Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:13:47, 12.10.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСТИҢ БАСЛЫҒЫ ШЕТКИ АЙМАҚЛАРДЫҢ ТУРҒЫНЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыздың ең шетки аймағында жайласқан «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйынларында болып, пуқаралар менен ушырасты.

Дәслеп «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, улыўма билим бериў мектеби ҳәм спорт имаратларында болып, жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Бул жерде мийнет етип атыр­ған қәнигелер менен сәўбетлесип, мектепке компьютер топламы, китаплар ҳәм спорт инвертарьлары тапсырылды.

Буннан кейин Жоқарғы Кеңестиң Баслығы халықаралық әҳмийеттеги А-380 «Гүзар — Бухара — Нөкис — Бейнеў» автомобиль жолының 964-1204 километри аралығындағы 240 километр жолды реконструкциялаў жумыслары менен танысты.

Азия раўажланыў банки тәрепинен қаржыландырылған объект қурылысында Қытай, Түркия, Әзербайжан мәмлекетлериниң жумысты бөлип алып ислеўши кәрханалары автомобиль жолына цементбетон қапламасын төсеўи белгиленип, ҳәзирги ўақытта бул жумыслар қытайлы қурылысшыларға ти­йисли объектте жумыслар әмелге асырылмақта.

Буннан кейин Жоқарғы Кеңес Баслығының бот каналына келип түскен мүрәжатларда көрсетилген мәселелерди барып көрди. Мәлим болғанындай посёлка пуқаралар жыйыны аймағындағы 24 хожалыққа мөлшерленген турақ жайлардың сапасы төмен болғанлықтан,  айырым машқалалар келтирип шығармақта.  Усы машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырма берилди.

Усы күни Мәденият сарайында «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жы­йыны турғынларын Жоқар­ғы Кеңес Баслығының жеке қабыллаўы өткерилди. Онда пуқаралар электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суў менен тәми­йинлеў, исбилерменлик тараўындағы айырым мәселелер бойынша мүрәжат етти.

Қабыллаўда жумыс сорап мүрәжат еткен Нурлан Қатарбаев, Рома Александров, Зинаида Байжанова сыяқлы бир қатар пуқаралардың  бәнтлиги тәмийинленди. Олар усы аймақлардағы кәрханаларға ҳәм исбилерменлик субъектлерине жумысқа орналасты. Рашид Бабаевтың исбилерменлик жумысын кеңейтиў бойынша өзи қәлеген жер орны аукцион саўдасына қойып берилетуғын болды. Және бир исбилермен Олжас Есенов түйешилик хожалығын шөл­кемлестириў ҳәм халықты түйе сүти ҳәм гөш өнимлери менен тәмийинлеў ушын жеңиллетилген кредит сорап мүрәжат етти. Аймақтағы ҳәким жәрдемшисиниң усынысы тийкарында оған кредит ажыратылатуғын болды.

Буннан басқа пуқаралардың турақ жайларын оңлап бериў, шәртнама төлемлери ҳәм материаллық жәрдем сораған мүрәжатлар унамлы шешимин тапты.

Күнниң екинши ярымында «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйыны тур­ғынларын жеке қабыллаўы болды.

Аймақ турғынлары Саламат Жаңабаев ҳәм Света Елиўбаевалардың турақ жа­йын оңлап бериў, Мырзагүл Қурбанованың шөлкемлестириўиндеги ширкет хожалығын керекли әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў бойынша мүрәжатлары шешимин таўып, тийисли қаржы ажыратылатуғын болды. Усының нәтийжесинде 17 көп қабатлы турақ жайдың ақаба суў машқаласы шешимин тапты. 

 Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың  басым көпшилиги усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар  тийисли тараў басшыларына тапсырылып, олардың орынланыўы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF