Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:04:15, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚОРШАҒАН ОРТАЛЫҚТЫ ҚОРҒАЙЫҚ

Халқымыздың қоршаған орталыққа болған мүнәсибетин күшейтиў, экологиялық мәдениятын раўажландырыў, сондай-ақ, тәбиятты қорғаў бағдарындағы нызамлар менен ҳүкимет қарарларының мазмун-әҳмийетин түсиндириў, аймағымызда жүз берип атырған машқалаларды жумсартыў бойынша ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсият жумыслары алып барылып, халық арасында ушырасыўлар шөлкемлестирилмекте.

Ана-тәбият ҳәр қыйлы зыянлы затлар, ийис газлери, завод-фабрикалардан шығып атырған түтинлер, шығындылардан зыянланып, жәбир көреди. Биз инсанлар қәлегенимизше, кеўлимиздиң күсегенинше тәбият­қа өз кесиримизди тийгиземиз. Лекин, бир күн келип, тәбияттың ғәзеби қайнап, шыдамы таўсылған ўақтында инсаннан өш алатуғынын, жәбирленетуғынымызды билмеймиз. Билгенимизде болса кеш болады. Бирақ, әмелге асырылып атырған профилактикалық жумыслар, рейд илажларына қарамастан, битум,  масақлы ҳәм қамыс, жапырақларды өртеў жағдайлары  анықланбақта. Әпиўайы деп қарайтуғын, бир ғана гүзги жапырақларды өртеў ўақтында 1 гектар майдандағы масақлы дән пақалы жанғанда атмосфера ҳаўасына 500 г. азот оксиди, 379 г. углеводород, 3 г. күл, 20 кг. зәҳәрли газлер бөлинип шығады. Топырақтың қурамы бузылып, эрозия күшейеди ҳәм нәтийжеде оның өнимдарлығы кемейеди, 1 терек жапырағы жанғанда атмосфера ҳаўасына 30 кг. углерод оксиди (СО) бөлинип шығады. Битум жағылғанда оннан ажыралып шыққан қурым адам организминде туберкулёз ҳәм рак кеселлигин келтирип шығарады. Мәмлекетлик қорғалыўдағы ҳайўанат дүньясына, атап айтқанда, қадаған етилген қырғаўылларды аўлаў, боян тамырларын нызамсыз түрде қопарып алыў, балықларды аўлап, браконьерлик пенен шуғылланыў сыяқлы фактлер көплеп анықланбақта. Көшелерди  абаданластырыў, мәкеме, кәрхана, оқыў орынларының тазалығын сақлаў, шығындыларды алып таслаў ­ бүгинги бәҳәр мәўсиминиң кешиктирип болмайтуғын, әҳмийетли ўазыйпасы.

Мәмлекеткетимиздиң байлығы болған тәбиғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын сақлап қалыў, қоршаған орталықты ҳәр қыйлы шығындылар менен патасланыўының алдын алыў мақсетинде комитетимиз инспекторлары тәрепинен қадағалаў жумыслары даўам етеди.

У.МЫРЗАНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў

комитетиниң жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў бөлиминиң инс­пекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF