ҚОҢЫРАТЛЫ МӘҲӘЛЛЕ ЖАСЛАРЫ ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИНЕ САЯХАТ ЕТТИ
ӨзЛиДеП Қоңырат районлық Кеңеси тәрепинен жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардың кәсип-өнерге, исбилерменликке болған қызығыўшылықларын арттырыў мақсетинде райондағы «Жулдыз» тигиўшилик цехына саяхаты шөлкемлестирилди.
Мақсет – мәҳәлле жасларын исбилерменликке кеңнен тартыў, жумыссыз жасларды жумыс пенен тәмийинлеўге жәрдем бериў, сол арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў болып есапланады.
Онда сөзге шыққанлар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, исбилерменликти және де раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар туўралы мағлыўматлар берип, әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.
Саяхат даўамында кәрхана баслығы Жулдызхан Алимова өз жумысын қалай баслағаны, исбилерменликти баслаўда көбирек нелерге итибар бериў зәрүр екенлиги туўралы өз турмыслық тәжирийбелеринен келип шығып жасларға мәсләҳәтлер берди.
– Мен өз жумысымды баслаған ўақтымда, дәслеп 2015-жылы «Өнермент» шөлкемине ағза болдым,-дейди Ж.Алимова. – Соң, «Қишлоқ қурилиш банк»тиң районлық филиалынан 17 миллион 500 мың сум муғдарында 4 процентлик жеңиллетилген кредит алдым ҳәм өз жумысымды басладым.
Ҳәзирги күнде мәҳәлледеги жумыссыз 5 ҳаял-қызды турақлы жумыс пенен тәмийинледим. Кәрхананы және де кеңейтиў мақсетинде быйыл да «Халқ банки» нен 33 миллион сум муғдарында 8 процентлик кредит алдық. Тигиўшилик кәрханамызда тийкарынан ҳәр қыйлы көйлек ҳәм мектеп формалары тигиледи.
Илаж даўамында жаслар бул жердеги жумыс процесслери менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги