Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:14:43, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БҮГИНГИ КҮНДЕ ҚАНДАЙ ИЛАЖЛАР ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛДЫ?

«Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы даўамында республикамыздың климат шараятына сәйкес келетуғын жәми 5 миллион 250 мың түп саяманлы терек, мийўе ҳәм путақ нәллерин егиў режелестирилген.

Бул бойынша аймақлық бағдарлама ислеп шығылып, оған бола Тоғай хожалығы комитети тәрепинен 925 мың 500, нәлшилик фермер хожалықлары тәрепинен 1 миллион 951 мың 500, қыйтақ жер ийелери ҳәм басқалар тәрепинен 2 миллион 373 мың 400 түп нәл жеткерилип бериледи.

– «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажлар Мойнақ районындағы «Қызыл жар» аўыл пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Н.Обломурадов, тийисли қәнигелер, депутатлар, нураныйлар, жаслар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында усы жыл 20-октябрь күни үлкен көтериңкилик пенен баслап берилген еди,-дейди Экология комитетиниң бөлим баслығы А.Бабажанов.

Сондай-ақ, 22-октябрь күни республикамыз басшыларының ҳәм тийисли қәнигелер, депутатлар, нураныйлардың қатнасыўында Хожели районындағы Саманкөл аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан мәмлекетлик тоғай хожалығының тәжирийбе майданшасында арнаўлы семинар өткерилип, онда терек нәллерин егиў, суўғарыў системаларын шөлкемлестириў ҳәм тәрбиялаў мәселелери додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Илимпазлар ҳәм қәнигелер тәрепинен республикамыздың климат шараятына сәйкес тереклердиң жаңа сортларын жаратыў, тәрбиялаў, нәл егиў агротехникасын дурыс шөлкемлестириў, нәллердиң шорға шыдамлы түрлерин көбейтиў, егилген нәллерди кеселликлер ҳәм зыянкеслерден қорғаў сыяқлы бир қатар темаларда баянатлар жасалып, нәл егиў бойынша мастер-класслар өткерилди ҳәм тәжирийбе алмасылды.

Баслама шеңберинде 1,2 гектар майданда экобағ шөлкемлестирилип, оның аймағына 10 мың түп айлант, 190 түп қарағай, 55 түп катальпа, 200 түп тут, 30 түп япон сафорасы ҳәм басқа да терек нәллери егилди.

Республикамызда усы жыл 7-ноябрь жағдайына 1 миллион 795 мың 372 түп (34,2Ө) саяманлы терек, мийўе ҳәм путақ нәллерин егиў жумыслары алып барылды. Бул илажға көплеген мәкеме ҳәм шөлкемлер белсене қатнаспақта.

Қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен кем тәмийинленген хожалықларға 10 түптен мийўе нәллери бийпул тарқатылмақта.

Ҳәзирги ўақытта комитетимиз тәрепинен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги үлги баслама сыпатында аймақтың климатына сәйкес тереклерден ибарат «Жасыл бағ» пайда етиў режелестирилди. Бул  ушын Нөкис қаласындағы Жийдели байсын МПЖда 4 гектар жер таңланып, жергиликли ҳәкимият, тоғай хожалығы комитети ҳәм тийисли мәкемелер менен оның жойбары таярланбақта.

«Әҳмийетли 40 күнлик» илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF