РЕФОРМАЛАР МЕНЕН ТЕҢ ҚӘДЕМ ТАСЛАП АТЫРҒАН ДӘРГАЙ
Жақында Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының мәжилислер залында усы педагогика орайы тәрепинен 2022-жылдың биринши ярым жылы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм жаңа 2022-2023-оқыў жылына таярлық процесслери менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин ҳәм кең жәмийетшиликти таныстырыў мақсетинде баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди.
Илажды усы Педагогикалық орай директоры Б.Диланов ашты ҳәм бүгинги күнде орай тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди. Буннан соң Оқыў ҳәм илимий ислер бойынша директор орынбасары И.Пирниязов сөзге шығып, жыл басынан усы күнге шекемги исленген жумыслар ҳәм жаңа оқыў жылына таярлықлар барысы ҳаққында айтып өтти.
Атап өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-майдағы «2022-2026-жылларда халық билимлендириўин раўажландырыў бойынша миллий бағдарламаны тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-134-санлы Пәрманына муўапық, Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайлары Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайларына айландырылды. Қысқаша атамасы Педагогикалық орай деп жүргизиледи.
Бүгинги күнде педагогикалық орай тәрепинен Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаўда, оларды бул бағдардағы соңғы жаңаланыўлар менен таныстырып тәжирийбе арттырыўында хызмети айрықша. Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар Педагогикалық орай алдына бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды жүклемекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-январьдағы «Халық билимлендириўи тараўындағы илимий-изертлеў жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4963-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылы 17-январьда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Халық билимлендириў хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 25-санлы қарары қабыл етилди.
Мине усы Режеде атап өтилгениндей, халық билимлендириўи хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын шөлкемлестириў, олардағы кәсиплик шеберлик ҳәм маманлық дәрежесиниң турақлы өсиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, заманагөй талапларға муўапық қайта таярлаў ҳәм турақлы рәўиште педагогикалық шеберлигин арттырып барыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў тийкарында хызметкерлерди жоқары дәрежедеги үзликсиз кәсиплик тәмийинлеўге бағдарланған бир қатар ўазыйпалар жүкленген.
— Педагогикалық орайда кафедралар жобасына тийкарланып, 2022-жылдың өткен 6 айы даўамында профессор-оқытыўшылар тәрепинен тәлим-тәрбия процесин шөлкемлестириў, билимлендириўдиң сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде шет ел журналларында 13, ЖАК дизиминдеги журналларда 25 мақала, халықаралық илимий-әмелий конференцияларда 26, республика көлеминде өткерилген илимий-әмелий конференцияларда 29 мақала тезислери жәрияланды. 3 оқыў қолланба, 17 методикалық қолланба, 30 методикалық усыныслар таярланды ҳәм баспадан шығарылды, - дейди Оқыў ҳәм илимий ислер бойынша директор орынбасары И.Пирниязов.
Илаж соңында журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
З.ЕРЕКЕЕВА,
арнаўлы хабаршымыз.