РАЙОНДАҒЫ ЕҢ ҮЛГИЛИ ФЕРМЕР
Жақында «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм усы басқарманың Тақыятас районы Техника жағдайы ҳәм агротехникалық илажларды қадағалаў бөлими тәрепинен бүгинги күнде ғәлле тәрбиясындағы агротехникалық илажлардың алып барылыўына бағышланып пресс-тур шөлкемлестирилди. Онда ғалаба хабар қуралларынан ўәкиллер қатнасты.
Бүгинги күнде Тақыятас районында 2023-жыл зүрәәти ушын жәми 1000 гектар майданға ғәлле туқымлары, соннан 100 гектар майданына ғаўаша қатар арасына егилген.
Илаж қатнасыўшылары райондағы «Кенегес» АПЖ аймағында жайласқан «Султамурат бий» фермер хожалығында болып, ол жердеги жумыслар барысы менен жақыннан танысты. Гүўасы болғанымыздай, ғәлле атызларына заманагөй суўды тежеўши технологиялар ҳәм үскенелер орнатылғаны ҳәм ҳәзирги күнде агротехникалық қәделерге сай тәрбия ислери алып барылмақта.
С.Төреев басшылық етип атырған фермер хожалығы 2005-жылы шөлкемлестирилип, ҳәзирги күнде оның искерлиги ҳәм шебер шөлкемлестириўшилиги нәтийжесинде райондағы ең абырайлы хожалықлардың бирине айланған. Бул жерде 12 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Фермер хожалығы егислик жер майданының 60 гектарына гүзлик бийдай, соннан 20 гектарына туқымлық дән егилген. Сондай-ақ, быйылғы жылы елимиз қырманына 150 тонна пахта тапсырып, мәмлекетлик шәртнаманы орынлады.
— Биз гүзлик бийдайдың «Аср» ҳәм «Гром» сортларын егип, келеси жылы да мол зүрәәт алыўды гөзлеп отырмыз. Буннан басқа жаратқан бағымыздан жүзим, алма, шабдал ҳәм басқа да мийўелердиң алды жемис берди, - дейди «Султамурат бий» фермер хожалығы баслығы С.Төреев.
Илаж қатнасыўшылары қәнигелерден қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.