Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:36:21, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДОСЛЫҚ ҲӘМ ТАТЫЎЛЫҚ ­ БИЙБАҲА БАЙЛЫҚ

Мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, олардың мүшкилин жеңил етиў, сондай-ақ, миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Хабарыңыз бар, усы жылдың 1 ҳәм 2-июль күнлери Нөкис қаласында болып өткен ўақыялар бәршени тәшўишке салды. Әлбетте, бундай кеўилсиз ўақыялар халықлар арасында миллетлер­аралық дослық ҳәм татыўлықтың жоғалыўына, елимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўына, халқымыздың тыныш-татыў ҳәм абадан турмыста жасаўына унамсыз тәсир ететуғынлығын бәршемиз жақсы билемиз.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Тынышлық ҳәм татыўлық бийбаҳа байлық» атамасында ушырасыў болып өтти. Илажды филиал директоры А.Аяпов басқарып барды. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Б.Матмуратов, Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри Қ.Турдиев, Нөкис қаласы ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасының баслығы З.Зайтовлар шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жүз берген кеўилсиз жағдайлардың унамсыз ақыбетлери, бүгинги глобалласыў дәўиринде тынышлықтың қәдирине жетип жасаў қаншелли әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, ушырасыўда директор мәсләҳәтшиси Қ.Якубов, профессор-оқытыўшылардан Н.Қаллибеков, М.Исмайловалар шығып сөйлеп, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларды түрли бузғыншы идеялар тәсиринен қорғаўда биз педагог жәмәәти турақлы үгит-нәсият жумысларын алып барыўымыз кереклигин билдирди.    

Илажда атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң айрықша итибары нәтийжесинде Қарақалпақстанда кең көлемли дөретиўшилик жумыслары алып барылмақта. Буны республикамыздың барлық орынларында, әсиресе, ең шетки аўылларымызда, Арал теңизиниң қурыған түбинде жасыл қапламаларды пайда етиўде алып барылып атырған жумыслардан көриўимизге болады.

Әлбетте, бул әмелге асырылып атырған реформалардың бәршеси халықтың жасаў шараятын жақсылаў, инсан мәпин улығлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың әмелий көриниси болып табылады.

Филиал баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF