Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:24:59, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕКИ АЙМАҚ ТУРҒЫНЛАРЫНЫҢ МАШҚАЛАЛАРЫ ҮЙРЕНИЛДИ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыздың ең шетки аймақларының бири «Қубла Үстирт» аўылының турғынлары менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында Қоңырат районынан дерлик 200 километр узақта жайласқан бул аўыл турғынлары тәрепинен билдирилген мүрәжатлар тыңланды.

Атап айтқанда, бүгинги күни 200 адам жасайтуғын аўыл турғынларын медициналық тексериўден өткериўди шөлкемлестириў, аўыл мийирбийкеси ушын қолайлы мийнет шараятын жаратып бериў мақсетинде керекли медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, оның мийнет ҳақысына үстеме қосыў, аймақтағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратын реконс­трукциялаў, тәрбияшы штат бирлигин ашып бериў сыяқлы мәселелерди шешиў атап өтилди. Соның менен бирге, турғынларды жумыс пенен тәмийинлеў, газ есаплағышлар орнатыў, аўылға баратуғын жолды оңлаў, мектеп имаратын реконструкциялаў, халыққа материаллық жәрдем көрсетиў мәселелерин қысқа мүддетте шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырма берилди. Нәтийжеде аўыл халқын көптен берли қыйнап киятырған машқалалар унамлы шешилетуғын болды.

Тахтакөпир районындағы «Қоструба» аўылы турғынлары менен болған ушырасыўда да олар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар унамлы шешимин тапты.

Атап айтқанда, бул жердеги 27 хожалықтың ҳәр бирине еки газ баллоны ҳәм бир газ плитасынан берилетуғын болды. Соның менен бирге, аймаққа медициналық контейнер орнатылып, тез жәрдем машинасы ажыратылды. Баслаўыш класс қәнигелигин питкерген еки муғаллим жеңилликли түрде жоқары оқыў орнына қабылланыўы белгиленип, шәртнама төлеминиң ярымы мәмлекет есабынан төлеп берилетуғын болды. Аўыллық мектепти инглис тили муғаллими менен тәмийинлеў, питкериўшилердиң жоқары оқыў орынларына жеңилликли түрде қабылланыўы, аймақ турғынларын медициналық тексериўден өткериў, шарўалар ушын артезиан қудықларын қазып бериў, аўылға баратуғын жолды оңлаў жумысларын алып барыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырма берилди.

Тийкарынан қаракөлшилик пенен шуғылланатуғын фермер хожалықларының жумыслары менен жақыннан танысты. Шетки аймақ турғынларының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалар шешимин таўып, олардың бүгинги күннен разы болып жасаўы ушын барлық илажлары көрилетуғынлығы атап өтилди.

Президентимиздиң атап өткениндей, «Халқымыз ертең емес, узақ келешекте емес, әйне бүгин өз турмысындағы өзгерислерди көриўди қәлейди». Солай екен, аймақ турғынларының мүрәжатлары унамлы шешимин табады. Инсанлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолындағы ийгиликли  басламалар республикамыз бойлап даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF