Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:38:22, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУЎҒА ШОМЫЛЫЎ  МӘДЕНИЯТЫН БИЛЕСИЗ БЕ?

Нөкис қаласындағы жаслардың басым көпшилиги жазда шомылыў қәделерин билмейди. Нәтийжеде суўға кетип атырғанлар азаймай атыр. Арнаўлы қәнигелер буны күтилмеген бахытсыз ҳәдийсе деп есаплайды. Бул қаншелли дурыс?

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасынан алынған мағлыўматларға қарағанда, 15-июль сәнесине дейин республикамыз бойынша ҳ адам суўға кетип қайтыс болған. Бул өткен 2017-жылға салыстырғанда бир адамға көбейгенлигин көрсетеди. Өлим менен жуўмақланып атыр­ған бул ўақыялардың көпшилиги Нөкис қаласынан ағып өтиўши Әмиўдәрья,  Дослық ҳәм Қаттыағар каналларында жүз бермекте. Усы орында бул жағдайдың буншелли көбе­йип кетиўиниң тийкарғы себеби не, деген саўал туўылады. Бизиңше, бул Нөкис қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер тәрепинен балалар ҳәм жас өспиримлеримиздиң шомылыўы ушын қолайлы шараятлардың жаратып берилмеўи ҳәм тәлим-тәрбия процесиндеги айырым олқылықлар себеп емес пе екен деген мәселе көтериледи.

Әзелден халқымызда ҳәр бир ата-ана балаларын суўда жүзиў, шабандозлық, өнерментшилик, жазыў-сызыў ҳәм басқа да өнерлерге үйретип, бул атадан-балаға мийрас сыпатында өтип келген. Лекин, соңғы ўақытлары елимиздеги базар экономикасына өтиўдеги ғалма-ғалшылықлар себепли ме, бәлким, немқурайдылық па, билмедик, бул әпиўайы тәлим-тәрбия әмеллери ишинде балаларды суўда жүзиўге үйретиў умыт болып бармақта ҳәм бул бахытсыз ҳәдийсе сыпатында рәсмий есабатларда көрсетилип өтилмекте. Бирақ, адам техника емес, саналы инсан ғой. Бизиң ҳәр биримиз шомылыўға ыссыға шыдай алмағанлықтан биле тура бармаймыз ба?

 ШОМЫЛЫЎ  ОРЫНЛАРЫ  ҲАҚҚЫНДА  МАҒЛЫЎМАТ

 Рәсмий мағлыўматларға қарағанда, республикамыз бойынша арнаўлы түрде шөлкемлестирилген пляж, яғный, шомылыў орынлары жоқ. Тек ғана Нөкис қаласы, Беруний ҳәм Хожели районларында спортшылардың жарысларға таярланыўы ушын жабық түрдеги жүзиў бассейнлери жумыс алып бармақта. Атап айтқанда, пайтахтымызда жайласқан Қарақалпақстан Республикасы Физикалық тәрбия ҳәм спорт министрлигине қараслы республикалық суў спорт түрлерине қәнигелестирилген балалар ҳәм өспиримлер спорт мектебинде жүзиў ҳәм синхрон жүзиў бойынша басланғыш таярлық топарларында 236, оқыў-шынығыў топарларында 60 спортшы, Нөкис Олимпия резервлери колледжиниң суў бассейнинде 36 оқыўшы турақлы түрде шынығыўлар алып бармақта. Оларға 11 тренер-оқытыўшылар тәлим береди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 22-январьдағы «2017-2021-жыллардағы Өзбексан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдарлары бо­йынша Ҳәрекетлер страте­гиясы «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм республика Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 5-январьдағы 8-санлы қарарына тийкарланып бүгинги күни бул бассейнлерде халыққа шомылыў бо­йынша төлемли хызметлер көрсетип келинбекте. Атап айтқанда, 4-7 жастағы балалар ушын саатына 4000, айы­на 51672 сум, 8-12 жастағылар ушын 1 саатқа 5000, айына 68896 сум, 13-17 жастағылар ушын саатына 7000, айы­на 86120 сум, ересеклер ушын 1 саатқа 10000, айына 120568 сум муғдарында төлемлер төлеў көрсетилген. Соның менен бирге, шомылыўшылардан медициналық тексериўден өткенлиги ҳаққындағы мағлыўматнама талап етиледи.

Соңғы ўақытлары республикамыз спортшыларының жүзиў бойынша қолға киргизип атырған табыслары әдеўир жақсыланып киятыр. Атап айтқанда, 20l7-20l8-жыллары республикамыз спортшылары Өзбекстан чемпионаты ҳәм халықаралық жарысларда 56 медаль менен сыйлықланған. Соның ишинде Нөкис Олимпия резервлери колледжиниң оқыўшылары Әдилбек Юсупбаевтың жас өспиримлер арасында өткерилген 8X Азия чемпионатында гүмис ҳәм қола медальды, Сәбит Оразбаевтың Өзбекстан чемпионы атағын жеңип алыўы жоқарыда айтып өткен сөзимиздиң дәлили болып табылады. 

 МАШҚАЛА НЕДЕ?

 Бүгинги күни пайтахтымызда 300 мыңнан аслам халық жасайды. Соңғы ўақытлары қалада бой тиклеп атыр­ған зәўлим имаратлар Нөкис­тиң шырайына шырай қосып атырғанлығын ҳешким бийкарлай алмайды. Лекин, қала ҳәкимлиги тәрепинен жаз мәўсиминде халықтың шомылыўы ушын арнаўлы орынлардың шөлкемлестирилмеўи машқала болып қалмақта. Сондай-ақ, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Халық билимлендириў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар, Денсаўлықты сақлаў министрликлери тәрепинен жас әўладтың бүгинги машқалаларын үйрениўдеги жүзеки қатнаслар, «хожакөр­син»ге өткерилип атырған мәжилиспазлық, таңлаўлар өткериў ҳәм буның жуўмағы бойынша есабат тапсырыў, ескише даўам етип атырған жоқ па, деген саўал туўылады. Атап айтқанда, өрт ҳәм жол-транспорт ҳәдийселери, суўда жүз бериўи мүмкин бол­ған қайғылы ўақыялар ҳәм жуқпалы кеселликлер, соның ишинде АИЖСке қарсы гүресиў бойынша республикамызда ҳәр жыл са­йын өтилип атыр­ған оқыў-семинар ҳәм үгит-нәсият жумыслар санының жылдан-жылға көбейиўине қарамастан, бундай аянышлы жағдайлар саны жаслар арасында  еле де жүз бермекте. Бизиңше, бундай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў ушын тийисли шөлкем ўәкиллери тек ғана айырым мәўсимлерде емес, ал, шаңарақ ҳәм тәлим-тәрбия орайларында арнаўлы түрде өмир қәўипсизлиги қағыйдалары ретинде үйретилип барылса, қала ишинде ҳәм әтирапында арнаўлы шомылыў орынлары шөлкемлестирилсе, оларда Айрықша жағдайлар, Ишки ислер министрлиги хызметкерлери халыққа әмелий жәрдем көрсетсе бундай қайғылы ўақыялардың алдын алған болар едик. Усы орында мектеплерде өтилетуғын сабақлықлардың саны көп, оны қайсы пәнниң орнына қоямыз, деген саўаллар туўылыўы мүмкин. Бизиң ойымызша, буның ушын дене тәрбия­сы пәнинде тек ғана шахмат-шашка, футбол, баскетбол үйретиле берместен, Нөкис қаласындағы бассейн­лерге оқыўшыларды алып барып, жүзиў бойынша да сабақлар өтилсе мақул болар еди. Бул бизиң пикиримиз, сиз не дейсиз, әзиз оқыўшы!

 

Әдилбай ОРАЗОВ, 

арнаўлы хабаршымыз.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF