Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:08:55, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕСЛЕЎ ҲӘМ ҚӘДИРЛЕЎ КҮНИНЕ ТАЯРЛЫҚ КӨРИЎ ҲӘМ ОНЫ ӨТКЕРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы  Президентиниң Қарары

Халқымыздың қәдир-қымбатын, ар-намысын, миллий дәстүрлеримизди ҳәм үрп-әдетлеримизди қорғаўда, басып алыўшы ҳәм жаўыз күшлерге қарсы машақатлы гүреслерде ийилмейтуғын ерк-ықрар үлгисин әмелде көрсетип, бүгинги тыныш ҳәм абадан күнлер ушын жанын пида еткен ата-бабаларымыздың муқаддес естелигин еске алып, жақсы ислерин даўам еттириў-бизге тынышлық, аманлық керек деп жасайтуғын кеңпейил халқымызға тән әзелий қәдирият болып табылады.

Пүткил дүньяда миллионлаған инсанлардың қайтыс болыўына себепши бол­ған, мисли көрилмеген жоғалтыўлар, бүлгиншилик ҳәм аўыр қайғылар алып келген Екинши жер жүзилик урыс инсаният тарийхындағы ең қорқынышлы, ең қанлы қырғын болғанын ҳешким умытпайды. Усы аяўсыз урыста қатнасқан 1,5 миллионнан аслам өзбекстанлылардың ярым миллионнан асламы қайтыс бол­ғанын халқымыз ҳеш қашан ядынан шығармайды. Урыстың басланыўы менен фронт аймақларынан Өзбекстанға көширилген бир миллионға шамалас шаңарақ ҳәм балаларды қабыллап, соңғы бир бөлек нанын олар менен тең бөлискен, «Сен жетим емессең» деп өз қушағына алыўы халқымыздың қаншелли адамгершиликли екенин, мийрим-шәпәәтин, жоқары руўхыйлығын айқын көрсетти.

Елимизде 9-май улыўмахалықлық байрам-Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнин кеңнен белгилеў, Екинши жер жүзилик урыста фашизмге қарсы гүресиўге үлес қосқан, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң естелигин мәңгилестириў, барлық ветеранларға ҳүрмет көрсетиў мақсетинде:

  1. Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бағдарламасы (кейинги орынларда Бағдарлама деп аталады) 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.

Еслеў ҳәм Қәдирлеў күниниң кеңнен белгилениўин тәмийинлеў мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң биринши гезектеги ўазыйпасы, барлық Өзбекстан пуқараларының ҳүжданлық ҳәрекети ҳәм дәстүрий миннетлемеси деп белгиленсин.

  1. Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бойынша жумысшы топардың қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Жумысшы топар (А.Арипов):

Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың «Инсан қәдири уллы, еслеў муқаддес», «Мәртлик, парыз ҳәм садықлық» сүренлери астында жоқары  дәрежеде өткерилиўин шөлкемлестирсин;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен  биргеликте Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың сапалы өткерилиўин тәмийинлесин ҳәм орынлар­ға барып, Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине бағыш­ланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге  әмелий жәрдем көрсетсин;

Екинши жер жүзилик урыстың ҳәр бир қатнасыўшысына, фронт арты мийнет ветеранларына, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қурбан болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларына материаллық және руўхый жәрдем бериў мақсетинде тийисли минис­трликлер, ведомстволар ҳәм басқа да шөлкемлер, әскерий бөлимлердиң ўәкиллери бириктирилсин және усы категориядағы шахсларды қутлықлаў ҳәм кеўлин көтериў мақсетинде олардың жасаў орнына басшылардың келиўин шөлкемлестирсин;

бағыўшысы жоқ ҳәм кем тәмийинленген Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының турақ жайын ҳәм үй хожалықларын оңлаў, абаданластырыў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын;

Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине таярлық көриў даўамында Екинши жер жүзилик урыс ҳәм фронт арты мийнет ветеранларын, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс бол­ған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлериниң көрсеткен ерлик, мәртлик ҳәм батырлықтың әҳмийетин кең халық қатламында, әсиресе, жаслар арасында түсиндириў, үгит-нәсиятлаў ҳәм енгизиў бойынша мәдений-руўхый және Ўатанды сүйиўшилик бағдарындағы илажлардың өткерилиўин шөлкемлестирсин;

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына ҳәм майыпларына Өзбекстан Республикасы Президенти атынан ақшалай сыйлықты салтанатлы түрде тапсырсын;

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының өтинишлери тийкарында олар өзлери жаўынгерлик ислерде қатнасқан еллерге бир бақлаўшысы менен сапар етиўин шөлкемлестирсин және усы сапар етиўге байланыслы барлық қәрежетлердиң қапланыўын тәмийинлесин;

Екинши жер жүзилик урыс ветеранларының өтинишлери тийкарында Ялта ҳәм Кисловодск қалаларындағы «Өзбекстан» және республика аймағындағы басқа да санаторийлерге бир бақлаўшысы менен бирге бийпул жибериўди шөлкемлестирип, оларды керекли авиа ҳәм темир жол билетлери менен тәмийинлесин;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы белгиленген орынларда Екинши жер жүзилик урыс ўақтында әскерий техникалардың көргизбесин шөлкемлестирсин;

Жеңиске өз үлесин қосқан, Ўатанымыздың ғәрезсизлиги ушын жанын, күш-қуўатын аямаған ҳәр бир ветеранның, ҳәр бир адамның естелиги мәңгилестирилиўин, оларға мүнәсип ҳүрмет-иззет көрсетилиўин тәми­йинлесин.

4.Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, «Нураный» қоры, «Мәҳәлле» қайырқомлық қоры, Өзбекстан жаслар аўқамы менен биргеликте:

ўәлаят, қала ҳәм районларда Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша комплексли илажларды ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын;

Екинши жер жүзилик урыс ўақтындағы композициялардың инсталляциясы, соның ишинде, урыс жылларының қосық ҳәм намалары, дастурхан жайыў ҳәм тийисли шараятларға байланыслы илажларды шөлкемлестирсин;

көшелерди ҳәм майданларды Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине бағышланған плакатлар ҳәм стендлер менен безеўди тәмийинлесин.

  1. Өткерилетуғын бағдарлама илажлары және елимиздиң түрли аймақларында жасайтуғын Екинши жер жүзилик урыс ҳәм фронт арты мийнет ветеранлары ўәкиллерин Ташкент қаласында болып өтетуғын тийкарғы мәресимлерге темир жол ямаса автомобиль транспортында келип-кетиўи, мийманханаларда жайласыўы, аўқатланыўы, мәдений дем алыўына байланысы қәрежетлер, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда тийисли кийим-кеншеклер менен тәмийин­ленетуғыны:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда — жергиликли бюджетлер және қәўендерлик есабынан;

Ташкент қаласында — Өзбекстан Республикасы республика бюджетиниң ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң қаржылары есабынан тең үлеслерде қапланатуғыны белгилеп қо­йылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Ташкент қаласында 2018-жыл 9-май 21.00 де Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине бағышлан­ған байрам салютын шөлкемлестирсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер минис­трлиги ҳәм Миллий гвардия салтанатлы илажлар өткерилетуғын орынларда жәмийетлик тәртипти ҳәм қәўипсизликти тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, «Дүнья» миллий агентлиги басқа да ғалаба хабар қураллары Еслеў ҳәм Қәдирлеў күнине бағышланған илажлардың кеңнен сәўлелендириўди, тематикалық илажлар, телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтриўлерди шөлкемлестириўди тәми­йинлесин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2018-жыл 16-апрель.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF