Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:54:49, 08.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УЛЛЫ ШАЙЫР ДӨРЕТИЎШИЛИГИНЕ ҲҮРМЕТ

Усы жыл 3-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылғанының 90 жыллығына бағышланған «Шайырлық шыңы» атамасында әнжуман болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси,  Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Жазыўшылар аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген илаж қатнасыўшылары дәслеп шайыр жасаған шаңарақта болды. Юбилей мүнәсибети менен бүгинги күни Ибрайым Юсупов аты менен аталатуғын көшениң 62-жайына мемориал тахтаның ашылыў салтанатына қатнасты.

Cалтанатлы әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылғанының 90 жыллығы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди.

Буннан кейин Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары М.Ҳожиматов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримовлар шығып сөйлеп, бийтәкирар талант ийеси халқымыздың уллы шайыры Ибрайым Юсуповтың дөретиўишилиги ҳәм оның шығармаларының әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Ибрайым Юсупов XX әсирдеги тек қарақалпақ хал­қының емес, ал пүткил түркий халықлардың да сүйикли шайыры еди. Ша­йырдың дәслепки қосықлар топламы 1955-жылы «Бахыт лирикасы» деген ат пенен жарық көрген болса, өмири даўамында қарақалпақ тилинде жигирмадан аслам, өзбек тилинде алты, рус тилинде алты, буннан басқа қазақ, қырғыз, түркмен тиллеринде қосықлар топламы шықты. Ибрайым Юсупов өзбек шайырлары Миртемир, Зульфия, Еркин Ваҳидов, Абдулла Арипов, авар шайыры Расул Гамзатов, балқар шайыры Қайсын Қулиев, қалмақ шайыры Давид Кугултинов, рус шайырлары Михаил Луконин, Римма Казакова, қазақ шайыры Абдилда Тажибаев ҳәм басқада дөретиўши инсанлар менен дослық қатнаста болып, олардың қосықларын қарақалпақ тилине аўдарды. Өз гезегинде олар да сүйикли шайырымыздың қосықларын ана тиллерине аўдарып, қарақалпақ халқын дүньяға танытты.

Илажда филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жәримбетов  «И.Юсупов дөретиўшилиги ҳәм бүгинги қарақалпақ поэзиясы». Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының оқытыўшысы Қ.Мәмбетов «И.Юсупов дөретиўшилигиниң қарақалпақ поэма жанрын раўажландырыўдағы хызмети» темаларында баянат жасады.

 Әнжуманда мийнет ветераны Қ.Камалов, «Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Уснатдинов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ж.Избасқанов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Н.Аңсатбаев, Қарақалпақстан халық шайыры У.Хожаназаров шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер тараўына қаратып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти. Соның ишинде, Нөкис қаласында И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатының ашылыўы уллы шайырдың дөретиўшилигине болған айрықша итибардың нәтийжеси болып табылады.

Туўған-туўысқанлары атынан ша­йырдың қызы Айжамал Юсупова салтанатлы әнжуман шөлкемлестириўшилерине ҳәм қатнасыўшыларға миннетдаршылық билдирди.

Илаж шайырдың нама қосықларынан дүзилген концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF