«ҚАРАБАЙЛЫ» АЎЫЛЫНДАҒЫ КИТАП БАЙРАМЫ
Усы жыл 19-март сәнесинде өткерилген видеоселектор мәжилисиндеги Президентимиздиң халық ҳәм жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша берген усынысы елимиз бойлап қоллап-қуўатланбақта.
«Өзим оқыған мектебиме китап саўға етемен» акциясында бир қатар жәмийетлик шөлкем ўәкиллери өзлери билим алған мектеплеринде болып, оқыўшыларға китаплар саўға етпекте.
Акция шеңберинде «Қарақалпақстан жаслары» газетасының бас редакторы Сағындық Жаниев, «Устаз жолы» газетасының бас редакторы Гүлжәҳән Тажетдийнова, Шоманай районы «Қарабайлы» мәкан пуқаралар жыйынындағы аўыллық шыпакерлик пункти меңгериўшиси Бахыт Бегманов, Хожели районындағы 34-санлы мектеп директоры Таңирберген Қосбергеновлар өзлери оқыған Шоманай районы «Қарабайлы» мәкан пуқаралар жыйынындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебине барып, китаплар саўға етти. Китаплар арасында уллы жазыўшы ҳәм шайырлардың шығармалары менен бирге өзлери дөреткен китаплар да орын алған.
Бүгин усы дәргайды ҳәр қыйлы жылларда оқып питкерген, түрли тараў ўәкиллери мийманда болып, көплеген китапларды саўға етти. Бизлер буннан оғада қуўанышлымыз, дейди мектеп директоры Е.Тажетдийнов. Ҳәзирги ўақытта мектебимизде 203 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Олар район ҳәм республика көлеминде өткерилип атырған ҳәр қыйлы таңлаў ҳәм жарысларға белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Атап айтқанда, быйылғы оқыў жылында пәнлер олимпиадасында тарийх пәнинен 10-класс оқыўшымыз Ж.Бекбаўлиев районлық басқышта биринши орынды ийелеп, республикалық басқышқа қатнасып қайтты. Соның менен бирге, билимлер беллесиўинде 6-класс оқыўшыларымыздан М.Абдикаримова тарийх пәнинен биринши, биология пәнинен М.Жумамуратова ҳәм математика пәнинен А.Теңелбаевлар жоқары балл топлап, районлық басқышта үшинши орынды ийелеўге миясар болды. Әлбетте, бул жетискенликлер жәмәәтимиз мақтанышы есапланады. Сондай-ақ, усы мектепте оқып, бүгинги күни «Тақыятас дән өнимлери» акционерлик жәмийетиниң баслығы болып ислеп атырған Ж.Өтемуратов, «Қарабайлыгүриш» АЖ баслығы А.Турдышов, Нөкис спорт колледжи директоры ҳәм Нөкис қаласы ҳәкими орынбасары лаўазымында ислеген А.Абдикаримов ҳәм басқа да питкериўшилер республикамыз халық хожалығының түрли тараўларында жемисли мийнет етип атыр.
Әлбетте, бул саўға етилген китаплар китапқумар жаслардың санын арттырып, оқыўшыларды ийгиликли ҳәм уллы ислерге шақырыўға хызмет етеди. Өз гезегинде мектеп оқыўшылары мийманларға миннетдаршылық сыпатында И.Юсупов ҳәм басқа да шайырлардың дөретпелеринен қосықлар оқып берди.
А.ОРАЗОВ,
арнаўлы хабаршымыз.
Шоманай районы.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.
Автордың түсирген сүўрети.