Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:53:27, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЭШБЕК ХАЛЫҚҚА ПАЙДАЛЫ БОЛМАҚТА

Бүгинги күнге шекем 11 мыңнан аслам тутыныўшы тәрепинен 500 мыңға шамалас чек «Салық» мобиль қосымшасы арқалы дизимнен өткен болып, соннан 230 мыңға шамалас чек ушын 1,5 миллиард сумлық кэшбек есапланған.

—  Атап айтқанда, апрель айында 4084 тутыныўшы тәрепинен 280 мыңға шамалас чек «Салық» мобиль қосымшасы арқалы дизимнен өткерилген болып, соннан 120 мыңға шамалас чекке  200 миллион сумлық кэшбек есапланды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының сектор баслығы А.Досбергенов. — Быйыл 27-майға шекем 1500 ден аслам тутыныўшыға 110 миллион сумлық кэшбек төлеп берилди.

Қалған кэшбек суммалары Министрлер Кабинетиниң 255-санлы қарарына муўапық, физикалық тәреплер сатып алған товарлар (хызметлер) баҳасының бир бөлеги, салық уйымларының арнаўлы мобиль қосымшасында фискал белгили чеклер дизимнен өткерилген айдан кейинги айдың жигирма бесинши күнинен кейин қайтарылыўы белгиленген.

Исбилерменлик субъ­ект­лери тәрепинен салық есабатларының тапсырылыўы, есабатлардағы кемшиликлердиң сапластырылыўы, салық қарыздарлығының азайтылыўы инабатқа алынып, қалған кэшбек суммалары автомат тәризде төлеп барылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF