Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:07:53, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫНДА КОРРУПЦИЯҒА ЖОЛ ҚОЙМАЙЫҚ

Жоқары оқыў орынларына қабыллаў процесслериниң ашықлығын тәмийинлеў, билимлендириў тараўында коррупция ҳәм парахорлықтың алдын алыўға жигерли түрде кирисилди.

Бирақ, парахорлыққа қарсы гүресиў мақсетинде алып барылып атыр­ған комплекс илажларға қара­мас­тан, «оқыўға киргизип беремен, тестти де шешип беремен» деген ҳәм сол арқалы көп пул ислеп алыў үмитиндеги  жалатайлар елеге шекем ушырасып турыпты. Әлбетте, өкиниш пенен айтамыз, «Перзентим диплом алса болды, аржағы бир гәп болар» деп ис тутатуғын, перзентиниң қәбилети, билими, потенциалы жеткиликли ме ямаса жоқ па, буған екинши дәрежели мәселе ретинде қарайтуғын ата-аналар да жоқ емес. Ашығы, бул жағдайлар жыллар даўамында билимлендириў системасындағы коррупцияның ең аўырыўлы ноқаты болып келди.

Тараўдағы реформалар себеп жағдай түп-тийкарынан өзгерди, кимниң билими, қәбилети, потенциалы болса, сол адам оқыйды, деген принципке әмел етиле басланды. Бундағы дәслепки қәдем — тест имтиханларын тапсырыў процесин тәртипке салыў менен басланды. Барлық процесс тек мәмлекетлик шөлкемлердиң ғана емес, ал, жәмийетшиликтиң қадағалаўы астында ашық тәризде өтетуғын болды. Қысқасы, ҳүжжет қабыллаўдан баслап, тест имтиханларын өткериў процесине шекем абитуриентлер ушын барлық шараят ҳәм мүмкиншиликлер жаратылмақта. Тийкарғысы, шынлық ҳәм ашықлық принципине әмел етилип атыр.

Лекин, коррупцияға қарсы гүрес барған сайын күшейип барса да ажырық сыяқлы оның түбирлери елеге шекем сақланып қалған көринеди. Жигерли түрде билим алып, не-не әрманлар менен оқыўға тапсырған жаслар мәпин атлап өтип, ҳарам жол менен күн кешириўди өзине әдет еткен айырым (напәк) инсанлар ҳәзир де ушырасып тур­ғаны жәмийетимиздеги саламат орталыққа унамсыз тәсир етип атыр. Бундай жағдай барлық оқыў орынларында көзге тасланып атырғаны ашынарлы жағдай, әлбетте.

Билимлендириў системасының изден шығып, аянышлы жағдайға келип қалыўына үлкен тәсир көрсеткен факторлардан бири — коррупция болып табылады. Балаларды мектепке қабыллаўдан тартып, оқытыўшылардың жумысқа орналасыўы, үстемелер белгилениўине шекем — жүдә көп мәселелер көбинесе пул (пара), таныс-билисшилик, урыў-аймақлық ар­қалы шешилетуғын дәрежеге жетип келгени ҳақыйқат. Бүгин бул иллетлерге ҳақыйқый гүрес басланды. Оқытыўшы ҳәм тәрбияшылардың айлық ис-ҳақыларының арттырылғаны, өз жумысында жоқары нәтийжелерге ерискен педагогларға турақ жай, автомобиль сатып алыў ҳәм исбилерменликти баслаўы ушын жеңиллестирилген кредитлер ажыратылып атырғанлығы буннан дерек береди.

Билимлендириў тараўында коррупцияны жоқ етиў ушын адамлардың санасын, оқыўшылар, ата-аналар, оқытыўшы-педагоглар ҳәм мектеп администрациясының ҳуқықый мәдениятын арттырыў, олардағы ески көзқараслар, қатып қалған стереотиплер, комплекслерди жоқ етиў ҳәм бөлеклеп таслаў биринши нәўбеттеги ўазыйпа болып табылады. Себеби, парахорларға бейимлик бар екен, иллет жасырын түрде жүз бере береди.

Бәринен бурын, киши жастан коррупция, оның зыяны ҳақ­қындағы көзқарастың қәлип­лестирилиўи, балалар параның ең әпиўайы формалары ҳаққында өзи сезип, түсиниўи зәрүр. Бул сыяқлы жынаятларға шыдамсызлық орталығының қәлиплесиўинде хабарлылық қаншелли зәрүр болса, жаза ҳәм жуўапкершиликтиң анық екени де соншалық актуал болып табылады. Кимдур қәлегенинше пара алса, ҳеш ким оның пышығына «пыш» демесе, жазаға тартылмаса, балалар ҳәм адамлар санасында «Теңлик жоқ, оған қарсы гүресиў пайдасыз» деген надурыс пикир пайда болады. Негизинде, оларда ҳәр қандай жынаяттың жазасы бар, пара алыўшы ҳәм пара бериўши де нызам алдында теңдей жуўапкершиликке тартылады деген катаң исеним қәлиплесиўи зәрүр.

Бирақ, әўелден көзимиз үйренип қалған парахорлықтан бирден қутылып болмайды. Оның ушын әпиўайы ҳәм тәсирли ис-илажлар ислеп шығыў ҳәм оны избе-излик пенен жолға қойыў керек. Мысалы, мектепке қабыллаў процесин алайық. Ата-ана баласы жақсы оқыўы ҳәм мүнәсип тәрбия алыўы ушын перзентин абырайлы мектепке, оның жақсы танылған оқытыўшысына тапсырыўды қәлейди. Буны әмелге асырыў ушын бар мүмкиншилигин иске салады, таныс-билислеринен пайдаланады, пул ҳәм хызмет усыныс етеди.

Тийкарынан, машқаланы шешиў ушын не себептен сол мектеп ҳәм педагогқа умтылып атырғанлығы толық үйренилиўи, олар ҳаққында ашық мағлыўматлар топланып, жағдай қадаға­лаўға алыныўы ҳәм сол класс ямаса мектепке қабыллаў таңлаў тийкарында дүзилиўи мүмкин. Мәрҳамат, балаңыз сол класста ямаса мектепте оқыўын қәлесеңиз, ҳәмме қатары таңлаўда қатнассын, интелектуаллық потенциалы тексерилип, психологиялық-педагогикалық таңлаўдан өткерилсин.

Ҳәзирги ўақытта бул тәжирийбе системада дара жағдайда қолланып атыр. Тийкарынан, арнаўлы бир пәнлерди терең­лестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеплер оқыўшыларды таңлаў тийкарында қабыл етеди. Бул қағыйданың орнатылыўы мектеплер ортасында тартысыўды күшейтип, барлық билим бериў мәкемелери ҳәм класс­ларда оқытыў сапасын арттырыў илажларын көриўди талап етеди.

 

ТӨМЕН БУЎЫНЛАРДА ДА АШЫҚЛЫҚ БОЛА МА?

Оқытыўшыларды ҳәр тәреплеме хошаметлеў ушын оларға жеңилестирилген тәртипте турақ жай ҳәм автомобиль сатып алыўы ушын кредитлер бериў енгизилмекте. Ҳақыйқатында, бундай мүмкиншиликке ҳәмме оқытыўшы емес, ең мүнәсип, белсенди, өз жумысының шебери болған алдынғы педагоглар ылайық көриледи.  Бирақ, ең төмен буўынларда олар қалыс таңлап алына ма, жеңилликлер әдил бөлистириле ме! Бул орында коррупцияға жол қойылып, дизимлер тар шеңберде — айырым шахслардың мәплери шеңберинде дүзилмейди. Бизиңше, буған байланыслы инсан факторы минимал дәрежеде қатнасатуғын сондай механизм ислеп шығылыўы керек, ол жағдайда оқытыўшының жумыс стажы, ерискен табысы ҳәм нәтийжелери, ғайраткерлиги, белсендилиги, бир сөз бенен айтқанда, ҳәр тәрептен мүнәсип екени арнаўлы алгоритм тийкарында компьютер технологиялары жәрдеминде есап-китап етилиўи керек. Системаға мағлыўматларды жайластырыўда жәмийетшилик қатнасыўы да тәмийинлениўи керек. Мысал ушын, мектепте оқытыўшылар рейтинги оқыўшылардың өзлестириўи, түрли таңлаў ҳәм жарысларда өзи ҳәм оқыўшылары ерискен нәтийжелер, жумыс искерлигинде жаңа билим технологияларынан пайдаланыўы сыяқлы дәстүрий өлшемлерден тысқары, ата-аналар ҳәм оқыўшылар педагогикалық жәмәәт, жәмийетшилик структураларының ол ҳаққындағы пикири ҳәм искерлигине қойған баҳалары, бурынғы оқыўшыларына билимниң кейинги басқышларында ямаса жумыс орнынан берилип атырған жуўмақлар (өзлестириўи, нәтийжелери, минезлемелер) да есапқа алыныўы мүмкин. Оқытыўшының абырайына зыян жеткизиўи мүмкин болған минез-қулықлары рейтинг нәтийжелерине унамсыз тәсир көрсетиўи керек. Ол ҳәр бир орынсыз ҳәрекети алдағы жеңилликлерге ийе болыўда тосқынлық жасаўын аңлап турсын.

Жекпе-жек сәўбетлерде коррупцияның формасы, ислеў механизми, әмелге асырыўдағы шахслар, усылы ҳәм қураллар ҳаққындағы мағлыўматлар топланады. Соннан кейин коррупционерге емес, ал, коррупцияны келтирип шығарып атырған себеплерге қарсы комплексли гүрес илажлары ислеп шығылады. Бунда коррупционер, оған дәлдалшылық етип атырғанлар қатты ескертилиўи, лаўазымлы шахслар, жақын ағайинлериниң дәраматлары, мал-мүлклери, сарп етиў қәрежетлери үйренилип, нызамсыз жол менен табыл­ған дәраматлар анықланған жағдайда, тийисли тәртипте жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин.

Бул усыл коррупцияға хызмет етип атырған факторларды системалы сапластырыў, қайсы орынларда коррупцияға көбирек жол қойылып атырғанын, буның себеплерин анықлаў имканиятын да береди.

 

КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ САБАҚЛАР

Балаларға коррупцияға қарсы шыдамлылық минезин оятыў ушын мектеплерде коррупцияға қарсы сабақлар шөлкемлестирилиўи керек. Сабақта коррупция не, оның қандай зыяны бар екенлиги балалар түсинетуғын әпиўайы тилде жеткизилиўи, оқыўшылар менен коррупция ҳаққында сәўбетлер өткерилиўи, рольли ойынлар ойналыўы мүмкин.

Сабақларда коррупциялық жағдайларға анық мысаллар келтирип, оның ақыбетлери, оған қарсы гүресиў усыллары, бунда оқытыўшының жеке қатнасыўы қандай болыўы айтылады. Мысалы, арнаўлы бир медициналық мағлыўматты алыўда тексериўден өтпей турып, пара есабына жумысты питкериў жағдайы ҳәммеге белгили. Бирақ, сондай жол менен медициналық мағлыўмат алған, туберкулёз кеселлигине шалынған шахс мектеп асханасында ислесе не болады! Әлбетте, қанша адам кеселленеди, олар арасында сиз де болыўыңыз мүмкин, деп айтылады. Киши жастағы балалар менен ислесиўде рольли ойынлар пайдалы. Қандай да бир жағдай сахналастырылып, пара алыўшы тараўдың киши әмелдарлары роли балалар ортасында бөлистириледи. Ямаса балалар ҳүжданлы яки ҳүждансыз баслық ҳаққындағы өз көзқарасларын сүўретлер ҳәм көргизбе қураллар арқалы түсиндирип береди.

Жәмийетте парахорлыққа қарсы гүрес кең қамтылған комплекслерди өз ишине алады. Бир ғана себепке қарсы гүресип, бул иллетти жоғалтып балмайды. Барлық себеплер терең үйренилиўи, парахорлық, яғный, ақыбет емес, ал, оған алып баратуғын жоллар, оны алып келетуғын себеплер жоқ етилиўи керек.

Оқытыўшы пара алмайды, мектеп директоры ҳәммени тең көреди, ол өз ҳәмели ҳәм өз мәпинен пайдаланбайды, биз пара берип оқымаймыз, билимлендириўде теңлик, нызамлылық, ашықлық болыўы шәрт, кеўлиндеги түсиниклер адамлардың қанына сиңип, қәдирият дәрежесине көтерилмес екен, коррупция биз бенен қасымызда  жасай береди.

А.УТЕМУРАТОВ,

Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик инс­титуты «Комплаенс қадағалаў» системасын басқарыў бөлиминиң баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF