ХОЖЕЛИДЕ «ДОСЛЫҚ БАЙРАМЫ» БОЛЫП ӨТТИ
Хожели районындағы онға шамалас миллет ўәкиллери беккем аўызбиршилик пенен жасап киятырған «Жәйҳун» посёлкалық пуқаралар жыйынында «Дослық байрамы» фестивалы болып өтти.
Илажда район ҳәкими Ж.Ермашов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде жасап атырған ҳәр бир миллеттиң өз ана тилин, миллий үрп-әдетлери менен салт-дәсүрлерин раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти. Президентимиздиң басламасы менен 30-июль сәнесиниң елимизде «Халықлар дослығы күни» деп белгилениўи бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириўге кең имканиятлар жаратып бермекте.
Фестиваль шеңберинде бес баслама тийкарында жаслар арасында түрли спорт жарыслары, қол мийнетиниң көргизбелери, әдебий кеше ҳәм таңлаўлар өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды. Аймаққа бириктирилген ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен пуқара З.Абдуллаеваға ажыратылған кредит есабынан қурып питкерилген «IRODA BRAND SHOP» жуўапкершилиги шекленген жәмийети саўда орайының ашылыўы болды.
Илаж соңында түрли миллет ўәкиллери тәрепинен атқарылған қосық ҳәм аяқ ойынлар жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы