Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:53:13, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИМКАНИЯТЛАРДАН УТЫМЛЫ ПАЙДАЛАНЫП...

Халықты исбилерменликке тартыў, саламат бәсекиликти күшейтиў арқалы бизнес орталықты жақсылаў бойынша мәмлекетимизде бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта.

«Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» бағдарламасы тийкарында исбилерменлик пенен шуғылланыўды мақсет еткен пуқараларды қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде олардың саны кем-кемнен көбейип бармақта. Мине, солар қатарында Нөкис қаласынан 25 километр қашықлықта жайласқан 38-санлы «Бес­төбе» мәкан пуқаралар жы­йыны аймағында жасаўшы Алишер Уразовтың исбилерменлик жумысларын атап өтсек болады.

— 2019-жылы «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» бағдарламасы тийкарында «Асака банк»тиң 8 процентли жеңиллетилген кредити есабынан 30 млн. сум муғдарында нан өнимлерин ислеп шығарыўға мөлшерленген үскене алып келдим. Соннан 19 млн. сумына нан писирилетуғын печька, ал, 11 млн. сумына қамыр ийелейтуғын арнаўлы үскенени сатып алып қурдым, - дейди А.Уразов. — Цехтағы дәслепки ҳәрекетимизди бир жумысшы менен баслап, шөрек нанларды шығара басладық. Ал, соңын ала қарыйдарлардың көбейиўине байланыслы буханка нанға арналған арнаўлы қәлиплерди сатып алып, шөрек нанға қосымша буханка нанларды да ислеп шығарыўды жолға қойдық. Нан өнимлеримиз қала аймағындағы айырым кәрханалар ҳәм балалар бақшаларға шәртнама тийкарында жеткерип берип атырмыз. Цехта ҳәр күни орташа 400-500 дана нан ислеп шығарылады. Келешекте бул цехты кеңейттирип, кондитер өнимлерин ислеп шығарыўды алдыма мақсет етип қойыппан. Соның менен бирге, мен усы нан цехы жанынан аймақ тур­ғынларына қолайлылық жаратыў мақсетинде азық-аўқатлар дүканын да ашып, хызмет көрсетип атырман. 

Шаңарағымда үш перзентим бар, соларға арасында дәптер, ручка сыяқлы мектеп қураллары бирден керек болып қалса, барлығы усы дүканнан табылады. Баҳалары да қарыйдарларды қанаатландырады, онша қымбат емес. Екинши бир тәрепи, бул дүкан аўылымыз орайында жайласқан. Ҳәттеки, напақа ҳәм пенсия пуллары берилемен дегенше несийеге де саўда ислеймиз. Бул ушын оннан миннетдармыз, - дейди усы аймақ тур­ғынларының бири Зәўре Жақсылықова.

Биз оның дүканында болғанымызда қарыйдардың қайсы бири менен сәўбетлеспейик, олардан жақсы пикирлерди еситтик. Қаладан алыс аймақта болса да, исбилерменликти жүргизип атырған Алишердиң жумысларына тәсийин қалдық. Алишерди нағыз сегиз қырлы жигит десек те болады. Себеби, ол бүгинги күни аймақтағы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде математика пәнинен оқыўшыларға билим бериўи менен бирге исбилерменликти де бирге алып бармақта. Бүгинги күни үш адамды жумыс пенен тәмийинлеп, шаңарағына дәрамат келтирмекте.

Президентимиз тәрепинен исбилерменлик тараўына қаратылып атырған мүмкиншилик ҳәм имканиятлардан утымлы пайдаланып атырған усындай исбилерменлердиң саны және артып барыўына исенемиз.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: нан цехынан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF