Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:43:31, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖӘМИЙЕТИМИЗГЕ САЯ САЛЫЎШЫ ИЛЛЕТ

Бүгинги күнде мәмлекетимиз тәрепинен жәмийетимиз раўажланыўы жолында бир қанша илажлар, инсан қәдири ушын ҳәм пуқаралардың мәплерин гөзлеген жойбарлар және де қарар ҳәм нызамлар ислеп шығылған.

Мине, солардан бири мәмлекетимизде кейинги жылларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли, ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта. Халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға, жәмийетте коррупцияға қарсы мүнәсибетти пайда етиўге бағдарланған системалы илажлар көрилип атыр. Сол қатары кадастр тараўында да бир қанша системалы жойбарлар әмелге асырылмақта. Усы орында айтып өтиў орынлы пуқараларымыз арасында кадастр тараўы тек ғана жер участкасын ажыратыў менен шуғылланады, жер орынларын кадастрдан аламыз деген надурыс түсиниклер жоқ емес. Ал, негизинде болса, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен  тийкарынан,  өзбасымшалық пенен нызамсыз ийелеген жер орынлары, ҳеш қандай ҳуқықый ҳүжжетлерсиз қурылған қурылысларды саплас­тырыў, оларға нызам шеңберинде белгиленген тәртипте илажлар көриў ўазыйпалары жүклетилген. Сондай-ақ, Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери болса хуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжети бол­ғанда яғный, жер ажыратыў қарары, ордери яки усыған уқсаған тийкарлы ҳүжжетлер бол­ғанда ғана кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары менен шуғылланады.

Еслетип өтиўимиз керек, бүгинги күнде тараўда ашықлықты тәмийинлеў мақсетинде таңланған жер участкаларын бирден бир электрон тәризде инсан факторы араласпаған ҳалда аукцион арқалы алыў белгилеп берилген. Жер участкаларын туўрыдан-туўры алыў толық тоқтатылған. Бирақ, соған қарамастан пуқараларымыздың исенимине кирип, алдаў жолы менен ҳеш қандай ҳуқықый ҳүжжетлерсиз жер участкасын сатаман, яки танысларым арқалы жер орын алып беремен ҳәм кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириўге жәрдем көрсетемен деўши ашынарлы жағдайлар да халқымыз арасында көплеп ушырасып атыр. Негизинде бос жер участкаларын туўрыдан-туўры алыў яки сатыў жер кодекси менен қадаған етилген.

Егер жоқарыдағы сыяқлы жағдайлар гүзетилсе ҳеш қашан исенип, алданып қалмаўыңызды сондай-ақ, бундай ҳалатта Кадастр органларының исеним телефонларына хабар берсеңиз болады.

Жуўмақластырып айтқанда, мәмлекетимиздиң еркин ҳәм абат турмысына сая салыўшы коррупцияға қарсы және де жедел гүресиў талап етиледи. Бул бағдарда реформалар еле де даўам етеди, себеби олардың тийкарғы мақсети елимизде жасап атырған ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық тәмийинлеў ҳәм демократиялық ҳуқықый мәмлекетти қурыўдан ибарат.

 

И.Тлеуов,              

Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF