НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР МЕНЕН ЖАҢАЛЫҚЛАР ТАНЫСТЫРЫЛМАҚТА
Ҳәзирги ўақытта Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлердеги қәнигелердиң қатнасыўында пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары) ушын оқыў-семинарлар өткерилмекте.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде, олар, белгиленген бир ҳәптелик мүддет даўамында қала ҳәм районлар кесиминде топарларға бөлинип, график бойынша гезек пенен оқытылмақта.
Мақсет – пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)ның билим ҳәм көнликпелерин арттырыў болып есапланады.
Усы ҳәптеде гезектеги топар ушын оқыў-семинар басланды.
Онда Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәҳәлле институты, оның жәмийеттиң раўажланыўындағы роли, аймақтың абаданлығын, халықтың аўызбиршилигин сақлаў, аймақтағы машқалаларды үйрениў ҳәм шешимин табыў, кекселерди ҳүрметлеў, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў, халықтың ийгилиги ушын хызмет ететуғын әҳмийетли илажларды өткериўдеги ҳәм әмелге асырыўдағы әҳмийети туўралы мағлыўматлар берилип, сабақ даўамында усы мәселелерге үлкен итибар қаратыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары) бир ҳәпте даўамында, тренер-модераторлар тәрепинен өткерилген сабақларда нызамшылықтағы тараўға тийисли өзгерислер менен жаңалықлар, алда турған ўазыйпалар туўралы мағлыўматларға ийе болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги