Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:44:22, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ МӘПИ УШЫН ХЫЗМЕТ ЕТЕДИ

Елимизде соңғы жыллары инсан қәдири ушын әмелге асырылып атырған жумыслар мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң раўажланыўын жаңа бас­қышқа алып шықпақта.

Жаңа Өзбекстанның бул бағдардағы жумыслары, әмелге асырылып атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар халықтың ҳәр қыйлы тайпалары, әсиресе, ҳаял-қызлар менен жасларға көрсетилип атыр­ған итибар халқымыздың жәмийетлик сиясий белсендилиги ҳәм интакерлигин арттырып, оны жаңа шеклерге қарай алға умтылдырмақта. Бунда кәсиплик аўқамларының да салмақлы үлеси бар, десек қәтелеспеген боламыз.

Елимизде 11-ноябрь — Кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен ҳәр жылы арнаўлы байрам илажлары өткериледи.

— «Жаңа Өзбекстан жаңа Кәсиплик аўқамлары» идеясы шеңберинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта,-дейди кеңестиң мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт ислери бөлиминиң баслығы Г.Тлепов. — Атап айтқанда, 736 басланғыш шөлкемде илажлар өткерилип, оған 46 мыңға шамалас адам қатнасты. Орынларда 38 спорт жарыслары өткерилип, 472 кәсиплик аўқамлары белсендилеринен хабар алынды. 3320 туристлик саяхат, 16 китапқумарлық кешелери шөлкемлестирилди.

Кәсиплик аўқамлары тәрепинен 924 мийнет ветеранына, кем тәмийинленген ҳәм көп балалы шаңарақларға, 4179 ҳаял-қызға ҳәм жәрдемге мүтәж болған ҳәм аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға руўхый ҳәм материаллық жәрдемлер көрсетилди. Мийнет жәмәәтлериндеги 1231 хызметкердиң перзентлери ушын оқыў қураллары, китаплар алып берилди. Сондай-ақ, 1463 пенсиядағы нураныйлар ҳәм «Ветеранлар кеңеси»ниң ағзалары, 1 екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы, 13 мийнет фронты ветеранларынан хабар алынып, 7 хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс бол­ған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларына материаллық жәрдемлер көрсетилди.

«Ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмасын» акциясы шеңберинде Нөкис қаласындағы ҳаял-қызлар ушын ҳәм Шымбай районындағы ерлер ушын «Мүриўбет үй»лерине, Тақыятас санаторийси ҳәм майыплығы болған инсанларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайына кәсиплик аўқамлары тәрепинен қәўендерлик жәрдемлер көрсетилди.

 «Өзбекстан бойлап саяхат ет» ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша республикамыздағы дыққатқа ылайық орын­ларға 13167 ҳәм тарийхый қалаларға 3520 хызметкердиң ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының саяхатлары шөлкемлестирилди. Соннан, 538 ин жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызлар ҳәм ветеранлар қурайды.

Кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс ислейтуғын хызметкерлердиң жәми 15242 си театр ҳәм музейлерге алып барылды.

Жазғы мәўсимде республикамыз бойынша жәми 11 стационар дем алыў орайларында 7485 адам дем алып, денсаўлығын тикледи. Республикамыздан жәми 2426 бала ўәлаятлардағы стационар түрдеги дем алыў орынларында бийпул дем алдырылды ҳәм саяхатлары шөлкемлестирилди.

«Биз бир елмиз, бир халықпыз! Бир Ўатанның перзентлери, бүгинги ҳәм келешегимиз!» идея­сын өзинде жәмлеген республикамыз жасларының Әндижан ўәлаяты бойлап еткен саяхаты оғада мазмунлы болды. Олар дем алысын Балықшы районында жайласқан «Шаббода шифо» балалар саламатландырыў дем алыў орайында дем алды.

Кеңес тәрепинен бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF