ШЫМБАЙЛЫ ЖАС БОКСШИЛЕР ҚАЗАҚСТАНДА ЖЕҢИМПАЗ
Шымбай районында жас әўладты спортқа қызықтырыӯ ҳәм олардыӊ спорт пенен турақлы шуғылланыўына қолайлы шараятлар жаратып бериў бойынша көлемли жумыслар алып барылмақта.
Бунда районда жайласқан Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниӊ басшылары ҳәм устаз-тренерлери тәрепинен үлкен жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, бүгинги күни спорттыӊ 20 түри бойынша 1436 бала турақлы түрде шуғылланыўға қатнаспақта.
Әсиресе, спорт мектеби тәрбияланыўшылары миллий гүрес, самбо, бокс, гандбол, баскетбол, таэкван-до-ВТФ, стол тенниси, қол урысы, бел алыў үш гүрес бойынша өткерилетуғын жарысларда үлкен жетискенликлерди қолға киргизип келмекте.
Буныӊ айқын мысалы ретинде, 25-28-июль күнлери аралығында Қазақстан Республикасы Алма-ата қаласында спорттың бокс түри бойынша 2005-2006, 2007-2008, 2009-2010 жыллары туўылған жас өспиримлер арасында өткерилген халықаралық жарыста бир қатар табысларға ерискенлигин айтып өтиўимизге болады.
Атап айтқанда, спорт мектеби оқыўшыларынан Ақылбек Жаңабаев , Асадбек Генжебаев ҳәм Айдос Асановлар 1-орынды, Асқар Бақбергенов , Бахрам Қосжетеров , Нурлан Қайыржанов 2-орынды, Әдилбек Қалмуратов, Ҳасылбек Жаңабев 3-орынды ийелеўге ерисип, мектеп жәмәәтин үлкен қуўанышқа бөледи.
Шымбайлы жас боксшилерди бул жарысқа тәжирийбели тренерлерден Абай Нурыллаев, Саламат Аллаханов ҳәм Избасар Байназаровлар таярлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги