Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:25:37, 23.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НОТАРИУСТЫҢ АТҚАРАТУ­ҒЫН ХЫЗМЕТИ

Күнделикли турмысымыздан алып қарайтуғын болсақ, бүгинги күнде халыққа нотариал хызметин көрсетиў бағдарында бир қанша әҳмийетли жумыслар алып барылмақта.

Тийкарғысы, пуқаралардың нотариал хызметине болған талабын қанаатландырыў жақсы дәрежеде жолға қойылған. Себеби, жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариуслар юридикалық ҳәм физикалық шахсларға хызмет көрсетип келеди. Негизинде булардың түп тийкарында тынымсыз мийнет жататуғынлығын бәримизде жақсы билемиз. Бүгинги күни тараўда жумыс алып барып атырған нотариуслардың жумыс күни ҳаққында қызықтық ҳәм Нөкис қаласында жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариус Сарсенбаева Айнура Камалатдиновна менен тараўдағы жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер ҳаққында гүрриңлестик.

— Ҳәр бир инсан өмирде ер жете келе алдына үлкен мақсет қояды. Усы мақсетине жетисиў ушын тынбай мийнет етеди. Сиз өзиңизден келип шыққан ҳалда бул тараўға аралас­қаныңыз, нийетлериңиз ҳаққында айтып өтсеңиз?

— Сораўыңыз орынлы. Әлбетте, ойлап қарасақ, ҳәр бир инсан дүньяға келгеннен ке­йин өмирден өз жолын таўып, бахытлы жасаўды нийет етеди. Көпшилик жүрегиниң түп-түбине түйген мақсетлерине жетисиў ушын тынбай ислеп, түрли соқпақларды басып өтеди. Нийетине ерисиў ушын изленеди, көпти көргенлерден нелердидур үйренеди. Нәтийжеде дегенине ерисип, елге пайдасын тийгизери анық деп ойлайман. Және де халқымызда «Алтын алма, дуўа ал, дуўа алтын емес пе» деген, даналық гәпинде де терең мәни жәмленген. Балалығымнан өзи усы уйым тараўында жумыс ислеўди нийет еткенмен. Бир нәрсеге исенимим кәмил болды, ким болмасын әўелден нийетти дүзиў етип, услағаныңды жаздырмаўың керек. Себеби, ойлағаныңа бир урыныста ериспеўиң де мүмкин. «Умтылған имкан табар», дегениндей қолды бир силтемей, жигерленип алға талпынсаң бәрине де ериседи екенсең. Мине, бүгинлиги оқып, билим алып, таңлаған кәсибимде халыққа нотариал хызметин көрсетип, нотариус болып жумыс ислеп атырман. Дурыс ҳеш нәрсе ансатлық пенен болмайды. Жасырмайман дәслеп қыйыншылық та болды. Қудайға шүкир, ҳәзир алдыма қойған нийетлеримниң жарым жартысына ерискендеймен. Жумысыңа бар меҳриңди берип, нәтийже көрсетсең, мийнетиң баҳаланып, жарықлыққа бой созады екенсең. Айтайын дегеним, бул күнлерге жетисиўимде устазларымның тынымсыз мийнети, өмирлик жолдасымның, биринши нәўбетте ата-анамның бәрқулла қоллап-қуўатлаўы тийкар болды. Әлбетте, кәсибим қатты жуўапкершилик талап етеди. Соның ушын да ҳәр ҳүжжетти тастыйықлаўдан алдын қайта-қайта тексерип, жети өлшеп, бир кесемиз.     

— Пуқаралар ямаса юридикалық шахс нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў ушын қәлеген нотариусқа мүрәжет етиўине ҳақылыма ямаса, нотариуслардың искерлиги тараўланып бөлинип, хызмет көрсетеме?

— Нотариуслардың искерлиги тараўланып бөлинбейди. Қәлеген адам жумысларын қәлеген нотариал кеңсе арқалы жумыслаўына ҳақылы. Және де нотариустың нотариал ҳәрекети белгиленген искерлик аймағынан тысқары да әмелге асырыўы бул ҳәрекетти ҳақый­қый емес деп табыўға тийкар болмайды. Себеби, нотариус бар болмаған аймақтағы ўәсият етиўши аўыр наўқас адам бол­ған жағдайда ўәсиятнаманы тастыйықлаў ушын нотариус өзи хызмет көрсететуғын аймақтан сыртқа шығыўға ҳақылы болады. Тийкарынан нотариал ҳәрекетлер нотариал кеңселердиң имаратында әмелге асырылады. Егер де мүрәжат еткен пуқара кеселлиги, ма­йыплығы ҳәм бас­қа себеплерге бола кеңсеге бара алмайтуғын айырым жағдайларда нотариал ҳәрекетти усы пуқара тур­ған орында әмелге асырыўға болады. Тийкарынан жумысланып атыр­ған ҳүжжет нотариал кеңседен сыртта рәсмийлестирилген жағдайда қол қойыў ўақтында мәжбүрий аудио ямаса видеоға алып, дизимге алыўы шәрт. Және де айтайын дегеним, республикамызда нотариал ҳәрекетлер мәмлекетлик тилде әмелге асырылады. Ямаса, рәсмий­лестирилген ҳүжжет тексти пуқараның талабы менен нотариус тәрепинен рус тилинде яки имканияты болса басқа тиллерде берилиўине де болады.

— Соңғы ўақытлары ҳәр бир тараўда жаңа инновациялық технологиялар енгизилмекте. Сизиң нотариал тараўыңызда да электрон санластырыў ҳәм дизимге алыў ендирилгенлигинен хабарымыз бар. Усы бағдардағы жумыслар, жаңалықлар ҳәм нәтийжелер ҳаққында тоқтап өтсеңиз?

— Әлбетте, соңғы жыллары мәмлекетимизде нотариат инс­титутларының нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў ҳәм нотариал уйымлары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахсларға ҳуқықый хызмет көрсетиў сапасын асырыў бо­йынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, нотариал хызметлер көрсетиўдиң оперативлилигин арттырыў, пуқаралардың ҳуқықый мүнәсибетлер де, соның ишинде жеке мүлк ийелери өз мүлкинен еркин пайдаланыўда артықша бюрократиялық тосқынлықларды алып таслаў ҳәм тараўды санластырыў бойынша көлемли жумыслар алып барылмақта. Басқалар сыяқлы бизиң тараўды да санластырыў инновация технологиялар енгизиў заман талабы болып есапланады. Нотариат институтын санластырыў моделине өткериў, нотариат ҳәрекетлерди әмелге асырыў процесслерин түпкиликли әпиўайыластырыў мақсетинде нотариат тараўын тәртипке салыў мақсетинде «Нотариус» автомат­ластырылған мәлимлеме системасы жаратылды. Барлық жумысларымыз (нотариал ҳәрекетлер) мәлимлеме системасы арқалы онлайн тәризде мониторинг етиў, нызамсыз ҳәрекетлерди тоқтатыў ҳәм пуқаралардың шахсын тастыйықлаўда заманагөй тексериў усылларынан пайдаланып атырмыз. Тийкарғысы, жумысларымызды мәлимлеме хызметинде мәжбүрий дизимге алыў ҳәм ҳәр бир ҳүжжетке қайталанбайтуғын арнаўлы санлар қойылмақта. Сондай-ақ, орынлардағы нотариал ҳәрекетлерди бирден-бир электрон базада есапқа алыў, қәл­беки ҳәрекетлердиң рәсмий­лестирилиўине жол қоймаў ҳәм ҳүжжетлер ҳаққындағы мағлыўматлар тарийхын сақлаў, мәмлекеттиң пүткил аймағы бойлап экстерриториялық принципи тийкарында нотариал ҳәрекетлерди көрсетиўдиң сапасы ҳәм оперативлиги хызметкерлер тәрепинен өз функционал ўазыйпалардың лазым дәрежеде орынланыўы үстинен аралықтан турып қадағалап барылмақта. Және де айта кететуғын нәрсе, нотариал ҳәрекетлер ушын төлемлерди автоматластырылған тәризде есаплаў ҳәм электрон төлемлерди өткериў, оларды тастыйықлаўшы хабарлар жибериў ҳәм шөлкемлер аралық электрон мәлимлеме алмасыў жолға қойылған. Нотариус хызметинде бирден-бир интерактив порталы, яғный,        «Е-нотариус. Уз» мәлимлеме порталы арқалы дизимнен өтиўи мүмкин. Тараўға ти­йисли келип түскен электрон мүрәжатты көрип шығыў ҳәм белгиленген мүддетте мүрәжат еткен шахсты қабыл етиўи шәрт. Мүрәжат етиўши элек­трон тармақ арқалы қабыллаўына нәўбетке жазылыў сондай-ақ, питимди рәсмийлестириў ушын зәрүр болған мағлыўматларды жиберип, тийисли келисим жойбарларын алдыннан таярлап қойылыўын сорап мүрәжат етиўи мүмкин. Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын нәўбетпе-нәўбет дизимге алатуғын электрон системасы автомат тәризде белгиленген.

— Сыр болмаса нотариус болыў тилегин билдирген шахсларға қандай талаплар қойылады?

— Жоқары юридикалық мағлыўматқа ҳәм юридика тараўында кеминде үш жыллық мийнет стажына ийе болыўы керек. Тийкарғысы нотариал кеңседе кеминде бир жыл тәжирийбе әмелиятын атқар­ған, маманлық имтиханын тапсырған Өзбекстан Республикасы пуқарасы нотариус болыўы мүмкин. Сондай-ақ, судьялық лаўазымында бес жыл ислеген, нотариус жәрдемшиси яки әдиллик уйымларының нотариал жумысын басқарыў ҳәм қадағалаў менен байланыслы лаўазымларда кеминде үш жыл ислеген шахслар ушын тәжирийбе әмелиятын өтеў талап етилмейди.

— Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!

 

С.ТУРДЫБЕКОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF