Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:21:30, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НӨКИС ҚАЛАСЫНДА 383 ЖАСҚА ВАУЧЕР ТАПСЫРЫЛДЫ

Нөкис қаласындағы «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслардың автотранспорт қураллары айдаўшыларын таярлаў курсының қәрежетлерин қаплаў ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж  жаслардың мобилизациялық шақырыў резервинде хызметти өтеў төлемин толық муғдарда қаплаў ушын субсидиялар ажыратылып, 383 жасқа ваучер тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласындағы көркем өнер сарайында болып өткен илажда Өзбекстан жаслар ислери агентлигиниң директоры А.Садуллаев Президентимиз басшылығында келешегимиз болған жас әўладты қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Бүгинги күни жаслар сиясатына елимизде айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәр жылы 30-июнь сәнеси Жаслар күни сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.

Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасы жасларының социаллық-экономикалық машқалаларын, усыныс ҳәм тилеклерин үйрениў, оларды сапластырыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Жаслардың машқалаларын анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша «Нөкис қаласы тәжирийбеси» жаратылды.

Бул бойынша жумысшы топар Нөкис қаласының 4 секторына бириктирилди. Олар жаслар жетекшилери менен биргеликте 64 мәкан пуқаралар жыйынында үйме-үй жүрип хатлаў өткерилди ҳәм 14-30 жас аралығындағы 74 мың 683 жастың балансы толық қәлиплестирилди.

Усы тийкарда анықланған ҳәр он бесинши жумыссыз ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған 4 мың 820 жасқа 19 жәрдем түри бойынша «Жаслар дәптери» электрон платформасы жаратылды. Атап айтқанда, 1 мың 562 социаллық қорғаўға мүтәж жасқа бир мәртелик жәрдем пулы ажыратыў, 864 оқыўшыны мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў, 833 жастың шәртнама пулын төлеў, 567 жумыссыз жастың бәнтлигин тәмийинлеў ушын мийнет қуралларын ажыратыў,  243 жастың мобилизациялық шақырыў резервиндеги хызметти өтеў толық қаплаў, 140 жасты айдаўшылық курсында оқытыў, 154 оқыўшы жасты исбилерменлик, кәсип-өнер, шет тиллери ҳәм илим бағдарында оқытыў, 141 наўқас жасты емлеў ҳәм медициналық үскенелер менен тәмийинлеў, 129 жасты жумыс пенен тәмиийинлеў бағдары бойынша «Жаслар дәптери»не киргизилди. Соннан 4 мың 820 жастың социаллық-экономикалық машқалаларын шешиў ушын-27,3 миллиард сум, исбилерменлик жумысына жеңилликли кредит ажыратыў ушын-2,3 миллиард сум қаржыға зәрүрлик бар екенлиги анықланды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров, Арқа-батыс әскерий округиниң сәркардасы, полковник Ф.Шерматов, Өзбекстан жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары Ф.Аблаяров, Нөкис қаласының ҳәкими У.Панаев, Өзбекстан жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Р.Мақсетбаев жасларға ваучерларды салтанатлы жағдайда тапсырды.

Өз гезегинде ата-аналар ҳәм бир қатар жаслар шығып сөйлеп, көрсетилип атырған ғамхорлығы ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

-Әскерий хызметти өтеў кишкенелигимнен әрманым еди,-дейди Нөкис қаласындағы «Көк өзек» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Руслан Әўезов.-Бирақ шаңарақ жағдайыма байланыслы оның төлеминен қыйналып киятырған едим. Бүгин маған 6 миллион 467,6 мың сум төлеп берилетуғын болды.Буннан жүдә қуўанышлыман. Себеби бул машқала мени тәшўишке салып келмекте еди.

Күнниң екинши ярымында жаслардың Арқа-батыс әскерий округине ҳәм автотранспорт қураллары айдаўшыларын таярлаў оқыў орынларына саяхаты шөлкемлестирилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF