НУРАНЫЙ МУҒАЛЛИМЛЕРДИӉ ҲАЛ-ЖАҒДАЙЫНАН ХАБАР АЛЫНДЫ
«Устаз-атаӊнан да уллы», «Бир ҳәрип үйреткенге қырық жыл сәлем»-дейди дана халқымыз. Сол айтқанындай елимизде жас әўладтыӊ устаз-муғаллимлерге ҳүрмети жоқары дәрежеде.
Себеби, олардыӊ үйреткен тәлим-тәрбиясыныӊ нәтийжесинде, елимиз еле де алға қарай раўажланып, жасларымыз турмыстан өз орынларын таўып келмекте.
Әлбетте, усындай теберик устазлардыӊ ҳал-жағдайынан хабар алыӯ, елимизде жасаӯшы ҳәр бир пуқараның әдиӯли ӯазыйпасы болыӯы керек. Өйткени, олардың бай турмыслық тәжирийбеси бәршемиз ушын сабақ болатуғынлығы тәбийғый.
Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириӯ министриниӊ орынбасары В.Ражапов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириӯ министриниң биринши орынбасары А.Райимов, Бозатаӯ районы ҳәкиминиӊ орынбасары Н.Төремуратов, Бозатаӯ районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуӯатлаӯ бөлими баслығы О.Реймов, районлық Халық билимлендириӯ бөлиминиӊ баслығы А.Ходжаметовлар усы райондағы билимлендириӯ мәкемелеринде көп жыллар даўамында мийнет етип, бүгинги күнде напақада болған тараў пидайыларының шаңарақларына барды ҳәм олар менен гүрриӊлесип, Халық билимлендириӯ министрлиги атынан 7 түрдеги азық-аӯқат өнимлерин, естелик саӯғаларын ҳәм алғыснамаларын тапсырды.
Нураныйлар да министрлик ҳәм район ҳәкимлигиниӊ өзлерине қаратып атырған дыққат-итибары ҳәм ғамқорлығы ушын, өзлериниӊ тереӊ миннетдаршылықларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги