Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:51:54, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМ ЖОЙБАРЫ ДОДАЛАНДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде мәжилис болып өтти.

Сенаттың Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети, Жоқарғы Кеңестиң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитети менен биргеликте өткерилген мәжилиске Сенат ағзалары, Жоқар­ғы Кеңес депутатлары, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери, судьялар ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасының «Ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар ҳаққында»ғы жаңа редакциядағы Нызам жойбары додаланды.

Додаланып атырған Нызам жойбарының тийкарғы мақсети ­ ҳәкимшилик актлерди қабыл етиў, өзгертиў, орынлаў ҳәм бийкар етиўге қаратылған ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әмелге асырыў бойынша мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат.

Сонлықтан жаңа редакцияда ислеп шығылған нызам жойбары бойынша тийисли тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланды.

Атап өтилгениндей, усы нызам жойбары пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик уйымлары менен ислесиўде анық тәртип-қағыйдаларды белгилеўге, олардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин мәмлекет   уйымлары хызметкерлериниң ҳуқыққа қарсы ҳәрекетлерден қорғаўға, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың бирден-бир ҳәм ашық-айдынлық механизми жаратылыўына, усы процеслерде коррупциялық жағдайлардың жүзеге келиўиниң алдын алыўға алып келеди.

Ең тийкарғысы, Нызам жойбары бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен алға қойылған «Мәмлекет ­ инсанлар ушын» деген халықшыл идеяны әмелге асырыўға тийкар болып хызмет етеди.

С.ЖАНИЕВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF