Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:45:33, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨП ҚЫРЛЫ ТАЛАНТ ИЙЕСИНИҢ ДӨРЕТИІШИЛИГИНЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Усы жыл 2-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан халық ша­йыры, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Кеңесбай Рахмановтың туўылғанының 80 жыллығына бағышланған еслеў кешеси болып өтти. 

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев шығып сөйлеп, көп қырлы талант ийесиниң өмири ҳәм дөретиўшилиги бойынша кең түрде баянат жасады.

Илажда сондай-ақ, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери Б.Ерназаров, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, профессор Н.Аңсатбаев, Қарақалпақстан халық бақсысы Т.Қалендеров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, талантлы шайыр, жазыўшы, драматург ҳәм журналисттиң дөретиўшилик жолына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, К.Рахмановтың дөретиўшилиги ҳаққында сөз болғанда, пүткил өмирин дөретиўшиликке бағышлаған, миллий әдебиятымыз, мәдениятымыз ҳәм көркем өнеримиздиң раўажланыўы ушын аянбай мийнет еткен, туўылып өскен жерин жан-тәни менен жақсы көрген дөретиўши инсан, елимиздиң пидайы перзенти көз алдымызға келеди.

Быйыл туўылғанының 80 жыллығы кең түрде белгиленип атырған  талант ийеси жаслайынан иләҳий талантын ел-журтымыздың уллылығын, гөззаллығын, халқымыздың пәк кеўлин, садалығын, ақ көкиреклигин, кеңпейиллигин  тәрийплеў, оны ақ қағазға түсириў ушын мүнәсип сөз излеўге жумсады. Проза, поэ­зия ҳәм драматургияның теңдей раўажланыўына хызмет етип, өзиниң ҳеш кимге уқсамаған дөретиўшилик жолы менен танылды.

1969-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық инс­титутын питкерип, Қарақалпақстан телевидения ҳәм радио комитетинде дәслеп аға редактор, телевидение бойынша бас редактор, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры әдебий бөлиминиң баслығы, «Әмиўдәрья» журналының поэзия бөлиминиң баслығы болып ислеў менен бирге, дөретиўшилик майданында тынымсыз мийнети, талапшаңлығы ҳәм излениўшеңлиги менен өзине замаслас дөретиўшилердиң, әсиресе, халқымыздың сый-ҳүрметине миясар болды.

Оның «Саған асығаман», «Өмир ҳаққында ойлар», «Өмир, сен жалғызсаң», «Тунғышымыз қыз болса», «Сен ҳаққында қосық», «Арғымағым», «Гүзги муҳаббат» қосықлар топламлары, «Пайғамбар жасындағы күйеў» романы тек үйдиң төриндеги текшени безеп туратуғын емес, ал, турмыс тәшўишлеринен қабарған пәк кеўлиңди иләҳий сезимлерге толтыратуғын, өз дәўириниң ҳәм бүгинги күн жасларының қәлбинде Ўатанға муҳаббат, халқына аянбай мийнет етиўдей уллы сезимлерди тәр­биялайтуғын, халқымыз сүйип оқыйтуғын бийбаҳа ғәзийнеге айланды.

Әсиресе, талант ийесиниң драматургияны раўажландырыўдағы қосқан үлесин айрықша атап өткен орынлы. Оның «Келин», «Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек», «О дүньяға мирәт», «Жаралы жүреклер», «Егленген бәҳәр», «Лаққылар емлеўханада» пьесалары сахналастырылып, тамашагөйлердиң кеўлинен терең орын алды.

— Бир ўақытлары театрларымызда драматургияға «ашлық» басланып, сахналарымызда тек аўдарма шығармалар орын алып кетти,-деген еди Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов. — Белгили драматурглеримиз қартайып, жасларымыз бул тараўға келмеди. Сол жыллары бул машқаладан шығысыў мақсетинде Қ.Әбдиреймов пенен бирге жас талант ийелери менен театрда сәўбетлесиў өткерип, оларға пьеса жазыўды усыныс еттик. Солардың ишинде К.Рахманов тараўда қәлемин сынап көрип, зор драматург болып жетилисти. Оның ҳәр бир шығармасын халқымыз жақсы күтип алды. Әсиресе, «Келин» пьесасы кең жәмийетшиликте айрықша тәсир қалдырды.

Мине, усындай пүткил өмирин миллий әдебиятымыз, мәдениятымыз бенен көркем өнеримиздиң раўажланыўына бағышлаған көп қырлы, талапшаң дөретиўши инсан Кеңесбай Рахмановтың жарқын келбети халқымыздың ядында мәңги қалады, келешек әўлад оның шығармаларын сүйип оқыйды.

Еске түсириў кешеси қатнасыўшыларына белгили талант ийесиниң өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған сахналық шығарма қойып берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲАБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF