Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:33:32, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ГЕЗЕКТЕГИ ТАҢЛАЎ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫНА СЕРТИФИКАТЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның гезектеги мәжилиси өткерилди.

Мәжилиске усы комиссия ағзалары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов ҳәм бас­қалар шығып сөйлеп, Жоқарғы Кеңес жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да инс­титутларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен мәмлекетлик социаллық буйыртпа ушын жәрия­ланған екинши таңлаў, сондай-ақ, мәмлекетлик грант бойынша жәрия­ланған төртинши таңлаў ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, Жоқарғы Кеңес жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен «Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеў, ажырасыўлардың алдын алыўға көмеклесиў» бағдарындағы мәмлекетлик социаллық буйыртпа бойынша екинши таңлаў, «Жәмийетте саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да инс­титутларының белсендилигин арттырыў» атамасында мәмлекетлик грант ушын төртинши таңлаў жәрияланған еди.

Жәмийетимизде шешилмей атыр­ған мәселелер көп. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары өзлериниң усындай жойбарлары менен белсене қатнасса, халықты қыйнап киятырған көплеген машқалалардың шешилиўинде мәмлекетлик уйымларға қол-қанат болса, көплеген мәселелердиң шешилиўине ерисиледи.

Жоқарғы Кеңес жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның эксперт топары тәрепинен усы таңлаўларға келип түскен жойбарлар тийисли тәртипте үйренип шығылып, өткен комиссия мәжилислеринде жеңимпазлар анықланды.

Социаллық буйыртпа бойынша «Шаңарақ» илимий, жәмийетлик, гуманитар ҳәм жаслар басламалары орайынан «Бахытлы шаңарақ» жойбары, Мәмлекетлик грант бойынша «Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминен «Өзгеше шеберлер орайы» жойбары, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминен «Миллий ойын­лар-миллий мақтаныш» жойбары, «Жайҳун илҳомлари» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминен «Бес баслама -  бес имканият» жойбары жеңимпаз болды.

—  Елимизде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ушын үлкен имканиятлар жаратылмақта,-дейди «Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Г.Турсымуратова.

Жоқарғы Кеңес жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен мәмлекетлик социаллық буйыртпа ҳәм мәмлекетлик грант бо­йынша жәрияланған таңлаўлар да усылар қатарына киреди.

Бул таңлаўларда бир қатар мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер өз жойбарлары менен қатнасып, жеңимпаз болып, халықты қыйнап атырған көплеген машқалалардың шешилиўинде мәмлекетлик уйымларға қол-қанат болмақта.

Гезектеги таңлаўда  бөлимимиз «Өзгеше шеберлер орайы» жойбары менен қатнасып жеңимпаз болды.

Жойбарымыздың мақсети —жәмлеспеген, жәмийетке араласа алмай жүрген, айрықша итибарға мүтәж, үйинде отырған ҳаял-қызларымызды қоллап-қуўатлаў, олар арасында үгит-нәсият илажларын әмелге асырыў, шебер тигиўшилеримиздиң қатнасыўында шеберлик сабақларын, арнаўлы семинарлар, мастер-классларды өткериў арқалы оларды жәмийетшиликке қосыў, кеминде онлаған ҳаял-қыздың өзин-өзи бәнт етиўине, тигиўшилик бойынша өз жумысларын баслаўына жәрдемлесиў болып есапланады.

Мәжилисте усы таңлаўларда жеңимпаз болған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге сертификатлар тапсырылды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF