Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:16:24, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НӨКИС ҚАЛАСЫНДА ГЕЗЕКТЕГИ КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎЛАР БАСЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары  У.Мухаммадиевтиң басшылығында Нөкис қаласындағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында пуқаралардың социаллық-экономикалық мәселелер бойынша мүрәжатларына унамлы шешим табыў мақсетинде гезектеги көшпели қабыллаўлар  басланды.

Бул жерге тек Нөкис қаласынан емес, республикамыздың басқа районларынан да пуқаралар өзлериниң күнделикли турмысында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалаларына шешим табыў мақсетинде келип, тийисли тараўларға мүрәжат етпекте. Олардың мүрәжатларын иркинишсиз қабыл етиў бойынша барлық шараятлар жаратып берилди. Таң азаннан пуқаралар өзлерин қыйнап киятырған машқалалар бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўапларын алды. Олардың көпшилиги усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Ўақыт талап ететуғын мәселелер қәнигелер тәрепинен үйренип шығылмақта.

Экология бүгинги күнниң тийкарғы машқалаларының бири. Сонлықтанда Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетине пуқаралардан түрли мәселелерде 12 мүрәжат келип түсти. Олардың көпшилиги усы жердиң өзинде шешимин тапты. Саламат Есимбетов Кегейли районынан келген. Ол боян тамырды экспорт етиўге әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Оған қәнигелер тәрепинен тийисли жәрдем  берилетуғын болды.

-Бундай көшпели қабыллаўлардың шөлкемлестирилиўи пуқараларға айрықша имканият жаратып береди,-дейди Нөкис қаласынан Ислам Дәўлетмуратов. -Көптен берли бос турған бәндиргиде халыққа хызмет көрсетиў орнын ашыўды мақсет етип жүрген едим. Усы мәселеде Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жолларынан пайдаланыў бас басқармасының қәнигелерине мүрәжат еттим. Мениң мүрәжатым иркинишсиз қабыл етилди. Қәнигелер тәрепинен үйренип шығылып, жақын күнлерде тийисли жуўап берилетуғын болды.

Қабыллаў даўамында билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, халыққа коммуналлық хызмет көрсетиў тараўларына, Әдиллик, Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрликлерине пуқаралардан көплеген мүрәжатлар келип түсти.

Усы күни Нөкис қаласы Әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен пуқараларға көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.

Көшпели қабыллаў даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF