Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:47:40, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЯПОНИЯЛЫ ҚӘНИГЕ ПАЙТАХТЫМЫЗДАҒЫ МЕКТЕПТЕ БОЛДЫ

Японияның Халықаралық раўажланыў орайы Социаллық раўажланыў бөлиминиң аға илимий хызметкери Казуаки Хашимото пайтахтымыздағы 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебине барып, мектепте айрықша билим бериўге мүтәжлиги болған балалар ушын шөлкемлестирилген баслаўыш таяныш коррекциялық класслардың жумысын үйренди.

Президентимиздиң «Айрықша билим бериўге мүтәжлиги болған балаларға билим ҳәм тәрбия бериў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарынан кейин бул бағдарда басқа да көплеген ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер шығарылып, бүгинги күнде республикамыздың 11 районында инклюзив билимлендириў жол­ға қойылды. Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 27-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болса, 2 баслаўыш таяныш коррекциялық класс шөлкемлестирилген болып, оларда  19 оқыўшы билим ҳәм тәрбия алмақта. Оқыўшылардың жәмийетке ийкемлесип кетиўи ушын муғаллимлер, ата-аналар менен бирге студент-жаслар да өз үлесин қоспақта. 

— Мектебиңиздеги коррекциялық класс­ларды көрип, оқыўшылардың билим алыўына тек муғаллим емес, ал, жәрдемшилердиң қол-қанат болып атырғанына таң қалдым ҳәм елиңизде арнаўлы билимлендириў раўажланып атырған екен, деген пикирге келдим, -дейди Казуаки Хашимото. —Ҳақыйқатында да, арнаўлы ҳәм инклюзив билимлендириўди раўажландырыўда тек ғана муғаллимлер емес, ал, пүткил мектеп жәмәәти менен бирге жәмийетшилик те биргеликте ҳәрекет етиўи керек. Сондай-ақ, усы мектептеги саламат балалардың ата-аналарын усы шараятқа көнлигиўге, бул процесс­ти дурыс қабыллаўға бағдарлай алыў керек. Биз бул балаларды барынша қабыл етип, билим бериўде өзлигинше қатнас жасайтуғын болсақ, жумысларды және де жедел­лестириўге имкан жаратылады.

— Мен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мектепке шекемги билимлендириў факультетиниң арнаўлы педагогика, логопедия қәнигелигинде оқыйман, -дейди Бийбиназ Асенова. — Усы мектеп пенен институтымыз арасында дүзилген шәртнамаға муўапық, өткен жылы да, быйыл да әмелият даўамында келип, баслаўыш таяныш коррекциялық класс оқыўшыларына билим бериўде муғаллимлерге жәрдем бермектемен.

М.Пирназарова,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF