Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:49:58, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«БАТЫРХАН» СПОРТ КЛУБЫНДА

Қайсы бир тараўды алып қарамайық, барлық дыққат-итибар жаслар ушын. Буны спорт тараўында да көриўимизге болады. Бүгин олардың жоқары көрсеткишлерге ерисиўи ушын шараятлар ҳәм қолайлылықлар жаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жасларды исбилерменликке қамтып алыў ҳәм олардың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша ис-илажлар ҳаққында»ғы 2021-жыл 12-декабрьдеги қарарына тийкар жаслардың бизнес-жойбарларына жеңиллетилген кредит қаржылар ажыратыў белгиленген еди. Усы қарар талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы күнге шекем «Жаслар — келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен 16 жасқа жәми 7 млрд. сумлық жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды.

Бүгинги күни мәмлекетимизде халықты, әсиресе, жасларымызды исбилерменликке кеңнен тартыў, олардың  исбилерменлик искерлигин баслаўы ушын ҳәр тәреплеме көмеклесиў сыяқлы итибар жоқары дәрежеде болмақта. Сол себепли де, жасларымыз арасында бул тараўға қызығыўшылар да барған сайын көбейип бармақта. Жеңиллетилген кредитлер тийкарында өз исбилерменлигин жолға қойған жас исбилерменлер искерлигин баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларында, социаллық тармақларда кеңнен жарытыў мақсетинде пресс-тур шөлкемлестирилиўи белгиленген еди. Усы мүнәсибет пенен жақында Нөкис қаласы «Саманбай» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан спорт клубын шөлкемлестириў ушын жеңиллетилген кредит алып, өз исбилерменлигин баслаған Жандос Үргенишбаевтың жумыс барысы менен танысыў ҳәм оны кең жәмийетшиликке  жақыннан таныстырыў мақсетинде ол жумыс баслаған орынға жол алдық.

Жас исбилермен Жандос Үргенишбаев усы жылы «Жаслар — келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен 540 млн. сум муғдарында жеңиллетилген кредит алып, жаслар ушын «Батырхан» спорт клубын шөлкемлестирип, бес жастың бәнтлигин тәмийинледи. Ҳәзирги күнде бул жерде спорттың ҳәр қыйлы түри менен шуғылланыў шараяты жаратылған. Бүгинги күни спорт клубында 250ден аслам оқыўшы жаслар шуғылланбақта.

— Негизинде бул спорт клубымыз 800 орынға мөлшерленген болып, оқыўшы жаслардан тысқары үлкен жастағылар да өз саламатлықларын беккемлеў ушын қатнасады. Бул жерде спорттың қәлеген түри менен шуғылланыў ушын спорт инвентарьлары бар. Клубымыз усы жыл 25-сентябрь күни ашылды. Спорттың фитнес, бокс, муай-тай, қол урысы ҳәм тағы басқа түрлерине оқыўшылар қатнасады. Оларға 12 арнаўлы сертификатқа ийе тәжирийбели тренерлер спорттың сырларын үйретип келмекте. Бул орында тек ғана бир спорт түри менен емес, ҳәр түрли спорт түрлери болғаны ушын балалардың қызығыўшылығы күннен-күнге артып, келиўшилердиң саны да барған сайын көбейип бармақта. Әсиресе, бокс, қол урысына оқыўшылар көбирек қатнаспақта. Келешекте Өзбекстан, Азия, жәҳән чемпионларын жетилистириў, елимизди дүньяға танытыў ең баслы мақсетлеримизден болып табылады, - дейди исбилермен Жандос Үргенишбаев.

Әлбетте, бул орында болғанымызда клубтың барлық спорт түрлеринде де балалардың шуғылланып атырғанлығы бизди таң қалдырды. Олардың ҳәр бири менен сәўбетлескенимизде, клубтың ашылғанлығына қуўанышлы екенлигин, соның менен бирге, барлық шараятлардың жаратылғанлығын толып-тасып сөз етти. Олар ушын кийиниў ҳәм жуўыныў ханалары бар. Соны да айтып өтиўимиз керек, бул спорт клубының ашылғанына онша көп ўақыт болмаса да, залдағы спортшылардың айырымлары жәҳән ҳәм Азия спорт ареналарында, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жарысларында да қатнасып, сыйлы орынларды алыўға миясар болған.

Пресс-тур қатнасыўшылары әйне усы спортшылар менен де жақыннан сәўбетлесип, өз-ара тәжирийбелери менен ортақлас­ты. Ҳақыйқатында да, бундай спорт клубларының шөлкемлестирилиўи елимиз перзент­лериниң физикалық жақтан шыныққан кәмил инсанлар болып жетилисиўи менен бирге, үлкен жарысларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўине тийкар жаратары сөзсиз.  

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: спорт клубынан көринислер.

Автордың түсирген сүўретлери.   

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF