ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ БӘНТЛИГИ ТӘМИЙИНЛЕНДИ
Хожели районында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге бағышланған «Мийнет ярмаркасы» болып өтти.
Райондағы секторлардың басшылары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң райондағы Халық қабыллаўханасы, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген илажда районлық халық бәнтлигине көмеклесиў орайы ҳәм исбилерменлер өзлериндеги 70 бос жумыс орны менен қатнасты.
Илаж даўамында тийкарынан «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды жумысқа орналастырыў илажлары көрилди. Айырымларына бүгинги күни жаратылып атырған имканиятлардан пайдаланған ҳалда өзин-өзи бәнт етиў бойынша қәнигелер тәрепинен түсиник берилди.
Илаж соңында кәсип-өнерге оқытылып, сертификатқа ийе болған 16 ҳаял-қызға субсидия тийкарында тигиў машиналары менен электр печьлери тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.