ҚУРЫЛЫС-АБАДАНЛАСТЫРЫЎ ЖУМЫСЛАРЫНЫҢ БАРЫСЫ ҚАНДАЙ?

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёвтиң усы жылдың 23–24-февраль күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында Нөкис қаласындағы аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға Республика бюджетинен 163 миллиард 700 миллион сумлық қаржы ажыратылыўы ҳәм қалада бир қатар қурылыс-абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў белгиленген еди.

Соннан, бир мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ушын  6 миллиард 480 миллион, еки улыўма билим бериў мектеби ушын 12 миллиард, төрт денсаўлықты сақлаў мәкемелери ушын 30 миллиард 130 миллион, 18,3 километрлик ишки жолларды қайта оңлаў жумыслары ушын 14 миллиард 167 миллион, қаланың 2 километрлик  орайлық көшелери (пияда ҳәм велосипед жоллары) ушын 3 миллиард, 11 километрлик ишимлик суўы тәмийнаты жумыслары ушын 12 миллиард 923 миллион сум муғдарындағы жумыслардың әмелге асырылыўы белгилеп алынған.

Усы бағдарда қала аймағында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы Нөкис қаласы ҳәкиминиң қурылыс, комуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша  орынбасары Қабылбек Айтбаев бизге төмендегилерди айтып берди:

– Президентимиздиң басламасы менен қаламыздағы «Шымбай гүзары» МПЖ аймағында алып барылған нәтийжели жумыслар үлгисинде 7 ең аўыр мәҳәлле (Қоскөл, Қум аўыл, Боз аўыл, Қызыл қум, Қутлы мәкан, Телеорай, Жеке терек МПЖлар) таңлап алынды.

Усы аймақларда быйыл 1-сентябрьге шекем қурылыс-абаданластырыў, ишки жоллардың насазлығын сапластырыў, пиядалар жолы, түнги жақтыландырыў шырақларын жаңалаў, газ, водопровод ишимлик суўы, канализация тармақларын тартыў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы «Абат мәҳәлле»ге айландырыў мақсет етип алынған.

Нөкис қаласындағы усы 7 ең аўыр мәҳәллелердиң инфраструктурасын раўажландырыў ушын, 75 миллиард сумлық қаржы ажратылып, соннан бүгинги күнде 32 миллиард 287,4 миллион сумлық қаржы өзлестирилди.

Қалада бүгинги күнде 6 миллиард 964,5 миллион  сумлық 50,3 километрлик ишимлик суў тармақлары тартылды, 17 миллиард 595,4 миллион сумлық 80 километрлик ишки жоллар қайта оңланды.

Сондай-ақ, 5,2 километрлик пиядалар жолын қурыў, 34 километрлик түнги жақтыландырыў, 1475 дана таяныш бағаналар орнатыў, 76,3 километрлик электр тармақларын тартыў, 17 дана трансформаторларды орнатыў, 65 километрлик аралықтағы газ тармақларын оңлаў жумыслар алып барылды.

Мәҳәллелерде 361 турақ жайдың сыртқы фасад жумыслары исленди. 500 ден аслам (арша, мийўели ҳәм саяманлы) терек нәллери отырғызылды, 1600 ден аслам тереклер тәртипке келтирилди, аймақлардағы 26,9 километрлик аралықтағы жерлерде абаданластырыў жумыслары алып барылып, 47 тонна шығындылар сыртқы полигонларға алып шығылды.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта қаламызда шараяты аўыр болған қосымша 8 мәҳәлледе (Анасай, Әмиўдәрья, Жаңа базар, Жайҳун, Жолшылар, Узынкөл) «Аўыр аймақ» бағдарламасы бойынша қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Усы аймақлардың 106,3 километрлик ишки жолларын қурыў ҳәм оңлаў жумыслары белгиленип, ҳәзирги ўақытта 23 километрлик ишки жоллардың жумыслары алып барылды. Буған қосымша, усы күнге шекем 10,020 километрлик ишки жолларға асфальт жатқарылды.

Айрықша атап өтетуғын нәрсе, Президентимиздиң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына хызмет сапары даўамында берилген тапсырмаларына муўапық, Ташкент каласы ҳәкимлиги Нөкис қаласына бириктирип берилген еди.

Буннан мақсет – Нөкис қаласын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, қала орайы инфраструктурасын заманагөй тәризге келтириў, аймақларды абаданластырыў ҳәм қурылыс оңлаў жумысларын алып барыўды өз ишине алған.

Атап айтқанда, усы күнге шекем Нөкис қаласында 3 лотқа бөлинген ҳалда “Discovery” жуўапкершилиги жекленген жәмийети тәрепинен кең көлемли қурылыс жумысларының жойбары ислеп шығылды. Яғный, биринши лотта 39 көп қабатлы турақ жайлар ҳәм саўда шақапшалары, екинши лотта Экобазар, соның менен бирге, көп қабатлы турақ жайлар комплекси, үшинши лотда «Дослық» каналы бойын туристлик ҳәм дем алыў зонасына айландырыў мақсетинде 35 метрге ийе музыкалы фонтан ҳәм бийиклиги 65 метр болған карусель қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Пайтахтымыз орайы болған Өзбекстан гузары көшеси бойындағы 21 көп-қабатлы турақ жайларға ренновация талаплары тийкарында сыртқы фасадын оңлаў ҳәм бояў жумыслары исленди. Буннан тысқары усы турақ жайлар әтирапындағы көшелер бойлап бийиклиги 8 метрлик 87 дана, 4 метрлик 250 дана түнги жақтыландырыў үскенелери орнатылып, қала шырайына шырай қоспақта.

Соның менен бирге, 42400м2 пиядалар жолы, 7050м2 велосипед жолы ушын заманагөй типтеги арнаўлы брусчаткалар жатқарылды. Сондай-ақ, 6  балалар майданшасы ҳәм 5 “Workout” спорт майданшасы балалардың ықтыярына тапсырылды.

Қаламыздағы «Теле орай» МПЖ аймағындағы 7-санлы мектепке қосымша 400 орынлық жаңа мектеп имаратын қурыў, «Шымбай гүзары» МПЖ аймағынан 400 орынлық жаңа мектеп имаратын қурыў ушын жер орны ажыратылып, қурылыс жумыслары алып барылмақта.

«Алланияз қаҳарман» МПЖ аймағынан 8-санлы мектеп имаратына асхана, мәжилислер залын қурыў ҳәм футбол майданшасын қайта оңлаў белгиленип, қурылыс жумыслары даўам етпекте. Қала аймағынан «Бокспарк» жойбарын әмелге асырыў ушын «Жаңабазар» аймағынан жер орыны ажыратып берилди. Аймақтағы 64 МПЖдан 38 МПЖға жаңа имарат қурылысы ҳәм реконструкция, ири оңлаў жумысларын алып барыў белгиленип, бүгинги күнде жер орынлары таңланып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тийисли қарарлары шығарылды.

Сондай-ақ, МПЖ аймақларында балалар майданшалары ҳәм “Workout” майданшаларын шөлкемлестириў режелестирилген болып, ҳәзирде жер орынлары ажыратылып, қурылыс алды жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги