Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:25:35, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АБАДАНЛАСҚАН ЕЛАТ — ХАЛЫҚ ТУРМЫСЫНЫҢ ҲАҚЫЙҚЫЙ АЙНАСЫ

«Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйыны усы райондағы халық көп жасайтуғын ең үлкен елат болып табылады.

Бүгинги күни 5600ге шамалас халық жасап атырған бул жыйын аймағында соңғы жыллары көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Аймақта бүгинги күни бир емлеўхана, көп тармақлы поликлиника, 38 саўда хызметин көрсетиў орны, 8 асхана, 1 автосервис ҳәм жеке меншик клиникалар халыққа хызмет көрсетип келмекте. Аймақта жайласқан үш мектеп ҳәм үш балалар бақшаларында елат балалары заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта.

— Быйыл бәҳәрде жыйын аймағынан 4 қабатлы 24 квартиралы турақ жай қурылып, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды,-дейди жыйын баслығы Рустем Хожаметов. — Ал, 5 қабатлы 20 квартирадан ибарат еки турақ жай болса, жақын күнлер ишинде өз ийелерине тапсырылыў алдында тур. Өткен бир-еки жыл ишинде аймағымыздағы 47 көшениң 43 ине шағыл тас төселип, орайлық көшелери асфальтланды.

Сондай-ақ, усы жылдың өзинде жыйын орайындағы 16 квартиралы көп қабатлы турақ жайлардың канализа­циясы ашық бюджеттен жеңип алынған 650 млн. сумлық қаржы есабынан жаңадан исленди. Әмир Темур көшесиниң 550 метр аралығы жаңадан асфальтланды.

— Өзим жеке исбилермен сыпатында бир неше жылдан берли саўда-сатық пенен шуғылланып келемен,-дейди бизге аймақ турғыны Наргиза Барыбаева. — Быйыл Халық банктен алған 33 млн. сум жеңиллетилген кредит есабынан музқаймақ ислеп шығаратуғын заманагөй үскенени сатып алып, иске түсирдим. Сондай-ақ, Бердақ гүзары көшесинен халыққа хызмет көрсетиў орнын ашыў ушын жер орын алып, жаңа дүкән аштым. Буның нәтийжесинде саўда айланысым кеңейип, табысым көбеймекте. Исбилерменлерге жаратып атырған усындай кең қолайлықлар ушын ҳүрметли Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремен...

Сондай-ақ, жыйын аймағында қурылыс ҳәм абаданластырыў ислеринен тысқары жалғыз баслы, бағыўшысын жоғалтқан, көп балалы кем тәми­йинленген шаңарақларға материаллық ҳәм руўхый жақтан жәрдем көрсетиў бойынша да бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Буны төмендеги көрсеткишлер де айқын тас­тыйықлайды.

Ҳаял-қызлар дәптеринде турыўшы Турсынай Таласбаеваға 1 ханалы жайдың дәслепки төлеми төлеп берилген болса, 11 ҳаял-қызға 1 млн. 200 мың сумнан бир мәртелик жәрдем пуллары, төртеўине жеңиллетилген кредитлер, алтаўына тигиў машиналарын сатып алыўы ушын 5 млн. сумлық субсидия, екеўине ыссыхана, екеўине ма­йыплық арбашасы алып берилген. Соның менен бирге, 5 ҳаял-қыздың жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленип, екеўиниң турақ жай ушын ижара пуллары төлеп берилмекте.

Қулласы, жыйында алып барылып атырған әмелий ис-илажлар нәтийжесинде халықтың турмысы абаданласып, көше ҳәм қыябанлар гөззал көриниске ийе болмақта.

Әдилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF