НӨКИСТЕ «ИНСАН САЛАМАТЛЫҒЫ» ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ АКЦИЯСЫ БОЛЫП ӨТТИ
Халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын буннан былай да арттырыў, оларға еле де қолайлы шараят жаратыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен Нөкис қаласында «Инсан саламатлығы» сүрени астында қайырқомлық акциясы болып өтти.
Президентимиз тәрепинен соңғы жыллары республикамыз халқына көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасы ҳәм көлемин арттырыў, араўдағы алдыңғы жетискенликер менен инновацияларды емлеў-даўалаў процесине енгизиў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Акцияда республика қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларынан 14, Бухара ўәлаяты денсаўлықты сақлаў басқармасынан ҳәм Бухара мәмлекетлик медицина институтынан 44, Хорезм ўәлаяты денсаўлықты сақлаў орайларынан 22, республика қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан аймақлық филиалынан ҳәм Қарақалпақстан медицина институты клиникасынан 62, жәми 142 жоқары маманлықтағы қәнигелер, 183 орта буўын медицина хызметкери, сондай-ақ, Нөкис қаласындағы жеке меншик медицина мәкемелериниң қәнигелери қатнасты.
Илажда 2 дана мобиль маммограф, мобиль рентгенография автотранспорты, 2 дана мобиль дәрихана, 2 мобиль клиника (УЗИ, офтальмология) тәрепинен көшпели хызмет көрсетилди. Буннан тысқары, 437 пуқара ультрасес (УЗИ), 111 пуқара электрокардиография (ЭКГ), 251 пуқара рентген, 93 пуқара маммограф, 110 пуқара глюкометр өлшегиши жәрдеминде қанттың муғдарын анықлаў тексериўлеринен өткерилди.
-Бундай акциялардың өткерилиўи халықтың емлеў орынларына барып, гезек күтиўиниң алдын алады, қәлеген қәнигесине бир орында хабарласып, тийисли мәсләҳәт алыўына имканият жаратады,-дейди Нөкис қаласының турғыны Тимур Юсупов.-Жақында ғана маған бийпул эндопротезлеў әмелияты өткерилди. Бүгин бул жерге келип, қәнигелерден керекли мәсләҳәт алдым. Буннай акциядан халқымыз жүдә миннетдар.
Қайырқомлық акциясы даўамында 597 пуқараға дәри-дәрмақ, фиточай, социаллық жәрдемге мүтәж 120 майыплығы болған шахсқа кресло-майыплық арбашасы, 50 тонометр, 35 еситиў аппараты, 233 наўқасқа ҳәрекет-таяныш қуралы, балаларға 155 тис пастасы ҳәм щёткасы бийпул тарқатылды.
Илаж даўамында республикамыз аймағындағы 13 емлеў мәкемесине 403 наўқас жатқарылды. Соннан 322 наўқасқа консерватив, 81 наўқасқа оператив медициналық жәрдем көрсетилди.
Еки күн даўам еткен акцияда 4338 пуқара медицианлық тексериўден өткерилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги