ИШКИ ИСЛЕР УЙЫМЛАРЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИНЕ ТУРАҚ ЖАЙ ҲӘМ ХЫЗМЕТ АВТОМАШИНАЛАРЫ ТАПСЫРЫЛДЫ
Усы жыл 6-май күни Нөкис қаласындағы «Нур» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымларының 90 хызметкерине жаңа турақ жайды пайдаланыўға тапсырыў салтанаты болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, жыйналғанларды 9-май — «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни», Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 74 жыллығы, сондай-ақ, жаңа турақ жайдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында елимизде жынаятшылықтың алдын алыў, ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў, халқымыздың тыныш және абадан турмысын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы бийлиги тийкарында Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымларының қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсы шөлкемлестирилип, Нөкис қаласында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша «Қәўипсиз қала» концепциясы әмелге асырылмақта. Усындай илажлар нәтийжесинде республикамыз аймағында быйылғы жылдың өткен дәўиринде жынаятшылықтың 30 процентке азайыўына ерисилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 29-июньдеги «Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң турақ жай шараятларын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, узақ мүддетли, жеңиллетилген кредит есабынан 5 қабатлы 3 турақ жайдың қурылысы питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды. Улыўма баҳасы 12 миллиард 784 миллион сум болған турақ жайдың қурылысы «Нөкис Туран қурылыс» ҳәм «Нөкис искер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен сапалы етип, қурып питкерилди.
Илажда Арқа-Батыс әскерий округи сәркардасы, полковник Д.Чориев, «Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, жаңа турақ жай ийелери атынан Кегейли районлық ишки ислер бөлими жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшесиниң баслығы Қ.Муратов, Тақыятас районлық ишки ислер бөлими ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы С.Сейилханова шығып сөйлеп, ишки ислер уйымлары хызметкерлерине итибары ҳәм ғамқорлығы ушын Президентимизге өз миннетдаршылығын билдирди.
Илаж қатнасыўшылары жаңа турақ жайда жаратылған шараятлар менен танысты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.