Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:15:16, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕКТЕПКЕ ШЕКЕМГИ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ШӨЛКЕМЛЕРИНДЕГИ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ СЫНҒА АЛЫНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманында Әдиллик министрлиги, Есап палатасы, «Тараққиёт стратегияси» орайы ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети менен биргеликте Раўажланыў стратегиясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың сапалы ҳәм ўақтында орынланыўын системалы мониторинг етиў бойынша ўазыйпалар белгиленген.

Соның менен бирге, пәрманда Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топарларды шөлкемлестириў ҳәм системалы түрде жәмийетлик тыңлаўларды өткерип барыў керек екенлиги де атап өтилген.

Пәрманда белгиленген усы ҳәм бас­қа да тийисли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 13-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде өткерилген мәжилисте Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топардың қурамы тастыйықланған еди.

Жәмийетлик топарға Жаңа Өзбекстанның 2022-2026-жылларға мөлшерленген Раўажланыў стратегиясы шеңберинде қабыл етилген 2022-жыл ушын тастыйықланған мәмлекетлик бағдарламаның бәнтлериниң орынланыўын үйрениў бойынша мониторинг жумысларын әмелге асырыў, нәтийжелери бойынша жәмийетлик тыңлаўларды өткерип барыў, сондай-ақ, минис­трликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң баслықларына, қала ҳәм  район ҳәкимликлерине жәмийетлик топардың сораўнамалары тийкарында мәмлекетлик бағдарлама бәнтлериниң орынланыўы ҳаққындағы мағлыўматларды белгиленген мүддетлерде усынып барыў ўазыйпасы жүкленген. 

Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жыл 28-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлигиниң мәжилислер залында «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен жәмийетлик тыңлаў шөлкемлестирилди.

Тийкарғы мақсет — мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын жәмийетлик қадағалаў тийкарында үйрениў, жәми­йетлик тыңлаўда додалаў сол арқалы жол қойылып атырған кемшиликлерди сапластырыўдан ибарат.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, Раўажланыў страте­гиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топар ағзалары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм сиясий партиялардың ўәкиллери  қатнасты.

Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топар баслығы Т.Романов, орынбасары А.Урумбаев, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Г.Бахиева, Минис­трлер Кеңеси жанындағы бирден-бир буйыртпашы инжиниринг компаниясы директорының орынбасары А.Садықовлар шығып сөйлеп, үйрениў жумысларының нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлар берди.

Онда 2022-жыл ушын тастыйықланған мәмлекетлик бағдарламаның 38-мақсети (Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў дәрежесин ҳәзирги 60 проценттен кеминде 80 процентке жеткериў), 39-мақсетиндеги (мектепке шекемги билимлендириў системасында билимлендириўдиң сапасын жаңа басқышқа алып шығыў) ўазыйпалар ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасы аймақларын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин және де жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаўға ти­йисли ўазыйпалардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың орынланыў барысы додаланды.

Атап өтилгениндей, республикамызда усы жылдың 1-октябрь жағ­дайына 1557 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жумыс алып бармақта.

Оларға республикамыздағы 3 жастан 7 жасқа шекемги 153464 баладан 119769 бала, яғный 78,0 проценти қамтып алынған. Соннан, 6 жастағы балалардан 6881 бала (17,4 процент) мектепке шекемги мәжбүрий бир жыллық бийпул мектепке таярлаў топарларына, 26470 бала (67,6 процент) мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынған.

2022-жылғы Инвестициялық бағдарламаға муўапық, 9 Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери    (3 таза қурылыс, 6 реконструкция)не қурылыс оңлаў жумыслары ушын 33 млрд. 180 млн. 623 мың сум қаржы ажыратылып, соннан бүгинги күнге жумыс көлеми 93,3 процентти, қаржыландырыў болса 90,7 процентти қурамақта.

Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы жәмийетлик топар ағзалары тәрепинен Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўы үзилиске түсип, ҳәр қыйлы себеплер менен мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумыслары жүдә төмен дәрежеде алып барылып атырғанлығы сынға алынды.

Мәселен, қурылыс алып барылып атырған көплеген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жойбарларында жоллары бетон менен ислениўи керек болса, қум шағыл тас араласпасы (ЩПС) төселип салынғаны анықланған. Мебельлери тақтайдан қурылыўы керек болса, олар ДСП сыяқлы желимленген материаллардан қурылған. Көплеген МШБШлердиң қурылыўының, пайдаланыўға тапсырылыўының мүддетлери әлле-қашан өтип кеткен. Айырым МШБШлерде, ҳәттеки проектинде де балалардың ойнаўы ушын майданшалар жоқ. Бул қалай, бақшада балалар ушын ойнаў майданшасы болмаса! Буйыртпашы тәрепинен қурылыс жумыслары қадағаланбаған. Жумысты тендерде утып алған айырым қурылыс мәкемелери ўазыйпаларына улыўма итибарсыз қарамақта.

Жәмийетлик тыңлаўда орын алған усындай кемшиликлерди болдырмаў ҳәм басқа да мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тыңлаўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF