«МҮРИЎБЕТ» ҮЙИНЕ ҚӘЎЕНДЕРЛИК ЖӘРДЕМ КӨРСЕТИЛДИ
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен усы жылдың 2-10-ноябрь күнлери аралығында «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» идеясын өзинде жәмлеген қайырқомлық илажлары өткерилмекте.
Усындай илаж Нөкис «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаяллар интернат үйинде болып өтти.
Онда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы, сенатор У.Жәлменов шығып сөйлеп, мәмлекетимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлеринде қәўендерликке алынған шахсларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў, олардың жәмийеттеги орнын беккемлеў бойынша исленип атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, интернат үйлеринде жасап атырған балалар, кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға медициналық-социаллық ҳәм турмыслық хызметлерди көрсетиўдиң жаңаланған системасын енгизиў арқалы оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен халықтың жәрдемге мүтәж қатламын, имканияты шекленген шахсларды, әсиресе, басқалардың күтимине мүтәж жалғыз кекселердиң мәнзилли социаллық қорғалыўын күшейтиў мақсетинде бир қатар жумыслар алып барылмақта.
Заман талабына сай, 250 орынға мөлшерленген Нөкис «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын ҳаяллар интернат үйиниң жаңа имараты 2018-жылы пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде мәмлекет тәмийнатына алынған, руўхыятында нуқсаны болған биринши ҳәм екинши топар майыплығы болған шахсларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетилип келинбекте.
Байрам мүнәсибети менен «Мүриўбет» үйине Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен улыўма баҳасы 20 миллион сумлық қәўендерлик саўғалары тапсырылды.
Илаж қатнасыўшыларына концерт бағдарламасы қойып берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.