Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:34:39, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СТУДЕНТЛЕР МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Жаңа әўлад кадрлары» жойбары шеңберинде «Депутат ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң баслығы, O’zLiDeP фракциясының басшысы А.Ҳайтов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты М.Ибрагимов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, депутат Ш.Утемисов  шығып сөйлеп, елимизде соңғы жыллары ҳәр бир тараўда алып барылып атырған  реформалар, Раўажланыў стратегиясы тийкарында елимизде жүз берип атырған жаңалықлар, билимлендириў тараўында жасларға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлықларға тоқтап өтилди.

Ушырасыўда университеттиң 150 студенти партия қатарына қабыл етилип, 10 студент жас кадрлар резервине алынды.

Илажға белсене қатнасқан жасларға Президентимиздиң шығармалары саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF