәмийше итибардамыз. Бул ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремен.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театры, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры артистлериниң, көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы урыс жылларының қосық ҳәм намалары ветеран аталарымыздың урыс жылларындағы мәртлик ислерин еске түсирди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов усы күни сондай-ақ, Нөкис қаласы «Шығыс» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, урыс қатнасыўшысы Назарбай ата Тәжибаевтың шаңарағында да болып, оған Президентимиздиң байрам қутлықлаўын, Өзбекстан Республикасы Президенти атынан 7 500 000 (жети миллион бес жүз мың) сум муғдарында ақшалай сыйлық, баҳалы саўғалар тапсырды.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.