Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:40:50, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НУРАНЫЙЛАРҒА САЯХАТ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’zLiDeP фракциясының ағзасы Баҳадыржан Сидиқовтың басламасы менен өзи сайланған Нөкис қаласындағы «Әмиўдәрья», «Жийдели байсын», «Анасай» ҳәм «Саманбай» мәкан пуқаралар жыйынларында жасаўшы нураныйлардың Бухара ҳәм Самарқанд қалаларына саяхаты шөлкемлестирилди.

Кексе әўлад ўәкиллерине ҳүрмет-иззет көрсетиў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден бири болып табылады. «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар кеңнен ен  жаймақта. Күн сайын жүз берип атырған унамлы өзгерислер, халықтың абаданлығы жолындағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳәр биримизди қуўандырады. Халқымыз нураный­ларға ҳәмийше ҳүрмет көрсетип келмекте.

Илажды шөлкемлестириўден гөзленген тийкарғы мақсет — кексе әўлад ўәкиллерин ҳүрметлеў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан ибарат. Саяхат даўамында нураныйлар Бухара ҳәм Самар­қанд қалаларының дыққатқа ылайық орынларын зыяратлады. Бундай айрықша итибары ушын депутатқа өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар

агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF