Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:22:29, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАЛА ҲӘМ АЎЫЛЛАРДЫҢ КЕЛБЕТИ ӨЗГЕРИП, САНААТ РАЎАЖЛАНБАҚТА ҚАРАҚАЛПАҚСТАНДЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ЖОЛЫНДАҒЫ РЕФОРМАЛАР ХАЛЫҚТЫҢ АБАДАНЛЫҒЫН АРТТЫРЫЎҒА ХЫЗМЕТ ЕТПЕКТЕ

Бүгин мәмлекетимизде жаңаланыўлар нәпеси кирип бармаған бирде-бир тараў ямаса тармақ, қала, район, аўыл қалмағаны есап. Елимиз пүткиллей жаңаша көриниске ийе болмақта десек ҳеш қандай артық айтқан болмаймыз.

Әлбетте, алдымызда исленетуғын жумыслар көп. Сол ушын «Ҳәрекетлер стратегиясынан — Раўажланыў стратегиясына қарай» принципи тийкарында әмелге асырылатуғын реформалар барған сайын күшейип бармақта.

«ИНСАН ҚӘДИРИ УШЫН» ПРИНЦИПИ ӘМЕЛДЕ

Реформалардың нәтийжесин тек ғана Қарақалпақстан мысалында алып қарайық. Аймақтағы жаңаланыў ҳәм өзгерислер халықтың турмыс дәрежесин жақсыламақта. Қарақалпақстанның жалпы аймақлық өними 2017-2021-жылларда  26,3 триллион сумға өсти. Басқаша айтқанда, бул 32 процентке өскен. Сондай-ақ, усы дәўирде жумыс алып барылып атырған кәрханалардың саны 19 мың 200 ден 27 мың 400 ге жетти. Бул, бәринен бурын халқымыздың мийнетсүйгишлиги ҳәм реформалар нәтийжесиниң көриниси болып табылады.

Усы жерде елимиз турмысындағы әҳмийетли сиясий ўақыя — Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ҳаққында еки аўыз айтып өтиў керек. Себеби, халық өзи сайлаған мәмлекет басшысы менен абадан турмысқа қарай бармақта. Өйткени 2021-жыл 24-октябрь халқымыздың айдын келешеги ҳәм Жаңа Өзбекстан раўажланыўы ушын шешиўши әҳмийетке ийе сәнелерден бири болып қалды. Сол күни халқымыз «Инсан қәдири ушын»  принципине тийкарланған, ең перспективалы, халықшыл, үлкен дөретиўшилик ҳәм демократиялық, интеграциялық, социаллық-экономикалық, сиясий бағдарлама ушын даўыс берди. Бул күн ҳәр биримиздиң тилимизде шүкиршилик, кеўлимизде миннетдаршылық, қәлбимизде келешекке исеним сезимлерин және де күшейтти.

Себеби, Шавкат Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасынан аўыллық жерлер ҳәм қалаларда арзан турақ жайлар қурыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар орын алған еди. Бул бағдарда әҳмийетли қарарлардың қабыл етилгени ҳәм кейин ала оның әмелге асырылыўының гүўасы болмақтамыз.

Президентимиз аймақларға сапары ўақтында әпиўайы адамлар менен ушырасып, машқалаларды жеке өзи үйренди. Үйлерге кирип, халықтың турмыс тәризи, шараятлары менен жақыннан танысты. Сайлаўшылар менен ушырасыўлардың биринде Бозатаў районындағы «Жаслық» мәкан пуқаралар жы­йынында жасайтуғын Жүгинис Жуманазаровтың үйинде мийман болғаны кешегидей ядымызда. Мәмлекетимиз басшысы бес қызды үлгили тәрбиялап атырған бул шаңарақтың турмыс тәризи, олардың тымсалында пүткил бозатаўлылардың жасаў шараятлары менен қызыққан еди.

«Бозатаўда әзелден мийнеткеш адамлар жасайды, - деген еди Шавкат Мирзиёев сол ушырасыўда. Жери өнимдарлы, шорланбаған. Бирақ, узақ жыллар бул имканиятлар есапқа алынбай, бираз итибарсыз қалған еди. Бозатаў халқынан қарызымыз бар. Ең жақын — Кегейли районының орайына шекем 100 километр еди. Енди усы жердиң өзинде шараят жаратып, мәмлекетлик хызметлерди жолға қойып, жумыс орынларын шөлкем­лестириўге ҳәрекет етип атырмыз. Исбилерменлерди исендирип, субсидия берсек, инфраструктураны жақсылап, халықты көшип келиўге тартсақ, бул аймақ үлкен имканиятларға ийе».

Ҳақыйқатында да, Бозатаў районы мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2019-жылы қайта шөлкемлестирилди. Кейинги еки жылда бул жерде көп қабатлы турақ жайлар, саўда комплекслери, мың орынлық амфитеатр, спорт майданлары, Жаслар орайы қурылды, жоллар оңланды.

Қарақалпақстанда жаслардың пуқта билим алыўы, спорт пенен шуғылланыўы ушын шараят жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, кейинги жылларда қала ҳәм районларда 14 жаңа мектеп, 4 жаңа жоқары билимлендириў мәкемеси қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Кейинги бес жыллықта жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 50 процентке жеткерилиўи режелестирилген. Бул ушын Қарақалпақстанда мәмлекетимиз ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң 6 филиалы шөлкемлестириледи.

Солардың қатарында ҳәр бир қала ҳәм райондағы Жаслар орайы және улыўма билим бериў мектеплеринде 100 мыңнан аслам жас шет тиллери, 85 технологияларына оқытылады, қосымша 6 мың орынлық жаңа жатақханалар қурылады.

ЭКОНОМИКАЛЫҚ РЕФОРМАЛАРДЫҢ СОЦИАЛЛЫҚ НӘТИЙЖЕСИ

Өткен қысқа дәўирде көрилген илажлар халқымыздың турмысын жақсылаўға хызмет етпекте. Сондай-ақ, инфраструктураны раўажландырыў, экономикалық жетилисиў ушын да әҳмийетли болып табылады. Сонлықтан, аймақта 102 километрден артық газ қубыры тартылды, 2 мың 200 километрден аслам суў тәмийнаты тармағы оңланды, 100 километрден зыят автомобиль жолы пайдаланыўға тапсырылды. Бундай әмелий жумыслар жаңа реформалар дәўиринде аймақта санааттың жедел раўажланыўына тийкарғы түртки болған тоқымашылық, былғары-аяқ кийим, қурылыс материаллары, мебель өнимлерин ислеп шығарыў 3 есеге өсиўине имканият жаратты.

Қарақалпақстандағы экологиялық жағдайдан келип шығатуғын болсақ, бул жерде халықты социаллық қорғаўға елимиздиң барлық аймақларына салыстырғанда айрықша итибар зәрүр. Сонлықтан, халықты ҳәр тәреплеме социаллық қорғаў, мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, турақ жай менен тәмийинлеў сыяқлы бағдар­ларға айрықша итибар қаратылмақта. «Темир дәптер»ге киргизилген 65 мыңға шамалас және 16 жасқа шекемги балалықтан майыплық ағзасы болған ҳәм бағыўшысынан айрылған 17 мың шаңараққа материаллық жәрдем көрсетилди. Санларға мүрәжат ететуғын болсақ, өткен дәўирде 4 мың 390 мың квадрат метр турақ жай фонды пайдаланыўға тапсырылды. Улыўма билим бериў мектеплеринде сыйымлылық 38 мыңнан аслам орынға ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде болса 15 мың орынға көбейтилди. Сондай-ақ, медицина мәкемелеринде орынлар 900 ден асламға көбейтилди. Бул, өз гезегинде, 127 мың жаңа жумыс орнының жаратылыўына имканият берди. Мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 2017-жылғы 32 проценттен 75 процентке жетти.

Бул дәўирде киши бизнес субъектлериниң саны еки есеге көбейди ҳәм 21 мыңға жетти. Нәтийжеде қосымша 83 мың жаңа турақлы жумыс орны жаратылды. Орташа мийнет ҳақы болса 2,8 есеге артып, 2,7 миллион сумға жетти. 2020-жылдың жуўмағы бойынша Қарақалпақстанда халықтың жан басына туўра келетуғын жалпы дәрамат 3 есеге артты.

Қарақалпақстанда социаллық-экономикалық раўажландырыўға берилип атырған бундай айрықша итибар тийкарында терең мәнис бар. Бул ҳәрекетлер қарақалпақ халқының жаңа ояныў дәўири, ертеңги күнге исенимин арттырыўға қаратылған. Аймақтың экономикалық раўажланыўы тек ғана экономика емес, ал социаллық-мәдений тараўдың раўажланыўына да тийкар болыўы менен бирге, келешекте Қарақалпақ елиниң абаданлығы ушын негиз жаратады.

ӘСИРГЕ ТАТЫЙТУҒЫН ҚАРАР

Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс­ли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары аймақты комплексли раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Бул қарар Қарақалпақстанның қолда бар социаллық-экономикалық, соның ишинде, өндирислик ҳәм инвес­тициялық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, аймақта инженерлик-коммуникация, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны жақсылаў, экономика тармақларын турақлы раўажландырыў, сол тийкарда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыўға хызмет етпекте.

Қарарда 2020-2023-жылларда Қарақалпақстанды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары белгилеп берилген. Атап айтқанда, инженерлик-коммуникация ҳәм жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў тараўында 141 мыңнан аслам халықты орайласқан ишимлик суўы тармағына жалғаў ҳәм орайласқан тармақлар арқалы таза ишимлик суўы менен тәми­йинленгенлик дәрежесин 61,5 про­цент­тен 70,1 процентке жеткериў белгиленген.

Бағдарламада аймақларды турақлы раўажландырыў әҳмийетли бағдар сыпатында белгиленген. Район ҳәм қалалар кесиминде 14 бес жыллық аймақлық бағдарлама әмелге асырылады.

Аймақларда халықтың жасаў шарая­тын жақсылаў ушын урбанизация сиясатын буннан былай да жетилистириў нәзерде тутылмақта. Урбанизациялаў мақсетинде үлкен, орта ҳәм киши қалалар арасында транспорт-логистика системасы ҳәм инженерлик-коммуникация инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламалары әмелге асырылады. Реновация бағдарламалары тийкарында қалаларда гөнерген жайлардың орнына 19 миллион квадрат метрден артық заманагөй турақ жайлар қурылады, 275 мыңнан аслам шаңарақ жаңа массивлерге көшип өтеди.

Қарақалпақстанның барлық қала, район ҳәм аўылларын комплексли раўажландырыўға ҳәр қашанғыдан да тийкарғы әҳмийет қаратылады. Нәтийжеде, Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларының орайларында 105 мыңнан аслам халықтың үйлерин ақаба суў тармағына жалғаў ҳәм ақаба суў хызметлери менен тәмийинлеў дәрежесин 14,1 проценттен 20,2 процентке жеткериў нәзерде тутылған.

Нөкис қаласы ҳәм Тақыятас районында көп квартиралы турақ жайлардың ишки ыссылық тәмийнаты системаларын толық реконструкциялаў, 9 елатлы пунктте тәбийғый газ тармақларын ири онлаў илажлары көриледи. 246 елатлы пункт газ баллонлары менен үзликсиз тәмийинленип келмекте. Сондай-ақ, 442 трансформатор пунк­ти ҳәм 1023,8 километр электр жеткерип бериў тармағын қурыў және реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылады, электр энергиясынан пайдаланыў қуўатлылығы 1,5 миллиард кВт/сааттан 2,1 миллиард кВт/саатқа арттырылады.

Аймақта 444,7 километр халықаралық ҳәм республикалық әҳмийетке ийе және 408,1 километр жергиликли ҳәм ишки автомобиль жолларын жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў, 290 елатлы пунктке оптикалық талшықлы тармақ тартыў, 150 базалық станция қурыў ҳәм 200 ин модернизациялаў, ҳәр бир елатлы пунктти 10 Мб/сикундтан кем болмаған тезликтеги интернет тармағына жалғаў, 90,9 мың гектар аўыл хожалығы жер майданының суў тәмийнатын, 208 мың гектар майданның мелиоративлик жағдайын жақсылаў ҳәм 45 мың гектар егислик жерде суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизиў баслап жиберилген.

Социаллық инфраструктураны раўажландырыў бағдарында болса 21 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм 400 шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратын қурыў, 55 ин реконструкциялаў, ири онлаў, 20 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин мәмлекетлик-жеке-меншик шериклик тийкарында шөлкемлестириў, 7 улыўма орта билим бериў мектебин қурыў, 101 мектепти реконструкциялаў ҳәм ири онлаў жумыслары басқышлы әмелге асырылмақта. Сол тийкарда улыўма орта билимлендириў мектеплеринде оқыўшы орны коэфициенти 1,1 проценттен асып кетпеўин тәмийинлеў ҳәм 32 медициналық мәкемесин қурыў, реконструкциялаў және жеке меншик медицина мәкемелерин шөлкемлестириў, медицина мәкемелериниң қабыллаў қуўатлылығын 20,4 мыңға, орынлар санын 7,1 мыңға жеткериў илажлары көрилмекте.

21 мәденият объектин қурыў ҳәм реконструкциялаў, халыққа мәдений хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, олардың мәдений зәрүрликлерин қанаатландырыў ҳәм бос ўақтының мазмунлы өтиўин тәмийинлеў, 181 мектепти «Бир миллион программист» жойбарына киргизиў 3 мыңнан аслам жасты компьютерде программаластырыў тийкарларына үйретиў арқалы санлы технологиялар бағдарында жетик қәнигелер таярлаў бойынша да жумыслар қызғын алып барылмақта. 39 спорт объектин қурыў, реконструкциялаў арқалы қосымша 83 мың адамның спорт пенен шуғылланыўы ушын шараятлар жаратылады.

Бул көлемли бағдарламалардың орынланыўы халықты социаллық қорғаў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, олардың узағын жақын, аўырын жеңил етиўге тийкар болады.

МОЙНАҚ ЖАҢАЛАНҒАН КЕЛБЕТКЕ ИЙЕ БОЛДЫ

Олий Мажлис Сенатында Аралбойы аймағын раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў ҳәм дәраматларын арттырыў бойынша жаңа комитет шөлкемлестирилген еди. Өткен дәўирде Арал теңизиниң қурыған аймағында шөл өсимликлерин егиў ушын 1 миллион 126 мың гектар майданда қарық тартылып, 461 мың гектарға сексеўил туқымы шашылып, нәллер отырғызылды. 700 мың гектар жерде «жасыл қаплама» - Қорғаў тоғайлары жаратылды. Бул ушын 61 миллион түп сексеўил, қандим ҳәм басқа да шөл өсимликлери, ўәлаятлардан 45 миллион түптен артық нәл алып келип егилди. Нәтийжеде, экологиялық жақтан аўыр жағдайға түсип қалған Мойнақ бүгин пүткиллей жаңаша келбетке ийе болып, жедел раўажланып атырған заманагөй районлардан бирине айланды.

Бул аймақтың өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын тиклеў бойынша келеси 5 жыллықтың миллий бағдарламасы ислеп шығылмақта. Улыўма етип айтқанда, Аралбойы регионын раўажландырыў мәселеси кейинги 30 жыл ишинде биринши мәрте мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарына айланды.

Қарақалпақстанға айрықша итибар берилип, үлкен күш ҳәм ресурслар тартылғаны өз нәтийжесин берип атыр­ғанын жоқарыдағы санларда көриўимиз мүмкин. 2022-2026-жылларға мөлшерленген «Раўажланыў страте­гиясында» белгиленген илажлар ҳәм әмелге асырылатуғын реформалар Қарақалпақстанның жедел раўажланыўына тийкар жаратады.

235 ЗАМАНАГӨЙ КӨП КВАРТИРАЛЫ ТУРАҚ ЖАЙ ҚУРЫЛАДЫ

Ҳәр бир адамның арзыў-әрманы бар. Бала үйлендириў, қыз узатыў, оларды үйли-жайлы етиў сыяқлы жақсы нийетлер солардың қатарына киреди. Өткен дәўир ишинде Қарақалпақстанда да мине, усындай ийгиликли мақсетлер жолында халықты разы етиў ушын турақ жайлар қурыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының жоқарыда атап өтилген қарары Қарақалпақстанда 7 мың 4 квартиралы 235 заманагөй көп квартиралы турақ жай комплексин қурыў, сондай-ақ, жас шаңарақлар ҳәм кем тәмийинленген халық ушын 2 мың 84 квартиралы 36 арзанластырылған турақ жай қурыў арқалы олардың жасаў шараятын жақсылаў мәселелери анық шешимин тап­қаны менен әҳмийетли болып табылады.

Қарақалпақстанда 2020-2022-жылларда аймақлық инвестициялық жойбарлар шеңберинде улыўма баҳасы 12,3 триллион сум муғдарында 1 мың 359 жойбар иске қосылып, 17,5 мың жаңа жумыс орны жаратылды. Бул процессте 523 миллион доллар муғдарындағы тиккелей сырт ел инвести­циясын өзлестириў, халықаралық финанс институтларының 1 миллиард доллар муғдарындағы қаржысын әҳмийетли инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўға қаратыў, жыллық экспорт көлемин 347 мил­лион долларға, экспорт етиўши кәрханалардың санын 250 ге, экспорт географиясын 45 ке жеткериўге әҳмийетли ўазыйпа сыпатында қаралмақта. Оған бола, экспортқа қаратылатуғын өнимлердиң түрин 30 дан арттырыў мөлшерленген.

Қарарда аймақтағы еркин экономикалық зоналарда нырқы 21,2 миллион долларға тең 9 жойбар, киши санаат зоналарында болса баҳасы 28 миллион долларлық 81 жойбарды иске қосыў белгиленген. Бул бағдарда жаңа санаат өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылықларын шөлкемлестириў, соның ишинде 9 кәрхананың жумысын жолға қойыў жумыслары баслап жиберилген.

Районларда 27 санаат кластерин шөлкемлестириў, санааты төмен бол­ған Тахтакөпир, Бозатаў ҳәм Шоманай районларында кеминде 50 жаңа санаат кәрханасын иске қосыў режелестирилген.

Халқымызда жер елди тойдырады, деген даналық сөз бар. Аймақта 30 мың гектарға гүнжи егиў жолға қойылып, өним толық экспортқа қаратылады. Балық жетистириўдиң көлемин еки есеге арттырыўдың есабынан (2021-жылы 35 мың тонна) 2022-жылы 50 мың тоннаға жеткериледи. Бул сыяқлы жойбарлар Қарақалпақстанның санаатын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

ТУРИЗМ ИНФРАСТРУКТУРАСЫ ЖАРАТЫЛАДЫ

Қарақалпақстанда туризм ушын қолайлы болған 7 орын бар, соның ишинде, Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи коллекциясы, Арал теңизи, тат басқан 11 корабльден ибарат «Корабльлер қойымшылығы», Миздакхан архитектуралық комплекси, Аяз қала, Тэтис океанының қалдығы — Барсакелмес, Судочье көли — булардың бәри туризмди раўажландырыў ушын қолайлы имканиятларға ийе.

Соның ушын бул жерлерде туризм­ниң раўажланыўына байланыслы үлкен бағдарламалар әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Ҳәр жылы кеминде 900-950 жаңа хызмет көрсетиў объектин шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў арқалы хызмет көрсетиўдиң көлемин кеминде 2,5 есеге арттырыў, сырт елли туристлердиң санын 80 мыңға, туризм хызметлериниң экспортын 45 миллион долларға жеткериў белгиленбекте.

Жоқарыдағы дәлиллер мәмлекетимиз тәрепинен Қарақалпақстанда алып барылып атырған үлкен реформалардың көлемин сәўлелендиреди, десек алжаспаймыз. Белгиленген ўазыйпалар болса Қарақалпақстанның қолда бар имканият ҳәм ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўдың әҳмийетин белгилейди.

Бундай үлкен экономикалық реформалар, жәмийетлик-мәдений тараўдағы түпкиликли өзгерислер, кең көлемли жаңаланыў процесслери аймақта жүзеге келген машқалаларды сапластырыў менен бирге тәлим-тәрбияның сапасын арттырады, халықтың абаданлығы ушын реал тийкар болады.

 

Қоңыратбай Шарипов,

Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң ректоры, профессор.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF