Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:25:39, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚ КЕЎЛИНДЕГИ ШАЙЫР ЯДҚА АЛЫНДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр, журналист, марҳум Өмирбай Ембергеновтың туўылғанына 80 жыл толыўы мүнәсибети менен «Өмири өрнек болған инсан» атамасында еслеў кешеси болып өтти.

Онда Ө.Ембергеновтың «Сулайман Бақырғаний Ҳәким ата» китабының презентациясы да өткерилди.

«Өзбекстан Халық билимлендириўиниң ағласы» көкирек белгисиниң ийеси, шайыр Ө.Ембергенов «Бирликли Қоңырат еллерим барды», «Кеўил тербелислери», «Сизлерге айтпақшы болғанларым» ҳәм тағы да басқа ҳәр қыйлы жанрдағы 10 нан аслам китаплардың авторы. Елимизде миллий әдебиятты раўажландырыўда оның қосықлары үлкен әҳмийетке ийе болса,  «Сулайман Бақырғаний Ҳәким ата» шығармасы ҳәм усы шығарма тийкарында жазылған кино сценарийи өзи туўылып өскен Қоңырат районының тарийхын, халқымыздың келип шығыў негизин изертлеўде ҳәм уллы бабамызды халықаралық дәрежеде танытыўда әҳмийетли дәрек болып хызмет етти.

— Ө.Ембергенов өз Ўатанының тарийхына бийпарық болмаған, халқын сүйетуғын ҳақыйқый пидайы жазыўшы еди, -дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ар­хеология кафедрасының үлкен оқытыўшысы Аңсатбай Әлимбетов. — Бизлер 1998-2003-жыллар аралығында Қоңырат районындағы «Топыраққала», «Пулжа» сыяқлы ески қалаларда археологиялық қазыў жумысларын алып барғанымызда бириншилерден болып қызығыўшылық билдирип келген, бар тарийхый мағлыўматларын бизлер менен бөлискен Ө.Ембергенов еди. Оның шығармалары арқалы «Буғрахан», «Ҳәким ата» естеликлери бо­йынша көплеген тарийхый мағлыўматларға ийе болдық. Атап айтсақ, «Буғрахан» орта әсирлерде Қоңыраттың пайтахты болған, оның әтирапында елатлы аймақ жайласқан. Усы жерде Сулайман Бақырғанийдиң қәбири бүгинги күнге шекем сақланып қал­ған. Бизлердиң ендиги ўазыйпамыз Сулайман Бақырғанийдиң жасаған аўылын, басқа да тарийхый орынларды табыў болып табылады.

Илаж әдебият, көркем өнер байрамына айланып кетти. Онда шайырдың елимиз әдебиятын раўажландырыўдағы орны айрықша атап өтилип, оның шығармаларынан үзиндилер, қосықлар оқылды ҳәм бақсы-жыраўлардың шығыўлары илажға және де көтериңкилик бағышлады.  

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF