Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:52:39, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАТЕРЕҢ БОЙЛАРЫНАН  ҚАРА ТЕҢИЗ ЖАҒАЛАРЫНА

Қәдеми жеткен халықаралық журналист, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының «O’zbekiston-24» телеканалы Илим, билимлендириў ҳәм мәденият бөлиминиң баслығы Назира МӘМБЕТШАРИПОВА менен сәўбет.

Г.А.: — Инсан пайда бол­ғанлы бир-бири менен қарым-қатнас жасаўдың түрли қураллары ҳәм усылларынан пайдаланып келген. Бул бағдарда XXI әсир барлық дәўирлерди артта қалдырып, глобалласыў процесслеринде бәринен бурын мәлимлеме-коммуникация системасының кең көлемде жетилисиўине еристи.

Түрли дәўирлерде баспасөзден кейин ғалаба хабар қуралларының радио, телевидение сыяқлы түрлери, әсиресе, интернет пайда бол­ғаннан кейин инсаният санасы ҳәм дүньяқарасының түп-тийкарынан өзгергенлигине гүўа болып атырмыз. Инсан ҳәмийше жаңалыққа умтылады. Турмыстағы жаңаланыўларды талқылаў арқалы инсанның еркин пикирлеўи, билим ҳәм тәжирийбеси артып барады.

Биз тарийхтан билемиз, баспасөздиң туңғыш көринислери XV әсирдиң орталарында Европада жүзеге келген. Дәслепки баспа басылымлар китап, брошюра ҳәм листовкалар, XVII әсирдиң басларынан болса газеталар, журналлар басылып шығарыла баслаған. Булардың барлығы радиоеситтириў ҳәм телевидение пайда болғанға шекем адамлар арасында ғалаба қарым-қатнастың, билим ҳәм идеялар тарқатыўдың тийкарғы қуралы сыпатында жетилисип келген.

1906-жылы Халықаралық журналистлер шөлкеми, 1952-жылы Халықаралық журналистлер федерациясы, сондай-ақ, Өзбекстан Журналистлер аўқамының дүзилгенин билемиз.

Африка журналистлериниң басламасы менен 1991-жыл 3-майда еркин баспа­сөздиң ролин арттырыў мақсетинде «Виндхукс» декларациясы қабыл етилген еди. Усы сәне ЮНЕСКО тәрепинен Жәҳән баспасөз еркинлиги күни деп жәрияланып, дүнья бойлап байрам сыпатында кең белгиленип келинбекте.

Бул мағлыўматларға тоқталып отырғанымның себеби, сәўбетимиз әйне Жәҳән баспасөз еркинлиги күнине туўры келип қалғанында. Мен Назира менен журналистика бойынша сәўбетлесиўди жүдә қәлеп жүрер едим. Қарақалпақстанлы журналистлер, әсиресе, журналист қызлар ҳаққында көп сөйлескенбиз. Усы жыл 8-март — Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы салтанатларында Қарақалпақстан тележурналисти Алтынгүл Өтениязоваға Президентимиз «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист» атағын тапсырғанда қарақалпақстанлы барлық журналист қызлар өз мийнетлери баҳаланғандай қуўанды. Солар қатарында Назира да әлбетте, бир қарақалпақ журналист қызы сыпатында жүдә мақтаныш етти.

Қарақалпақстанлы тележурналистлер Амина Қурбаниязова, Диларам Абдуллаева, Сәнегүл Узақбергеновалар Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясында жемисли ислеп келмекте. Назира олардың бирин устаз, және бирин жерлесим, кәсиплесим деп ҳүрмет етеди.

Назира Қарақалпақстанның Тахтакөпир районының «Дәўқара» аўылында туўылып өскен. Ойынға тоймайтуғын, базыда шоқ-шәддес, базыда қыялпараз қыз Назираның балалықтағы әрманлары, умтылыслары бәлким, оның үлкен өмир жолларын белгилеп берген шығар.

Оның 1995-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика бөлимине оқыўға киргендеги, соң оқыўын Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан миллий университетиниң Халықаралық журналистика факультетине өзгерткендеги арзыў-мақсетлерин жүректен сезе аламан. Себеби, инсанның мақсетлери анық, таза, күшли болса ол әлбетте, нийетине жете алады. Назираның өмир жолы ҳәм өз өмирим даўамында буның көп мәрте гүўасы болғанман.

Мақтанып айта аламан, Қаратереңниң мөлдир суўларына жүзин жуўып, Бөршитаў етеклеринен қызғалдақлар, жуўсанның енди көгерген майсаларын терген, кексе тораңғыллардың дузлы самалларға көксин ашып, «машақатлар мени жеңе алмайды» дегендей, қәддин тик тутып, шуўылдап турыўларынан күш-ғайрат алып өскен, мен билген Назира бүгин дүнья менен тиллеспекте.

Мен Назира менен 2005-жылы туңғыш мәрте Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында ушырасқан едим. Биринши сәўбетимизден кейин-ақ менде «Назирадан зор журналист шығады еле» деген исеним пайда болған еди. Мине, соннан берли арадан 15 жылға шамалас ўақыт өтипти. Бүгин мен кеўлимдеги усы исенимниң улғайып, ҳақыйқатқа айланғанына гүўа болып атырғаныма қуўанышлыман. Билемен, 2000-жылы университетти табыслы тамамлап, халықаралық журналист қәнигелиги жазыл­ған дипломды қолына алғанда ең дәслеп, туўылған ата-мәканы, киндик қаны там­ған, оған билим берген, тәрбиялаған Тахтакөпирге исеним менен, мақтаныш етип кирип келген. «Мине, мен жоқары мағлыўматлы болдым, еле сизлердиң исенимиңизди ақлап, үлкен журналист боламан, Қаратерең суўының толқынларын дүнья теңизлери, океанларында көре аламан» деп, кеўлиниң түпкириндеги мақсетлерин және бир мәрте аңлата алған...

***

Бир инсан тәғдири, өмир жолы ҳаққында бир неше минутларда айтып өтиў аңсат, әлбетте. Лекин, сол жыллардың түпкирине нәзер салып қарайтуғын болсақ, ҳәр бир табыстың артында қанша мийнет ҳәм машақатлардың жатырғанын көремиз. Инсан тегис жолда да базыда сүрнигеди. Өмир жоллары болса бәрқулла тегис болған емес. Журналист жуўапкершилиги, әсиресе, тележурналистке қойылатуғын талаплардың да өз салмағы бар. Эфирге узатылып атырған телебағдарламада айтылатуғын ҳәр бир сөздиң мазмун-әҳмийети, сыртқы көринис ҳәм ҳәрекетлердиң темаға сайлығы редактордан үлкен шеберлик, билим, сабыр ҳәм беккем ерк талап етиўи тәбийғый жағдай. Қуўанарлысы сол, Назираның журналистикаға болған ықласы, халықаралық журналист болыўға умтылыслары сту­дент­лик жылларында-ақ басланған мийнет жолында айқын көзге таслана баслаған. Оның 1999-жылы Өзтелерадиокомпанияның «Дослық» бас редакциясының редакторы сыпатында баслаған мийнет жолы, «Ахборот» дирекциясы редакторы, «O’zbekiston» телеканалы «Ахборот» информа­циялық бағдарламалар бас редакциясы Репортёрлар топарының хабаршы-репортёры, 1-категориялы хабаршы-репортёры, «Таҳлилнома» бөлиминиң сиясий шолыўшысы дәрежесине шекем өсип барды. Бүгинги күнде болса оны Қаратерең бойларынан Қара теңиз жағаларына шекем қәдеми жеткен халықаралық журналист, сиясий шолыўшы, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының «O’zbekiston-24» телеканалы Илим, билимлендириў ҳәм мәденият бөлиминиң баслығы сыпатында тек Қарақалпақстанда ғана емес, ал, Өзбекстанда да халқымыз жақсы танымақта.

Айрықша атап өтиў керек, қарақалпақстанлылар ҳәр күни таңнан-ақ өз Назирасын Өзбекстандай бийтәкирар Ўатанымыздың жаңаланыўлары, дөретиўши халқымыздың пидакерлик мийнетлери, күннен-күнге гөззалланып, абаданласып баратырған аўылларымыздың төгин-шашын бағларында ямаса әзиз адамлары арасында көрип атырғанын шексиз мақтаныш етеди. Узақ Тахтакөпирдиң ақбозлақтан келген, тынып-тыншымас, қол-аяғы шаққан,  әпиўайы бир қызының дүнья менен тиллесип атыр­ғанына қуўанады.

Н.М.: — Апа, сиз гүрриңимизди узақ тарийхтан басладыңыз. Балалығым, аўылласларым ядыма түсти. Инсанның өмир жоллары, ондағы ҳәр бир ўақыя яки сен таныған ҳәр бир адам тосыннан емеслигин жақсы түсинемен. Жаратқанның ҳәр биримиздиң тәғдиримизге жазып қойған өмир дәптери бар. Биз бул дәптерге ең таза ҳәм уллы мақсетлеримизди жазамыз, оларға жетиў ушын умтыламыз.  Мине 20 жыллық журна­листлик хызметим даўамында бири қуўанышлы, бири жуўапкершиликли, базыда аўыр, базыда мениң өмирим ушын шешиўши әҳмийетке ийе болған көп ушырасыўлардың гүўасы болғанман. Көплеген инсанлардың тәғдири менен жүзбе-жүз келгенмен. Олардың ҳәр бири эфирге узатылып атырған хабарларға сыймаса да кейин ала үлкен аналитикалық мағлыўматларға тема бола алады. Арасында сондай ушырасыўлар болады, әсирлерге татыйтуғын ўақыялар бир минут ишинде жүз береди.

Дурыс, дүньядағы ең даңқ­лы, соның менен бирге ең машақатлы кәсиплерден бири — бул журналистика. Бүгинги тыныш-татыў заманда бизиң ўазыйпамыз адамларды елимизде алып барылып атырған тынышлық сүйер ишки ҳәм сыртқы сия­сатымыз, жаңаланыўлар менен таныстырыў, олардың сана-сезимин, пикирлеў дүньясын оятыў, Ўатанның биреў екенлигин, кеўиллерде жасап атырған пидайылық үлкен күш екенлигин, басқа бир де адам ғайыптан келип, мәмлекетимиздеги үлкен реформаларды әмелге асыра алмаслығын түсиндириўден ибарат. Елимиздиң тынышлығы, ана топырағымыздың ҳәр бир бөлекшесиниң қәдирине жететуғын, оны көздиң қарашығындай сақлайтуғын заман келди.

Г.А.: — Жүдә дурыс. Бүгинги күнге келип Өзбекстанда «O’zbekiston-24» жаңалықлар телерадиоканалы елимиздиң үлкен-кишиси интизарлық пенен күтетуғын, қызығыўшылық пенен тыңлап, тамаша ететуғын канал­ға айланбақта. Өзбекстанда сырт еллерде хабаршылық пунктлери болған, жаңа форматтағы жаңалықлар журналистикасы тийкарында ислейтуғын бул телеканал Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 2-майдағы қарары менен Миллий телерадиокомпания сис­темасында күни-түни  жумыс алып бармақта.

Бул телеканал халыққа қалыс ҳәм исенимли хабарларды жеткериў, республиканың мәлимлеме орталығын сапалы хабар-аналитикалық материаллар менен байытыў, мәмлекетте ҳәм сырт еллерде сиясат, қәўипсизлик, экономика, мәденият, илим ҳәм спорт тараўларында жүз берип атырған әҳмийетли ҳәдийселерди тезлик пенен жарытыўды тәмийинлемекте. Сондай-ақ, «O’zbekiston-24» телеканалы арқалы пуқараларды қыйнап атырған машқалалар ҳәм де орынлардағы актуал мәселелерди додалаў ҳәм шешиў ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң тийисли басшылары, экспертлер жәмийетшилиги ҳәм академиялық шеңберлер ўәкиллериниң халық пенен ашық ҳәм туўрыдан-туўры пикирлесиўлериниң шөлкемлестирилиўи де үлкен әҳми­йетке ийе болмақта.

Солай екен, бүгин белгиленип атырған Жәҳән баспасөзи күнинде булар ҳаққында қанша тол­қынланып айтсақ та арзыйды.

Н.М.: — Мен өз кәсибимди жүдә сүйемен. Ҳәр жаңа таңда жақты түспестен «O’zbekiston-24» ке жумысқа атланып, Ташкенттиң тас көшелеринен ярым ақшамда шаңарағым қушағына қайтар екенмен, бул шаршаўды билмей жүриўлерим кәсибиме болған муҳаббатым екенин аңлайман. Егер шын мәнисинде терең ойлап қарасам, мәмлекетимиздиң ири сиясий, социаллық, экономикалық ҳәм ағартыўшылық әҳмийетке ийе болған тарийхый ўақыялары арасында болыў, мениң журналист сыпатында ерискен табысым, үлкен бахтым. Елимизде журналистикаға қаратылып атырған итибар күшеймекте, тараўды буннан былай да жетилистириў бойынша алып барылып атырған жумыслар жетилиспекте. Мен ислеп атыр­ған «O’zbekiston-24» телеканалы мине усы итибардың бир көриниси. Булардың барлығы мениң де басқа кәсиплеслерим сыяқлы өз ўазыйпаларыма болған жуўапкершилигимди және де арттырмақта.

Өзиңиз ойлап көриң, мен балалығымда Қаратерең көлиниң суўларына қарап, дүньядағы үлкен теңиз, океанларды көре ал­ғанман. Мениң санама оқыған китапларым арқалы өткен үлкен тәсирлерим бәлким мени халықаралық журналист болыўға, шет тиллерин үйрениўге ийтермелеген шығар. Соның ушын да мен туўылып өскен ата мәканымды Қаратереңнен Қара теңизине шекем алып келе алдым. Түркия, Корея, Қытай, Қазақстан, Түркменстан... Егер буған Өзбекстанымыздың үлкен аймағын да қоссақ, кәсибим себепли бул бийтәкирар журттың барлық жерин гезип шықтық. Үстирт, Ханабад, Бабатаў системасы, Чимган... Қулласы, ҳәр ўәлаяттың өз раўажланыў бағдарламалары, халқының өз үрп-әдетлери, қәдириятлары бар. Исбилерменлик раўажланбақта, Өзбекстанның өз өнимлери дүнья базарларына жиберилмекте...

Әтирапымда устазларым, шәкиртлерим көп. Олар менен бирге эфир ленталарына узатылып атырған әҳми­йетли ўақыялардан ең дәслеп өзимиз хабардар боламыз. Оларды тезлик пенен халыққа жеткизиўимиз ҳәр биримиздиң шеберлигимизге байланыслы, әлбетте...

Г.А.: — Мен бүгин сениң тымсалыңда болажақ қарақалпақстанлы халықаралық журналистлерди  көремен. Олар бүгин халықаралық журналист болыўды, дүнья экранларында турып, өзи туўылып өскен ата мәканының барлық жетискенликлерин мақтаныш пенен шет тиллеринде айтып бериўди әрман етеди. Сениң тымсалың арқалы олар әлбетте, өз мақсетлерине ериседи, деп ойлайман. Ата журт мақтанышы, туўылған мәкан сағынышы... Назира, Тахтакөпирди, Қаратерең жағысларын сағынасаң ба?

Н.М.: — Сағыныш сезимлери айтыўға аңсат. Мен туўылып өскен аўылдың аспаны басқаша. Ол негедур жерге жүдә жақын. Жулдызлар басыңның үстинде турады. Балалығымда аспан толы жулдызлар Қаратерең суўларында шайылып, жарқырап, кейин аспанға шығып кеткендей түйилер еди. Бөршитаў баўырында сағынышларым жасырынып жатыр. Елимиздеги Президентимиз басламасы менен басланған «Абат аўыл» бағдарламасы арқалы мениң аўылымның да абат болыўына исенемен.

Мен сағынып жасайтуғын аўылда көп жыллар алдын көше шаңғытып, узақтан ишимлик суўын тасыйтуғын шоқ-шәддес қыздың қолларында китап, ҳәўли сыпырса сипсеси менен, бағда мийўе терсе мийўелери менен қосылып китап турар еди. Ол китаптағы ҳәр бир қаҳарман жыласа жылап, қуўанса қуўанып жасайтуғын қыялпараз қыз еди.

Бүгин болса узақтан усы қызды сағынып, мени аяйтуғын, қоңыраў етип те тынышлығымды бузыўды қәлемейтуғын, тек жақсы тилеклер тилеп отыратуғын анам бар. Мен анамды сағынып, дийдар мәўритлерин ой­ласам... Өзбекстанның ең шетки аўылында 11 ул-қызды туўып, тәрбиялаған, ақ жуўып, ақ тараған, ҳеш кимнен кем етпей, саламат өсирген, жоқары мағлыўматлы етип, ел-журтына хызмет ислейтуғын бәркамал инсанлар етип тәрбиялаған анажаным деп, көзлериме жас келеди. Ең тийкар­ғысы, оларға ең жоқары пазыйлетлерди, инсаныйлықты, меҳир-мүриўбет туйғыларын сиңдирген, ҳадал жасаўға үйреткен анажаным мениң... Перзентлер бахты, әсиресе, мениң турмыстан тапқанларым анамның өмир дәстанларын жаратты. Усы дәстанлардан заўықланып жасап атырған анамды жүдә сағынаман. Бул сағыныш сезимлери мени және де өз жумысларыма еле де жуўапкершиликли болып, пидайылық пенен мийнет етиўге шақырып турады.

Г.А.: — Рахмет, Назира! Өзбекстан баспасөзи, журналистикасының еле сеннен үмитлери үлкен. Бүгин Жәҳән баспасөзи күнинде кәсиплеслериңе тилеклериң...

Н.М.: — Тек кәсиплеслерим емес, ал, ҳәр күни газета-журналлардан, телерадио хабарларынан өз өмирин байытыўға хызмет ететуғын, мағлыўмат излейтуғын, елдиң раўажланыўынан қәлби қуўанышқа толып жасайтуғын, Ўатан келешегиниң уллылығын сезип жасайтуғын ҳәр бир ўатанласымыздың да байрамы бул күн. Мен олардың ҳәммесин қутлықлайман. Ең жақсы тилеклеримиз болса «O’zbekiston-24» арқалы берилип атырған хабарлар ағымында жаңламақта.

Г.А.: — Бул сәўбетимиз ҳәмийше өмириңди безеп турыўын тилеймен. Өз кәсибиңе болған садықлық, досларың, елиңе болған муҳаббатың өмир жолларыңды жақтыртып, табысларыңды көбейте берсин. Сәўбет ушын рахмет. Саў-саламат бол!

 Қарақалпақстан халық шайыры,

сенатор Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА сәўбетлести.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF