Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:11:47, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕЎИЛ ХОШЛЫҚ, ӨМИРГЕ МАЗМУН БАҒЫШЛАЎШЫ ДӨРЕТИЎШИЛИК ИСЛЕР

Өтип атырған ҳәр бир күн бизди, жанажан Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамына жақынластырмақта. Усындай бир мәўритлерде Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының жәрияланыўы, байрамға таярлық ислерине және де өзгеше түс, өзгеше руўх бағышламақта.

Әлбетте, буннан отыз бир жыл бурын жанажан Ўатанымыз ерискен миллий ғәрезсизлик,  ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийет қурыў, оның күш-қүдиретин  беккемлеў имка­ниятын жаратты.

Бүгинги күнде 2022-2026-жылларға белгиленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў бағдарында, халқымыз бенен мәсләҳәтли түрде әмелге асырылып атырған реформалар, елимизде инсан қәдир-қымбатының жоқары дәрежеде улығланыўына хызмет етпекте.

Ҳәр күни көз оңымызда болып атырған дөретиўшилик ислер, жаңаланыўлар, абат аўыллар менен абат мәҳәллелер, абат көшелер, зәўлим жайлар менен мийўели бағлар, булардың барлығы Жаңа Өзбекстанда инсанның өз қолы менен жаратып атырған, дөретиўшилик мийнетлериниң жемиси, туўры ҳәм әдил сиясат нәтийжеси есапланады.

Соңғы жылларда, анығырағы, 2017-жылдан баслап Мойнақ районына, оның мәрт ҳәм мийнеткеш хал­қына қаратылған айрықша итибар, үлкен тарийхый бурылыс болды.

Мине, сол ўақыттан берли районда алып барылып атырған социал-экономикалық, экологиялық тараўлардағы көлемли жумыслар бүгин өз нәтийжесин берип, Мойнақ гүлленген қалаға, гөззал бостанға айланбақта.

Мәмлекетимиз басшысы 2017-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында  шығып сөйлеген сөзинде Арал машқаласына пүткил дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратты.

Арал әтирапында жасаўшы халықтың, теңиздиң қурыўы менен байланыслы экологиялық қыйыншылықларын жумсартыў мақсетинде, Президентимиз басламасына тийкар, теңиздиң қурыған түбинде 1 миллион 126 гектарлық  майданда әмелге асырылған ийгиликли жумыслар, мәмлекетимиздеги беккем аўызбиршиликтиң, жәмлескенликтиң нышаны болды.

Барлық ўәлаятлардан зәрүр техникалар, қол күши жетип келип, жергиликли халықтың жәмлесиўи менен қыстың қақаман суўығын писент етпестен сүрилген майданларға сексеўил ҳәм басқа да дузға, қумға шыдамлы өсимлик түрлерин егиў жумыслары алып барылды.

Бүгин бул ийгиликли жумыслар өз жемисин берип, Аралдың қурыған ултанында жасыл майдан пайда болды, қүдиретли техникалар күши, инсан мийнети менен булақлар көз ашты.

2019-жылда қайта тикленген Бозатаўдың боз топырағында, бахытлы турмыс ушын басланған унамлы басламалар, аймақ халқының кеўлине хошлық, өмирине мазмун бағышлады.

Район орайында алып барылған ири қурылыс жумыслары нәтийжесинде  көп қабатлы турақ жайлар, саўда комплекслери, 1000 орынға мөлшерленген амфитеатр, спорт майданшалары, Жаслар орайы сыяқлы объектлер иске түсирилип, жолларда оңлаў жумыслары жүргизилди.

Усындай халық пәраўанлығын гөзлеп әмелге асырылып атырған ири көлемдеги жумысларды, пайтахтымыз Нөкис қаласынан баслап, барлық районларда ҳәр күни бақлап бармақтамыз.

Елимизде «Инсан қәдири ушын» идеясы негизинде исленип атырған бундай салмақлы жумыслар, кекселеримиздиң қәлбинде шүкирлик, жасларымыздың қәлбинде келешекке болған уллы исеним туйғыларын беккемлемекте.

Мәмлекетимизде барлық тараўларда жүз берип атыр­ған жаңаланыўларда, елимиздеги миллетлер аралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик орталығында орны айрықша.

Ҳәзирги ўақытта елимизде 130 дан артық миллет ҳәм 16 диний конфессиялар ўәкиллери, дослық-татыўлықта, жаратылған кең мүмкиншиликлерден еркин пайдаланып, аўызбиршилик пенен Ўатанымыздың раўажланыўына өз үлеслерин қоспақта.

Мәмлекетимиз бойынша билимлендириў мәкемелеринде сабақлар 7 тилде алып барылса, телекөрсетиўлер менен радиоеситтириўлер 12 тилде, газета ҳәм журналлар 10 нан артық тиллерде басып шығарылып атырғанлығы, барлық миллет ўәкиллерине бирдей ҳүрмет ҳәм итибардың көриниси болып табылады.

Улыўмаластырып айтқанда, Жаңа Өзбекстанда жасап атырған ҳәр бир инсан ушын, бул муқаддес Ўатан, ел қаншелли әзиз болса, мәмлекетимиз ушын онда жасаўшы ҳәр бир инсан ҳәм оның қәдир-қымбаты сондай әзиз.

 

 Халқым тыныш атқан таңларың әзиз,

Бүлбиллер сайраған бағларың әзиз,

Журтбасшым қәдеми қут болды елге,

Бахтың бәлент болған шағларың әзиз.

Ҳеш қашан кем болмас елин сүйгенлер,

Қәлбине меҳирден ғумша түйгенлер,

Тилинде шийрин сөз, көксинде қолы,

Досқа қушақ ашып баўрын ийгенлер.

Елим ерлер урған жәўланлар әзиз,

Дослық жүгин артқан кәрўанлар әзиз,

Журтсүйер Журтбасшы жарасып елге,

Бахыт инам еткен дәўранлар әзиз.

Суўлар тасып келсин бәлент таўлардан,

Баслар аман болсын түрли ғаўлардан,

Муқаддес топыраққа етейик тәжим,

Бабалар асыраған түрли жаўлардан.

Күндиз қуяш, ақшам жулдызлар әзиз,

Келешек ийеси ул-қызлар әзиз,

Ҳәзирети дийқаным ҳадал мийнеттен,

Көп пенен татысқан нан-дузлар әзиз.

 

Раўаж ОТАРБАЕВ,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF