Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:32:49, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОМИТЕТТИҢ ГЕЗЕКТЕГИ МӘЖИЛИСИ

Өткен жума күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң гезектеги мәжилиси болып, оған комитетке ағза депутатлар, халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслериниң депутатлары ҳәм секретариат баслықлары, сондай-ақ, мәжилис күн тәртибинде орын алған мәселелер бойынша тийисли тараў хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Мәжилисти комитет баслығы З.Реймова кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар негизинде халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмыс шараятын жақсылаўға, жәмийетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеўге, сондай-ақ, жәмийет қәўипсизлиги мәдениятын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Ҳүрметли Президентимиздиң 2021-жыл 21-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасының жәмийетлик қәўипсизлиги Концепциясын тастыйықлаў ҳәм әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында белгиленген ўазыйпалар тийкарында ишки ислер уйымларының профилактика ҳәм пробация инспекторлары, патруль-пост ҳәм жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жумысын баҳалаў тәртибин сын көзқарас­та қайта қарап шығыў ҳәм нәтийжелилик индикаторларын өз ишине алған рейтинг системасын енгизиў, сондай-ақ, Концепцияның 30-бәнтинде ишки ислер уйымлары қурамында районлар аралық патруль-пост хызмети бөлимшелерин шөлкемлестириў белгиленгенлиги халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўде тараў хызметкерлериниң жуўапкершилигин және де арттырады.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе — Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикалық жағдайы ҳаққында жылдың биринши ярымында әмелге асырылған ҳәм келешекте ислениўи тийис жумыслар бойынша министр орынбасары Б.Избасаров, минис­трликтиң Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баслығы С.Казбековтың есабатлары тыңланды.

Буннан соң «Норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққында» Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары Э.Турсыновтың, «2022-жылдың биринши ярымында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында» Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И.Арзиевтиң есабатлары тыңланды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң өткен ҳәптеде болып өткен 29-жалпы мәжилисинде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам актлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам жойбары қарап шығылды. Нызам менен Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы, «Ишки ислер уйымлары ҳаққында»ғы Нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилип, усы өзгерислер тийкарында:

— Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри ҳәм оның орынбасарлары ҳәр шеректе Жоқарғы Кеңеске есабатларын усыныў тәртибиf

- қалалық ҳәм районлық Ишки ислер бөлимлериниң баслықлары ҳәр шеректе, орынбасарлары ҳәр айда, мәҳәлле ҳуқықый тәртип пунктлериниң профилактика аға инспекторлары ҳәр алты айда халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге есабатларын усыныўы;

- ишки ислер уйымларының жумыслары үстинен парламентлик ҳәм жәмийетшилик қадағалаўының жаңа системасы орнатылғанлығы, ишки ислер уйымларының баслығынан тартып профилактика инспекторына шекем халық алдында есабат бериў әмелиятының енгизилиўи нызам менен белгиленбекте. Сонлықтан бундай мәжилислер бул бағдардағы жумысларда кемшиликлерге жол қойып атырған, көбирек сынға алынған районларда көшпели тәризде өткерилетуғынлығы комитет баслығы тәрепинен айрықша атап өтилди.

Мәжилис соңында мәлимлеме ҳәм есабатлардың жуўмағы, сораў-жуўаплар ҳәм билдирилген пикир-усынысларды итибарға алған ҳалда тийисли шешим қабыл етилди.

Қ.МАМБЕТНИЯЗОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF