АҚМАӉҒЫТТА ҚУРЫЛЫС ИСЛЕРИ ҚЫЗҒЫН
Нөкис районында быйылғы жылы мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы тийкарында, 7 млрд 685 млн сумлық 3 жойбарды әмелге асырыў режелестирген.
Атап айтқанда, район орайынан улыўма баҳасы 3 млрд 294 млн сумлық Мәмлекетлик хызметлер орайы, улыўма баҳасы 2 млрд 903млн сум «Өзбекстан», «Бердақ» ҳәм «Жипек жолы» көшелерин оӊлаў, жаӊадан велосипед жолларын қурыў ҳәм «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынан улыўма баҳасы 2 млрд 391 млн сумлық 12,4 км аралыққа суў тармақларын жаӊадан тартыў режелестирилген.
-Ҳәзир Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратыныӊ дийўалларын өриў жумыслары жуўмақланып, төбелерин бастырыў ҳәм ишки жылытыў системаларын қурыў жумыслары алып барылмақта,-дейди «Қалбах қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ қурылысшысы Төребай Султанов.-Алдағы ўақытлары қурылысқа еле де пәт ендирип, оны өз ўақтында сапалы жуўмақлаўға ҳәрекет етемиз.
Ҳақыйқатында да ҳәзирги күнлери бул инвестициялық бағдарламалар тийкарында қурылыслар талапқа сай, қызғын алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги