Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:11:57, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ГҮЛИСТАН СТУДЕНТ БОЛДЫ…

Әлбетте, ким болмасын, алдына анық мақсет қойып, сол мақсетине жетисиў ушын тыным билмей мийнет етсе, жемисин көрип, жарыққа шығары әйне ҳақыйқат.

Мине, бүгин буны және бир мәрте Гүлистан Пердебаева мысалында көргендей болдық. Биринши Президентимиз «Ҳеш нәрсе мәмлекетти спорт киби дүньяға тез таныта алмайды», деп атап өткениндей, соңғы жыллары көпшилик жасларымыз мәмлекетимиз байрағын  жәҳән ареналарында желбиретип, жеңимпазлық минберинен орын алмақта.  Әлбетте, бүгинги күни республикамызда дене тәрбиясы ҳәм спортқа қаратыл­ған жоқары итибардың нәтийжесинде көпшилик жасларымыз Жәҳән, Азия ҳәм мәмлекет чемпионлары болып, ата-анасы, тәрбиялаған устазы ҳәм тренерлерин қуўанышқа бөлеп, ал, базылары болса жоқары оқыў орынларына имтихансыз студент болыў бахтына ерисип атырғанларының гүўасы болмақтамыз. 

Өзи кишкене болыўына қарамастан қылышпаз қыз сыпатында көпшиликке танылып үлгерген жерлесимиз Гүлистан Пердебаеваның бул спорт түри менен турақлы шуғылланып киятырғанына төрт жылдың майданы болды. Әўелден өзиндеги усы спортқа болған инта, талапшаңлық, услаған жерин жаздырмайтуғын характери менен де тренеринде үмит ушқынын оятып, өзгеше тәсир қалдырған Гүлистан дәслеп Өзбекстан чемпионатында жеңимпаз болды. Ал, соңынан 2021-жылы Египетте өткерилген жас өспиримлер арасындағы жәҳән чемпионатында қатнасты. Ташкент қаласында өткерилген жәҳән кубогында сайланды команда қурамында алтын медальды қолға киргизиўге миясар болды. Кем-кемнен тәжирийбе топлаған спортшы қызымыз Гүлистан жақында Ташкент қаласында өткерилген Азия чемпионатында кадетлер ҳәм жас өспиримлер арасында өткерилген жарыста еки алтын, жас өспиримлер арасындағы командалық жарыста болса гүмис медальды қолға киргизди, деген қуўанышлы хабардан бәршеңиз хабардар болсаңыз керек.

Жасыратуғыны жоқ, көпшилигимиз перзентлеримиздиң усы қыздай жетискенликке ерисип, чемпион болыўын қәледик. Көпшиликтиң ҳәўесин келтирген, дүньяға танылған қылышпаз Зайнап Дайыбекова менен беллесиўде 15:12 есабында, ал, австралиялы Вероника Васильеваны 15:7 есабында утып, алтын медальға ылайық болған, ең тийкарғысы, өзиниң Азия континентиниң ең күшли спортшылары қатарынан орын алғанын дәлилледи. 

 —Қылышпазлық спорты бизде енди өзиниң раўажланыў басқышына көтерилип, көрип турғаныңыздай, нәтийжесин көрсетип атыр. Өйткени, қысқа пурсат ишинде жасларымыздың халықаралық жарысларға қатнасып, аўыз толтырып айтыўға арзырлық табыслары, әлбетте, буның айқын дәлили деп ойлайман. Мысалы, Зайнаб Да­йыбекова, Наргиза Жақсыбаева, Аякөз Жумамуратова, Шерзодбек Мамутов, Пазылбек Генжебаев ҳәм тағы басқалардың Азия чемпионатларында қолға киргизген табыслары бәршемиздиң кеўлимизде мақтаныш сезимлерин оятқаны анық. Тийкарғысы, спортшыларымыздың мийнети Президентимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, олардың өзи таңлаған спорт түри менен профессионал дәрежеде шуғылланыўы ушын кең мүмкиншиликлер жаратылған.  Чемпионатларда қатнасса жеңимпаз болсын-болмасын, тәжирийбе топлайды. Бундай жарыслар жас спортшылардың қызығыўшылығын және де арттырады, өз үстинде еле де ислеп, алға қарай талпыныўына түртки болады. Енди шәкиртим Гүлистаннан үмитим оғада мол. Күтерим де көп. Тийкарғысы, оннан алдағы жарысларда да жеңимпаз болып, мийнетимизди қайтарады, деген үмиттемен,-дейди тренери Сәрдар Назарымбетов.

Ҳақыйқатында да, елимизде Гүлайым, Тумарис­тей батырлардың урпақларының саны артып атырғанлығы, оның даўамшылары ис пенен нәтийжеге ерискенлиги бизди қуўандырады. Азия чемпионы, спортшы Гүлистан да бүгинлиги тынымсыз мийнетиниң арқасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Дене мәденияты» факультетине имтихансыз студент болыў бахтына еристи. Әлбетте, бул оның жеңимпазлық майданына таслаған соқпағының дәслепки қәдемлери десек асыра айтқан болмаймыз. Себеби, Гүлистаннан еле буннан да бәлент шоққылардан орын ийе­леўин күтип қаламыз.

Сапура ТУРДЫБЕКОВА,

Сүўретте: Г.Пердебаева.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF