Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:36:08, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПУҚАРАЛАРДЫҢ МҮРӘЖАТЫ ИТИБАРСЫЗ ҚАЛМАЙДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың республикамыздың шетки аймақлары турғынлары менен ушырасыўы даўам етпекте.

Нөкис қаласынан дерлик 230 километр узақта жайласқан Елликқала районы Шуқырқақ  аўылында болып, аймақ турғынларының мүрәжатын тыңлады. Олар тәрепинен аймақтағы ишки хожалық жолларына қум-шебень араласпасын төсеў, пуқаралардың үйлерине таза ишимлик суўын жеткерип бериў қурылмасын оңлаў, транспорт хызметин жолға қойыў, артезиан қудықларын қазып бериў, аўыллық шыпакерлик пунктин электр энергиясы, яғный қуяш панели менен тәмийинлеў мәселелерин шешиў машқалалары билдирилди. Тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланатуғын аўыл пуқаралар жыйыны туфрғынларының сондай-ақ, мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына жеңилликли түрде қабыллаўын жолға қойыў, қуяш панеллерин орнатыў, қол телефоны байланысын жолға қойыў, аймақ турғынларының шуғылланыўы ушын workout майданшасын шөлкемлестириў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша билдирилген машқалалар да шешимин табатуғын болды.

 Күнниң екинши ярымында Жоқарғы Кеңестиң Баслығы Төрткүл районындағы Қумбасқан  аўылында болып, пуқаралар менен ушырасты. Олар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги сол жердиң өзинде шешимин тапты.

Соннан аймақ турғынларын таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, аймаққа алып барыўшы ҳәм ишки жолларды оңлаў, электр тәмийнатын жақсылаў мақсетинде электр бағаналарын алмастырыў, пуқараларға көмир жеткерип бериў, балалар бақшасының алдына жазғы майданша қурып бериў, дәрихана шөлкемлестириў, спорт майданшасын қурыў, мектеп имаратын оңлаў, артезиан қудықларын қазыў ҳәм басқа да социаллық машқалалар өз шешимин табатуғын болды. Ўақыт талап ететуғын мүрәжатлардың орынланыўы қадағалаўға алынды.

Шетки аймақ турғынларының жасаў шараятын жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшыларына кийим-кеншек, мектеплерге китаплар, жәрдемге мүтәж шаңарақларға баҳалы саўғалар тапсырылды.

Жоқарғы Кеңеси Баслығының шетки аймақлар турғынлары менен ушырасыўы даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF