ИШКИ ИСЛЕР МИНИСТРИ ЖАСЛАР АРАСЫНДА
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник Бахтияр Төребеков студент-жаслар менен ушырасты.
Республикамызда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ең алды менен, халқымыздың абаданлығын арттырыў, тынышлығын сақлаў, пуқараларымыздың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, халықтың, әсиресе, жаслардың қәбилетлерин жүзеге шығарыўға, бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Усындай реформалардың негизинде республикамызда да тараўға жоқары кәсиплик шеберликке ийе, өзине тапсырылған ўазыйпаларға шын кеўилден қатнас жасайтуғын, мәнаўий жетик ҳәм жуўапкершиликли кадрларды тартыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Усы мақсетте ҳәр бир жоқары оқыў орнында профилактика инспекторы лаўазымы енгизилип, оған ҳәр бир факультеттен 2 студент профилактика инспекторы жәрдемшилери сыпатында бекитилди.
— Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының профилактика инспекторы лаўазымында жумыс баслағанымнан берли студентлер тәрепинен жынаят исленген жоқ. Турақлы түрде олардың машқалаларын үйрениў, олар менен бирге ислесиў арқалы усы көрсеткишке еристик деп ойлайман, -дейди институт бойынша профилактика инспекторы, капитан Баҳадыр Машарипов. — Жаслар менен ислесиўде тьюторлардың ҳәм жақында енгизилген профилактика инспекторы жәрдемшилериниң хызмети үлкен болып, олар менен бирге студентлер арасында жынаятлардың алдын алыў бағдарында анағурлым жумыслар әмелге асырылды.
Илажда Қарақалпақстанда июль айының басында жүз берген ўақыялардың ақыбетлери ҳаққында таярланған видеоролик жыйналғанлардың итибарына усынылды.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.