Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:14:39, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«…ДӘПТЕР»ЛЕРДЕГИ ПУҚАРАЛАРҒА ҚАНДАЙ ЖӘРДЕМ КӨРСЕТИЛМЕКТЕ?

Республикамызда 2021-жылы «Темир дәптер»ге киргизилген 32996 шаңарақтағы мийнетке жарамлы пуқаралардан 45217 синиң бәнтлиги тәмийинленгенлиги ҳәм дәрамат дәреги жаратылғанлығы себепли 30551 шаңарақ «Темир дәптер»ден шығарылған.

– Атап айтқанда, 29227си экономикалық комплекс есабынан, 2970 и шаңарақлық исбилерменлик есабынан, 7656 сы жәмийетлик жумыслар есабынан, 17834 и өзин-өзи бәнт етиў есабынан, 2699 ы инвестицилық жойбарлар есабынан, 6178 и аўыл хожалығы тараўлары есабынан, 4709 ы қурылыс тараўлары есабынан, 2404 и алдынғы жумыс орынларына қайтарылыўы ҳәм вакант жумыс орынларына жайластырылыўы есабынан бәнтлиги тәмийинленди,-дейди Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң бөлим баслығы И.Ибрагимов.

Бүгинги күнде 2445 шаңарақ ҳәм олардың 9379 ағзасы «Темир дәптер» дизиминде турыпты.

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, «Жаслар дәптери» ҳәм жасларға байланыслы бағдарламалар арқалы олардың машқалаларын мәҳәлле кесиминде шешиў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў системасы жолға қойылды.

Быйыл 6 ай даўамында «Жаслар дәптери»не 14912 жас киргизилип, «Жаслар балансы» жуўмақлары бойынша социаллық жәрдемге мүтәжлери жаслар дәптерине толық қамтып алынды.

«Жаслар дәптери» фондларында 6 миллиард 128 миллион 29 мың сум муғдарындағы қаржы қәлиплестирилип, усы қаржылардың есабынан дәптердеги 1699 жасқа 5 миллиард 337 миллион 7 мың сумлық әмелий жәрдем көрсетилди.

Мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери, ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте 6 ай даўамында 23636 жастың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем көрсетилген.

Жаслардың исбилерменлик ҳәм өнерментшилик жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 3673 жастың исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын 92 миллиард 428 миллион 2 мың сумлық кредит ажыратылған. Нәтийжеде, 3876 жаңа жумыс орынлары жаратылған.

Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде 2022-жылдың 30-июнь жағдайына, 9601 жас «Жаслар дәптери»нен шығарылды.

«Ҳаял-қызлар дәптери»ниң 3-басқышында 33813 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилди. 2022-жылдың 10-июль ҳалатына 20782 (61,5Ө) ҳаял-қызға жәрдем көрсетилген. Социаллық қорғаўға мүтәж, жумыссыз 13 мыңнан аслам ҳаял-қызлардан 9257 синиң бәнтлиги тәмийинленди.

Бағыўшысын жоғалтқан, жәрдемге мүтәж 6719 ҳаял-қыздың 4752 сине бир мәртелик жәрдем көрсетилди. 139 ҳаял-қыздың турақ жайлары оңлап берилди.

Социаллық жәрдемге мүтәж 1 ҳәм 2-топар майыплығы болған, сондай-ақ, қыстаўлы медициналық жәрдемге мүтәж 5826 ҳаял-қызлардың 3459 ына бир мәртелик материаллық жәрдемлер ажыратылды. Соннан, 59 ҳаял-қыздың турақ жайы қәўендерлер есабынан оңлап берилди.

Сондай-ақ, турақ жайға мүтәж 774 ҳаял-қыздың 290 ына ижара компенсациясы төлеп берилди. Соның менен бирге, 83 ҳаял-қыз социаллық турақ жайларға орналастырылды ҳәм 207 сине турақ жайларының басланғыш төлемлери төлеп берилди.

Қарамағында майыплығы болған перзентлери бар, мүтәж 3750 ҳаял-қыздың 1727 сине материаллық жәрдем көрсетилди. Соннан, 257 ҳаял-қызға қыйтақ жерлерден пайдаланыўы ушын жер ажыратылды.

Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF